15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жумыссызлық дәрежесиниң тийкарғы көрсеткишлери


Download 0.79 Mb.
bet113/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   198
Bog'liq
Miynet

1. Жумыссызлық дәрежесиниң тийкарғы көрсеткишлери төмендегилерден ибарат:
а) дизимге алынған жумыссызлық дәрежеси (Djd):



b) улыўма жумыссызлық дәрежеси (Ujd):

v) толық жумыссызлық дәрежеси (Tjd):
Tjd = SHbbp / Eаxs х 100, (5.9)


бунда:
Ris – дизимге алынған жумыссызлар саны, адам;
Eаxs – экономикалық актив халық саны, адам;
Jus – жумыссызлар улыўма саны, адам, мийнетке жарамлы халық арасында таңлаў түринде өткерилетуғын сораўлар нәтийжесинде анықланады;
SHbbp – шәртли мәнистеги жумыс пенен бәнт болмаған пуқаралар саны:

SHbbs = (ΣTf - ΣАf): Хf, ( 5.10)

бунда:
ΣTf – регион экономикалық актив халқының изертленетуғын дәўирдеги жумыс ўақты (адам-саатлар, адам-күнлер)ның толық жәмлеме фонды;
ΣАf – әмелде ислеп берилген ўақыттың жәми фонды;
Хf – бир хызметкердиң изертленип атырған дәўирдеги жумыс ўақты (саатлар, күнлер)ның толық фонды.
2. Жумыссызлықтың даўамлылығы (ай) – көрип шығылып атырған дәўирдиң ақырына келип жумыссыз статусына ийе болған шахслардың, сондай-ақ бул дәўирде жумысқа жайласқан жумыссызлардың жумыс излеўиниң орта есаптағы даўамлылығын сәўлелендиретуғын муғдар.
3. Мийнет базарындағы тығызлық коэффициенти (Tk) бир бос орынға туўры келетуғын дизимге алынған жумыссызлар саны (Ris) менен өлшенеди:


Tk = Ris : ΣBs, (5.11)
бунда:
ΣBs – бул дәўирдеги бос жумыс орынларының жәми саны.
Жумыссызлық дәрежесиниң тәбийий муғдары қанша болыўы мүмкин, деген мәселе үстинде экономистлер жүдә көп пикир билдиреди, лекин бир мәмлекетте оның анық муғдары белгиленген емес. Мәселен, АҚШда жумыссызлар санының тәбийий дәрежеси 1960 жылларда 4-6%ке көтерилди. Инфляция дәрежеси жоқары болған дәўирдеги жумыссызлық дәрежеси тәбийий норматив жағдай есапланып, өндиристиң потенциал мүмкиншилиги менен байланыслылықта болады. Егер бәнтлик жоқары болып, өндиристе де көп болса, спираль инфляция жүзеге келеди.
Жумыссызлық дәрежеси бәрқулла нольден жоқары болады, себеби ықтыярлы ҳәм структуралық жумыссызлық көринисинде болады. Бирақ жумыссызлықтың тәбийий дәрежеси инфляцияның күшейиўин тоқтатып турады.
Ҳәзирги ўақытта раўажланған мәмлекетлерде тәбийий жумыссызлық дәрежеси төмендеги себеплерге қарай өсиўи мүмкин:

  1. Мийнетке өспиримлер, ҳаяллардың тартылыўы.

Мәмлекеттиң экономикалық сиясаты жумыссызларға аз ҳақы төлейтуғын жумысларға жолламай, узақ мүддет жоқары мийнет ҳақы төлейтуғын жумысты излеў мүмкиншилигин береди. Ҳәзирги ўақытты көпшилик мәмлекетлерде 16 дан 26 ҳәптеге шекем алып атырған ең соңғы мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында жумыссызлық напақасы төленеди ҳәм салықлардан азат етиледи, нәтийжеде олар мийнет ҳақының 60-70 проценти муғдарында пул ала баслайды.

  1. Структуралық жумыссызлықтың күшейиўи жумыссызлық тәбийий дәрежесиниң өсиўине алып келеди. Мәселен, аўыл хожалығының төмен раўажланыўы.

Түрли авторлар жумыссызлықтың тәбийий дәрежесин ҳәр қыйлы есаплайды. Батыс мәмлекетлеринде жумыссызлықтың тәбийий дәрежеси 4-6% көлеминде деп жүритиледи. Бизиң экономистлер бул көрсеткишти 3-5% деп есаплайды.
Түрли мәмлекетлерде ҳәр бир белгили дәўирде жумыссызлық дәрежеси бир-биринен ажыралып турады, бул болса ҳәр бир мәмлекет ушын белгиленген “тәбийий” жумыссызлық дәрежесине, мәмлекеттеги экономикалық дәўирлик фазасына, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен ислеп шығылған жумыс пенен бәнтлик сиясатына байланыслы болады.
Әмелде жумыссызлық тәбийий дәрежесиниң ең мақул болған муғдары жоқ. Еле ҳеш ким экономика ушын ең мақул болған жумыссызлық дәрежесин дәлийллеўге ерискен жоқ.
Керисинше, айырым есаплардан көринип турғанындай, жалпы миллий өнимниң жоқары дәрежеде өсиўи жумыссызлықтың тәбийий дәрежесин пәсейтиреди. Бирақ ол мақул болған муғдардан жоқары болып қала береди. Себеби, жалпы миллий өним ислеп шығарыў өз мүмкиншилик дәрежесине жетпеген болады. Жалпы миллий өнимди потенциал дәрежесине өсириў болса ҳәдден тысқары экономикалық абаданшылыққа алып келеди ҳәм ақыбетте инфляция күшейиўи мүмкин. Төмендеги илажлар жумыссызлықтың тәбийий дәрежесине ерисиўге тиккелей тәсир көрсетиўи мүмкин:

  • халықты бар жумыс орынлары ҳаққында хабардар етиўди жақсылаў;

  • қәнигелер таярлаўды жетилистириў;

  • жумыссызларды мәмлекет тәрепинен қорғаў дәрежесин күшейтиў.

Халық аралық мийнет шөлкеми стандарты бойынша тәбийий жумыссызлық дәрежеси 1,5 – 2,5% ти қурайды.
Америкалық экономист Артур Оукен тәбийий емес ямаса дәўирлик жумыссызлықтың унамсыз тәсирге ийе екенлигин математикалық ҳалда дәлийллеп берди. А.Оукен нызамына қарай, жумыссызлықтың тәбийий дәрежеси 1 процентке асқанда жалпы миллий өним 2,5 процентке кемейеди.
Жумыссызлықтың даўамлылығы - жумыссызлық статусына ийе болған шахслардың усы дәўир ақырына келип, жумыс излеў мүддети орташа қанша даўам еткенлигин көрсетиўши көлем.
Жумыссызлықты анализлеўде оның даўамлылық көрсеткиши айрықша әҳмийетке ийе. Жумыссызлықтың орташа даўамлылығы ҳәм узақ ўақыт ислемей атырғанлар жумыссызлар арасындағы үлеси ҳаққындағы мағлыўматлар салыстырмалы жумыссызлық ҳаққында жуўмақ шығарыў мүмкиншилигин береди. Айырым жағдайларда жумыссызлардың тийкарғы бөлими тез (1-4 ай ишинде) жаңа жумыс орнын табыўы мүмкин, базылары болса ярым жыл ҳәм оннан да көп мүддет жумыс таба алмай жүреди. Мәмлекеттиң экономиканы раўажландырыўды хошаметлеў барысындағы ҳәрекети халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў тараўындағы әҳмийетли бағдар. Мәмлекет тутыныў ҳәм инвестиция түсиндеги товар ҳәм хызметлерге болатуғын талапты хошаметлеп, усы тийкарда мүлкшиликтиң барлық формасындағы кәрханаларда жаңа жумыс орынларын жаратып барыў, экономиканың жеке тармағын ҳәм бул тармақта жаңа жумыс орынларының ашылыўын хошаметлеўи лазым. Лекин мәмлекет ҳәрекетиниң усы тәрепин жетилистириў талап етиледи.
Өзбекстанның социаллық-экономикалық сиясатында, улыўма, халықты социаллық қорғаўдың әҳмийетли шәрти сыпатында жумыс пенен бәнтлик ҳәм жумыссызлықтан қорғаў сиясаты дүньядағы көплеген раўажланған мәмлекетлердиң бай тәжирийбесине тийкарланған. Бирақ, бул тәжирийбелердиң көпшилиги Өзбекстанның социаллық-экономикалық сиясатының түп мазмунына жетерлише туўры келе бермейди.
Биз улыўмаластырған ҳәм 5.2-сүўретте келтирилген халықты жумыс пенен бәнтлик сиясатының тийкарғы бағдарлары жумыс пенен бәнтлик сиясаты эволюциясының тек структуралық емес, бәлким тарийхый-логикалық көринисин де береди. Тийкарын алғанда, халықты жумыс пенен бәнтлигиниң актив сиясатынан алдын жақсы жолға қойылған жумыссызларды есапқа алыў, дизимге алыў, жумыссызларды нәтийжели қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларды социаллық қорғаў усыллары (пассив сиясат) әмелге асырылыўы мәмлекетте зәрүр еди.
Раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесиниң көрсетиўинше, ҳүкимет жумыссызлардың социаллық қорғалыўын тәмийинлегеннен кейин ғана, басқа жумысларға киритиўи – дәслеп жумыс пенен бәнтликти турақластырыў (сақлаў)ға, соң оның өсиўин хошаметлеўге кирисиўи мүмкин. Бунда жумыс пенен бәнтликтиң өсиўин хошаметлеў үш бағдарда әмелге асырылады:

  • исбилерменлер менен ислеў, мәселен, жаңа жумыс орынлары жаратылғанда салық жеңилликлерин бериў, жумыссызлардың жумыс табыўын активлестириў;

  • жумысшы күши усынысын хошаметлеў;

  • жалланба жумысшылар класын мийнет базарынан шығарыў, жеке исбилерменлик пенен өз-өзин жумыс пенен бәнт етиўди хошаметлеў (касанашилик, үй шараятында ашылған майда цехлар ҳәм басқалар).

Экономист алым Қ.Х.Абдурахмонов халықтың, соннан, халықтың жумыс пенен бәнтлигин асырыў бойынша төмендегилерди айрықша айтып өткен: “Жумыс пенен бәнтликтиң дәстүрий емес формалары – үй мийнети, шаңарақ бизнеси, касанашилик, хызмет көрсетиў ҳәм қарамалшылық сыяқлы хызмет түрлери менен шуғылланыў халық жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы жолларынан бири”13.
Өзбекстанда жумыссызлықтың кескин көбейиўи жумыс пенен бәнтлик сиясатының нормативлик эволюциясы жолынан избе-из барыўға ўақыт қалдырмайды. Соның ушын жумыс пенен бәнтликти тәмийинлеўдиң ҳәр қыйлы дәстүрлери мөлшерленгенлерди мәмлекеттиң ҳақыйқый финанслық мүмкиншиликлерин жақсылап муўапықластырып алмай, жумыс пенен бәнтлик жумысының барлық бағдарларын бир жолға қамрап алыўға урынылмақта. Бул жерде дәслеп, халықты жумыс пенен бәнтлик сиясатын әмелге асырыўға жолланатуғын финанслық қаржыларды муўапық түрде бөлистирип, мийнет базарын тәртипке салыўдың улыўма мәмлекетлик ҳәм регионаллық тараўларды белгилеп алыў керек. Жергиликли мийнет базарын анализлеў тийкарында ажыратылған қаржылардың ҳәр бир сўмын жумыс пенен бәнтликтиң өсиўи көринисиндеги нәтийже менен қайтыўы оны қай жерде жоллаў кереклигин анықлаў керек болады.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling