Устазымыз, филология илимлериниң докторы Пердебай аға Нуржановқа әўметли инсан сыпатында ҳәўес етсек арзыйды


Download 41.5 Kb.
Sana19.06.2023
Hajmi41.5 Kb.
#1623843
Bog'liq
Радиога


Устазымыз, филология илимлериниң докторы Пердебай аға Нуржановқа әўметли инсан сыпатында ҳәўес етсек арзыйды. Өйткени, устазымыздың студентлик дәўиринде-ақ, дүнья әдебияттаныўшылар жәмийетине кеңнен мәлим болған қарақалпақ илимпазлары орталығында билим, тәрбия ҳәм тәжирийбе алғанлығы оның бүгинги жетискенликлерине белгили дәрежеде өз тәсирин тийгизгени сөзсиз. Студентлик – илимге дәслепки қәдем қойып атырған мәўритте устазымыз Пердебай Нуржанов белгили алымлар М.Нурмуҳамедов, С.Ахметов, К.Мәмбетов, Қ.Камалов ҳәм басқа теберик устазлардан терең теориялық билимлерди, өмирлик сабақларды алады. Олар менен устаз шәкирт тутынады. Сондай-ақ, университетти айрықша баҳалар менен табыслы жуўмақлап, 1989-93-жыллары Москвадағы М.Горький атындағы жер жүзилик әдебият институтының аспиранты болыўы да сөзимизди дәлиллейди. Өйткени, жер жүзлик әдебиятшы алымлардың орайы сыпатында уллы алымларды жүзеге шығарған М.Горький атындағы әдебият институтынында билимин жетилистирип ҳәм сол жерде диссертация қорғап шығыў тек ғана қарақалпақ халқы ушын емес, бәлки, көплеген халықлардың жас қәнигелери ушын үлкен мәртебе яки шийрин арзыў болып қалыўы мүмкин.


Бирақ устазымыз П.Нуржановтың илимге пидайылығы буны арзыўлығынша қалдырмады, бул оқыў орнында 1994-жылы жәҳән әдебияттаныў илиминде белгили алым, профессор З.Османованың басшылығында «Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны» қарақалпақ әдебиятында биринши тарийхый трилогия» деген темада кандидатлық диссертациясын табыслы жақлап шығады. Усы диссертациясы тийкарында «Сверяя с народной памятью» атлы рус тилиндеги монографиясы «Билим» (1994-ж) баспасында жарық көрди. Демек, инсан әўмет пенен, арзыў еткен менен бийик шыңларға шығып болмас екенлигин устазымыз өзиниң илимге бағышланған аўыр мийнетлери менен дәлиллеп береди ҳәм үлги көрсетеди.
«Ийне менен қудық қазғандай» машақатлы тараўды таңлаған устаз Пердебай аға Нуржанов илим ислеўди, изертлеўди өмириниң мазмуны сыпатында қәдирлейди. Жас илимпаздың пүткил дүньяға аты белгили болып атырған Мәмлекетлик «Бердақ» атындағы, «Хамза» атындағы сыйлықлардың лауреаты, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық жазыўшысы ҳүрметли атақларына, Халықаралық «Махмуд Қашғарий» ҳәм «Михаил Шолохов» атындағы сыйлықлардың ийеси болған Т.Қайыпбергеновтың романларына қол урыўы оның батыллығын да көрсетеди. Жас илимпаз алдында Т.Қайыпбергеновтай жазыўшының шығармаларын таллаў – романларға Қайыпбергеновтан да тереңирек нәзер салыў ўазыйпасы турар еди. Илим тек анализ ҳәм синтезден ибарат болып қалмастан, керекли орында жазыўшы позициясының илимге жайғаспайтуғын тәреплерин де көрсетиў принциплерин қояды. Устазымыз, усындай илимниң қатал қағыйдалары негизинде, соның менен бирге, академик М.К.Нурмухаммедов, филология илимлериниң докторлары С.Ахметов, Қ.Камалов, Қ.Султанов, С.Баҳадырова, З.Насруллаева, илимпазлар Ж.Нарымбетов, Ә. Қожықбаев, К.Худайбергенов, өзбек илимпазы П.Шермухаммедов, рус илимпазлары З.Кедрина, М.Ломуновалар пикирлери менен полемикаға түсип, Т.Қайыпбергеновтың трилогиясында тарийхый шынлық, тарийхый факт, көркем тоқыма, қаҳарман образы бағдарларында изертлеўлер алып барды ҳәм салмақлы нәтийжеге ериседи.
Устазымыз Пердебай аға Нуржановтың илимге қуштарлығы, пидайылығы буның менен шекленип қалмайды. 20 жылдан зыят изертлеўлер нәтийжесинде 2020-жылы «Қарақалпақ романы поэтикасы: сюжет ҳәм композиция (1970-2000-жыллар)» деген темада докторлық диссертациясын табыслы жақлап шықты. Диссертациялық жумысы негизинде 2008 жылы «Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы (композициялық ҳәм жанрлық стиллик өзгешеликлери)» ҳәм 2009-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ романы (сюжет ҳәм конфликт поэтикасы)» монографиялары баспадан шығады.
2008-жылы жарық көрген «Ҳәзирги қарақалпақ романы поэтикасы (композициялық ҳәм жанрлық стиллик өзгешеликлери)» монографиясында Ҳәзирги қарақалпақ романларында композициялық жаңашыллық ҳәм поэтикалық шеберлик, ҳәзирги қарақалпақ прозасында лирико-психологиялық ҳәм психологиялық романлар мәселеси қаралып роман теориясы бойынша салмақлы концепциялар усынады.
2009-жылы баспадан шыққан «Ҳәзирги қарақалпақ романы (сюжет ҳәм конфликт поэтикасы)» монографиясында романларда сюжет ҳәм конфликт поэтикасына тийисли илимий бақлаўлары орын алады. Бул монографяларда қарақалпақ жазыўшылары Т.Қайыпбергенов, К.Мәмбетов, Ш.Сейтов, К.Алламбергенов, А.Садықов, О.Абдирахманов, А.Әбдиевлердиң шығармалары илимий анализге тартылады.
Устазымыз Пердебай Нуржанов сабақлықлар, оқыў қолланбалар жазыў менен де тынымсыз шуғылланып келмекте. мәселен, 2019-жылы авторлар менен биргеликте студентлер ушын «Ғәрезсизлик дәўири қарақалпақ әдебияты», атлы оқыў қолланба, 2020-жылы Улыўма билим бериў мектеплери 5-класс оқыўшылары ушын «Әдебият (сабақлық-хрестоматия)сы», 2020-жылы «Қарақалпақ әдебияттаныўы ҳәм әдебий сын тарийхы» атамасында студентлер ушын оқыў қолланбаларын басып шығарды. Бул оқыў қолланбалар ҳәм сабақлықлар жоқары оқыў орынларында, мектеплерде оқыў қуралы сыпатында пайдаланылып келинбекте. Сондай-ақ, 200 ден аслам илимий мийнетлерди Республикалық күнделикли баспа сөз газеталарында ҳәм илимий журналларда жәриялады. Республикалық, халық аралық илимий-теориялық конференцияларда өзиниң илимий баянатлары менен қатнасып келмекте.
Усы орында, устазымыздың инсаныйлық пәзыйлетлерин де айтып өткенимиз орынлы болады. Өйткени, Пердебай аға Нуржановтың шәкиртлерине болған устазлық меҳири олар менен ислесиўинде көринеди. Өзим мысалында алып қарайтуғын болсам, 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы 2-санлы академиялық лицейинде билим алғанымызда Пердебай аға Нуржанов пенен дәслепки ушырасыўым болған. Устаз, Қарақалпақ әдебияты пәнинен бизлерге сабақ берген еди. Пәнди оқытыўдағы оның жан күйерлиги, пидәйылығы барлық топар оқыўшыларын сабаққа болған ықласын арттырған еди. Мүмкин, бизлердиң де, әдебияттаныў илимине болған қызығыўшылығымызды сол ўақытлары оятқан устаз Пердебай аға болып табылар. Мине, ўақыттың зымыраўы, арадан 20 жылдай ўақыт өтип мен де устазларымыз профессор Қ.Жәримбетов, профессор Қ.Оразымбетов ҳәм Пердебай Нуржановлардан алған билим ҳәм тәжирийбелеримиз тийкарында филология илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесин алыўға мияссар болдық.
Пердебай аға Нуржановтың айрықшы атап өтетуғын, сондай-ақ, үлги аларлық пазыйлетлериниң және бири оның шәкирт таңламаслығы. Бул маған бекитилген шәкирт, бул мениң шәкиртим деп айрықша жантасыў алып бармастан, кеңес сораған барлық жас қәнигелерге зәрүр болған мәсләҳәтлерин жалықпастан береди. Илимде сақыйлығы шәкиртлериниң толық писип жетилиўине үлкен түртки болады. Жақында ғана шәкирти Замира Айымбетова филология илимлериниң философия докторы илимий дәрежесин табыслы жақлады. Бизиң илимий темамыз ҳәм Қарақалпақ романлары болғанлығы себепли арнаўлы шәкирти болмасам да көплеген баҳалы мәсләҳәтлерин берген ҳәм биргеликте көплеген додалаўларды иследик. Буның ушын устазымызға шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.
Жуўмақлап айтқанда, быйыл 60 жыллық юбилей тойын белгилеп атырған устазымыз П.Нуржановқа илимий ислеринде жемисли нәтийжелер, өзине беккем саламатлық, шаңарағына мол несийбе тилеймен. Рахмет.
Ғайрат Алламуратов
ҚМУ, үлкен оқытыўшы, phd
Download 41.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling