15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Жумыссызлық түрлери ҳәм олардың классификациясы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Тәбийий жумыссызлық
- 5.3-сүўрет.
5.3.Жумыссызлық түрлери ҳәм олардың классификациясы
Жумыссызлық – қурамалы социаллық- экономикалық ҳәдийсе болып, жумысшы күшин усыныс етиў менен оған болған талап ҳәм усыныс ортасындағы сан жағынан да, сапа жағынан да артықшалықты көрсетеди. Жумыссызлықты жақыннан үйрениў экономикалық тәбиятты билиў ушын оның классификациясын билиў мақсетке муўапық. Келип шығыў мазмунына қарай, жумыссызлықты төмендеги тийкарғы түрлерге ажыратыў мүмкин: - тәбийий жумыссызлық; - мәжбүрий жумыссызлық. Тәбийий жумыссызлық дегенде, жумысшы күши оның ийеси белгили бир жәмийет ағзасының қәлеўине байланыслы болған ҳалда жумыс пенен бәнт болмаў жағдайы түсиниледи. Мәжбүрий жумыссызлық түрлери болса, жумыссызлықтың жумысшы күшине байланыслы болмаған ҳалда келип шығыўын көрсетеди. Бүгинги күнде республикада жумыссызлықтың пайда болыў себеплерине қарай, төмендеги тийкарғы түрлери көп ушырамақта: структуралық жумыссызлық - бул экономиканың жаңа тармақларының пайда болыўы ямаса ескисиниң жоқ болыўы ҳәм мүлкшилик формаларының өзгериўи менен жүзеге келеди; жасырын жумыссызлық - бул тийкарынан аўыл хожалығы өндирислик тармақлары ушын характерли ҳәм бул ҳақыйқый жумысшы күшин аз муғдарда талап етеди. Жасырын жумыссызлық өндиристиң терең кризис шараятында кәрханаларда жумыс пенен артықша бәнтликтиң сақланып қалғанлығынан дерек береди; Мәўсимли 5.3-сүўрет. Жумыссызлықтың түрли критериялары бойынша классификациясы мәўсимли жумыссызлық - бул белгили мәўсимде жумыс пенен бәнтликти тәмийинлеўши, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм оларды қайта ислеў ҳәмде таярлаў мүддети менен тийкарланады. Мәўсимли жумыссызлықтың көлеми жумысшы күшине болған талап ҳәм усыныстың мәўсимли факторларының тәсир етиўи сыпатында сәўлеленеди; технологиялық өзгериўшең жумыссызлық - бул кәрханада технологиялық өзгерислердиң әмелге асырылыўы ҳәм модернизацияланыўы нәтийжесинде жүзеге келеди. Мәселен, илим-техника жетискенликлери нәтийжесинде қол мийнети орнын машина ийелеўи нәтийжесинде жүзеге келеди. фрикцион жумыссызлық - бул жумыссызлық түри жәмийеттеги бар жумысшы күшлериниң белгили бөлимин жумыс орынлары бойынша қайта бөлистирип, олардан нәтийжели пайдаланыўға шараят жаратады, яғный ески жумыс шараятларынан (жумыс орнының узақлығы, мийнет ҳақының төменлиги, жумыс күни даўамлылығының салыстырмалы узын болыўы ҳәм басқалар) қанаатланбаған жумысшылар жаңа жумыс орынларын излейди. Оларға ийе болған, бул мийнеттен салыстырмалы көбирек социал-экономикалық нәтийжеге ериседи. Фрикцион жумыссызлықтың болыўы белгили дәрежеде экономикалық жақтан зәрүрли ҳәм тәбийий ҳал есапланады. дәўирли жумыссызлық – бул экономикалық кризистиң белгили дәўиринде өндиристиң пәсейиўи) нәтийжесинде жүзеге келетуғын жумыссызлық түри есапланады. Айтылған пикирлерге жуўмақ жасап, жумыссызлық түрли себеплер: экономикадағы турғынлық (дәўирли), тәбийий факторлар (мәўсимли), структуралық өзгерислер (структуралық, технологиялық жумыссызлық), мийнет базарында мағлыўматтың жетилистирилмегенлиги (фрикцион) себепли жүзеге келеди, деп айтыў мүмкин. Жумыссызлықтың жоқарыда айтып өтилген факторлардың бирикпеси мәмлекеттеги улыўма дәрежени көрсетеди. Соның менен бирге, улыўма санлар артында өз социаллық статусына ийе болған реал инсан ресурсы, реал регионлар ҳәм тармақлар турады. Жумыссызлықтың улыўма дәрежеси - бул мийнет базарындағы ҳақыйқый аўҳалдан ажыралыўы мүмкин болған статистикалық көрсеткиш болып табылады. Халықты мийнет пенен бәнтлик сиясатын ислеп шығыўда жумыссызлар санын анықлаўдың исенимлилиги айрықша машқала болып табылады. Кимди жумыссыз деп есаплаў керек, деген сораў ҳәзирге шекем теоретиклер ҳәм әмелиятшылар ортасында додаланып келинбекте. Ҳәзирги күнде барлық мәмлекетлерде, соннан, Өзбекстанда да жумыссызлар санын нықлаўда, Халық аралық мийнет шөлкеминиң (XMШ) стандарт моделинен пайдаланады. Бул усыл «жумыссызлық жағдайының» үш критериясына тийкарланады: Соған қарай, жумыссызлық түсинигин түрли критериялардан пайдаланып, анықластырыў керек болады (5.1-сүўретке қараң). Бундай анықластырыў жумыссызлық қатнасығында жүзеге келетуғын машқалаларды изертлеўде, сондай-ақ, социаллық қорғаў системасын ҳәмде жумыссызлықты мүмкин болғанынша кемейтиў бағдарларын ислеп шығыўда зәрүр есапланады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling