15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- сүўрет. Жумыс пенен бәнтлик ҳәм жумыссызлықтан қорғаў сиясатының улыўма структурасы


Download 0.79 Mb.
bet114/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   110   111   112   113   114   115   116   117   ...   198
Bog'liq
Miynet

5.2 - сүўрет. Жумыс пенен бәнтлик ҳәм жумыссызлықтан қорғаў сиясатының улыўма структурасы


Жумыс пенен бәнтлик сиясатын әмелге асырыў усыллары ҳәм қайта көрип шығыў керек. Белгили, ҳәр қандай тәртипке салыў процесси, административлик ямаса экономикалық болыўы мүмкин болып, соннан, мийнет базарына да тийисли. Тәртипке салыўдың бул усыллары ортасындағы шегара базар механизмине араласыў дәрежеси сызығы бойлап өтеди. Административлик усыллар мийнет базары жумысына тиккелей, базыда ҳәтте базар механизмин бузып араласыўды көзде тутады. Тәртипке салыўдың экономикалық усыллары буйрық беретуғын емес, усынылған хошаметлеў усыллары тийкарында әмелге асады.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар Президент И.А.Каримов тәрепинен ислеп шығылған бес принцип тийкарында болып, онда белгили дәўирде экономиканы басқарыўда мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың үстинлиги теориялық ҳәмде әмелий жақтан әҳмийетли орын ийеледи ҳәм соның менен бул базар экономикасында өз-өзин басқарыў идеясын да бийкарламады.­
Солай етип, халықты жумыс пенен бәнтликти тәртипке салыўдың актив экономикалық усылларына төмендеги илажларды киритиў мүмкин:

  • мәмлекеттеги экономикалық жағдайды улыўма саламатластырыў, инвестиция активлигин хошаметлеў, турақластырыў ҳәм кейин экономикалық өсиўге ерисиў;

  • экономиканы мәмлекетлик емес тармақларын раўажландырыў ҳәм кеңейтиў ушын шәрт-шараятларды жаратыў, соннан, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тийкарында өз-өзин жумыс пенен бәнт етиўди қоллап-қуўатлаў;

  • жумыс пенен бәнтликтиң ақылый структурасын жаратыў мақсетинде кәсиплик оқытыў, қайта таярлаў ҳәм мәсләҳәт бериўди тәмийинлеў.

Көринип турғанындай, бул ўазыйпаларды әмелге асырыў бүгин де –келешекте де әҳмийетли фактор болып, жумыс пенен бәнтликти тәмийинлеў жумыссызлық дәрежесиниң кемейиўине мүмкиншилик береди.
Өзбекстанда халықты жумыс пенен тәмийинлеў, оларға мүнәсип турмыс ҳәм мийнет шараятларын жаратып бериўге қаратылған терең социаллық-экономикалық реформалардың избе-из әмелге асырылыўы нәтийжесинде экономиканың түрли тараўларында мийнет етип атырғанлар саны артып бармақта, бар мийнет потенциалынан нәтийжели пайдаланыў көрсеткиши барған сайын жақсыланып бармақта. Өзбекстан өз ғәрезсизлигин қолға кириткен дәслепки жылларда жүзеге келген жумыссызлық дәўирлии көриниске ийе болып, бул жағдай мәмлекетте экономикалық системаның өзгериўи менен тығыз байланыслы түрде жүз берген. Сол жылларда экономикалық дәўирдиң пәсейиў фазасы гүзетилип, көплеген санаат ҳәм өндирислик кәрханалар тоқтап қалды ямаса толық емес қуўатта ҳәрекет етти. Бул жағдайдың баслы себеби, бурынғы аўқам дәўиринде мәмлекет кәрханаларының басқа республика кәрханалары менен тығыз байланыста ҳәрекет еткени есапланады. Сол дәўирлерде Өзбекстан бурынғы аўқамның шийки зат жеткерип бериўши тийкарғы базасы есапланып, аўқамлас республикалардағы завод-фабрикаларын шийки зат ресурслары менен тәмийинлеп турған. Соның менен бирге республиканың таяр өним ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын завод-фабрикалары аўысық (запас) бөлеклер, шийки зат ҳәмде ярым таяр өнимлерди басқа аўқамлас республикалардан алып келген. Ямаса Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлердиң буйыртпашы ҳәм тутыныўшылары аўқамның басқа мәмлекетлери есапланған. Қысқаша айтқанда, мәмлекетимиздеги дерлик барлық өндирислик кәрханалар экономикалық жақтан ғәрезли есапланған, яғный тәмийнат, ресурс, жобаластырыў, алып келиў, жеткерип бериў, сатыў, буйыртпа бериў ҳәм тутыныў сыяқлы мәселелерди ғәрезсиз шеше алмаған.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   110   111   112   113   114   115   116   117   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling