Бир қабатлы санаат имаратлары


Download 282 Kb.
bet1/5
Sana08.06.2023
Hajmi282 Kb.
#1462860
  1   2   3   4   5
Bog'liq
ТБК курс жумысы


КИРИСИЎ
Бетон ҳәм темирбетоннан таярланатуғын конструкциялардың қурылыстағы салмағы басқа материалдан пайдаланатуғын конструкцияларға салыстырғанда көп болғанлығы себепли оған күннен-күнге үлкен итибар берилмекте. Темирбетоннан таярланатуғын конструкция раўажланбақта ҳәм алардың исениўшилик дәрежеси асырылмақта. Сал себепли капитал қурылысқа ажыратылған қәрежеттиң 25% ти темирбетон конструкцияларға, тек ғана 3% ти металл конструкцияларға, 13. 5% ти болса ағаш буйымларға сарыпланар екен. Демек, қурылысшы алдында темирбетон конструкциялардың техникалық-економик коърсеткишлерин жақсылаў, буйымлардың баҳасын арзанластырыўдай керекли ўазыйпалар турыпты.
ХИХ әсирдиң биринши ярымына шекем тийкарғы қурылыс материаллары сыпатында ағаш материаллар ислетилетуғын еди. Орта Азия шәраятында ағаш материаллар сыпатында тийкарынан терек, тал, тут ҳәм арша ислетилген. Жер силкиниўге шыдам бере алатуғын ағаш материаллардан исленген имаратлар ҳәзирге шекем шығыс санаатын байытып турыпты.
ХИХ әсирдиң егинуи ярымына келип қурулыс ислеп шығарыўдың дәрежесиниң асыўы қурылыс монтаж ислериниң өнимдарлығына өз тәсирин тийгизди. Имарат ҳәм иншаатларды қурыўда майда елементлерден ири конструкция ҳәм деталларға өтип алардан қолланыла баслады.
Темирбетон конструкциялары пәни инженерлердиң тәжрийбесин арсыратуғын пәнлердиң бири болып, оны терең өзлестириў ҳәр қандай қурылысшы-инженер ушын зәрүр.
Темирбетон конструкцияларды жайбарлаў теориясы техника пәнлери тараўларының бири болып, ал беккем ҳәм соның менен бирге економиялы елементлерди жаратыў үстинде жумыс алып барады.
Беккемлилик ҳәм коъпке шыдамлылық қурылыс конструкцияларына қойылатуғын тийкарғы талаплардың бири. Қурылысшы-инженер конструкцияның сандай шешимин табыў керек, бунда конструкция ҳәм жоқарыдағы талапларға жуўап берсин ҳәм тежемли болсын. Бул болса мәселени оптимал жайбарлаў шынығыўаласына алып келеди.
Қурылыс араласпасын таярлаўда, тийкарынын бириктириўши затлардан саз, ҳәк, гипс, таў жынысы-трепел, опока қосылган ҳәк сыяқлы материаллар ислетиледи.
Қурылыс материалларын ислеп шығарыў санаатының ең әҳмиетли ўазыйпалары жергиликли шийки затлардан кең пайдаланыў ҳәм буйым ислеп шығарыўды раўажландырыў, алардың сыпатын асырыў ҳәм қурылыстың өзине түсер баҳасын кемейттириў.
Жыйналмалы темирбетонның қурылыста қолланыўы мийнет өнимдарлығын үш ҳәм оннан де коъбирек есеге арттырды. Тарийхтан мәлим темирбетон ХИХ әсирдиң 50-жылларынан баслап қолланыла баслаған. Темирбетон буйымларға биринши патентлер Францияда (Ламбо 1850-ж), Англияда (Улкинсон 1854-ж) ҳәм АҚШта (Гиатт 1855-1877-ж) берилген.
Биринши мәрте жыйналмалы темирбетон конструкциялар 1876 -жылда Россияда ҳәм Албанияда қолланған. ХХ әсирдиң 20 -30 -жылларынан баслап, әсиресе 50-жыллардан берги жағында кең қолланыла баслады (Россияда 1802-жылы Царскоселский двореци тамын арматураланған бетон менен бастырған, бирақ алар таза материал таптық деп ойламаған ҳәм потент алмаған).
Имарат ҳәм иншаатларды қурыў ҳәм монтаж қылыўда ири бетон ҳәм темирбетон конструкциялардан пайдаланыў мийнет өнимдарлығын асырыўға, қурылыс сыпатын жақсылаў, мүддетти қысқартыў ҳәм өзине түсер баҳасын кемейтириўге мүмкиншилик береди.
1855-жылы Германияда инженер ванс ҳәм профессор Баўшингер конструкцияның беккемлиги ҳәм отқа шыдамлылығы, бетонда арматураның сақланыўы ҳәм тислесиўи бойынша тәжрийбе жүргизген. Кейин арматураны ийилиў орнына жайғастырыў бойынша тәжрийбе жүргизген.
Темирбетон - бетоннан ҳәм оған жайласқан полат стерженлерден ибарат болып, бул стерженлер бир пүтинди пайда қылады ҳәм ал менен биргеликте ислейди.
Бетонда басқа материаллар сыяқлы қысыўшы күшлерге бир қанша қарсылық коърсетеди, сазылыўға жүдә кем қарсылық коърсетеди. Бетонның сазылыўға коърсететуғын қарсылығы қысылыўға қарағанда 10 -15 есеге киси. Соның ушын де оны анизотроп материаллар дейди. Анизотроп материаллар -ҳәр қыйлы жоънелис бойынша қәсиетлери ҳәр қыйлы болған материаллар. Бетонның сазылыўға кем қарсылық коърсеткенлиги себепли арматурасыз балка көп жүк коътере алмайды. Полат қысылыў ҳәм сазылыўга жүдә жақсы ислейди..
Полат арматура жайласқан бетон темирбетон деп аталады. Темирбетоннан исленген қурылыс конструкциясы темирбетон конструкциясы деп аталады. Темирбетон 1850-жылы ўаранцуз инженери Ламбо тәрепинен ойлап табылған. Арматура латынша «арматура» сөзинен алынған болып қуралландырыў, күшейтириў, үскенелеў дегенди билдиреди.
Конструкцияларды тек сазылыўға ҳәм ийилиўге ислегеннен емес, бәлки буралыў, кесилиў, орайсыз ҳәм орайдан қысылыў ҳалларында де арматураланады. Бул ҳалларда исши арматурасын елементлер кесимлериниң өлшемлерин кисирейтиў ҳәм конструкцияның өз аўырлығын кемейтирип, сандай-ақ алардың исениўшилигин тәмийинлеў ушын қойылады. Бетон (арматурасы жоқ) елементлер тосаттан жемириледи (морт), бир ўақытта темирбетон елементлер әсте ақырын жемирилип, бул болса алардың беккемлилик запасларын кемейтириў имканын береди. Әдетте темирбетон конструкциялардан басқа алдыннан зорықтырылған конструкцияларда бар. Алдыннан тарттырылған темирбетон конструкцияларда арматура алдыннан сазылады, бетон болса қысылады. Бунда тоъмендеги еки тийкарғы усыллардың бирин қоллаў менен ерисиледи.
-Биринши усыл-арматураны тиркеўишке орнатып тартыўдан ибарат. Бетон қатқаннан кейин арматура тарттырыў қурылмасынан басатылады ҳәм ал қысқара барып, бетонды қысады.
-Егинуи усыл- арматураны қатқан бетонға жайғастырыўдан ибарат. Буның ушын арматура қатқан бетонда қалдырылған орынлар ямаса ойықлардан өткизиледи. Ойықлар ямаса орынлар цемент араласпа менен толтырылғанда арматура бетон менен тислеседи.
Темирбетонның ҳәзирги қурылыста кең таралыўының себеби оның басқа қурылыс материалларына қарағанда техникалық ҳәм економикалық абзаллықларының (артықма-шылық) бир қанша көплиги себеп балады.
Темирбетон массасының 70-80 % ке шекемги боълегин жергиликли тас материаллар ҳәм қум қурайды. Полат ҳәм ағаш конструкцияларды темирбетон конструкциялар менен алмастырыў қурылыста халық хожалығының басқа тараўлары ушын алмастырып болмайтуғын полат ҳәм ағаш сарпын тежеўге имкан береди.
Темирбетон конструкциялар басқа материаллардан таярланған конструкцияларға қарағанда бир пүтинлилиги ҳәм беккемлилиги жоқары болғаны ушын силкиниўге шыдамлылығы жүдә жоқары.
Темирбетонға қәлеген конструктив ҳәм архитектуралық безеўлерди (коъринислер) бериў мүмкин. Имаратларды сақлаў ҳәм конструкцияларға қарап турыў бойынша қылынатуғын сарыплар жүдә аз.
Темирбетон конструкциялардың кемшиликлерине тоъмендегилер киреди:
1. Салмағының аўырлығы.
2. Иссылық ҳәм даўыс өткериўшеңлиги жоқары, бул болса айырым жағдайларда арнаўлы изоляциялаўды талап етеди.
3. Әсиресе қыс айларында жумыс ислеў қыйын, алдыннан зорықтырылған конструкцияларды таярлаўда тәжрийбели кадрлар арнаўлы үскенелер ҳәм кептириў (пуўлаў) талап етиледи, арматураның туўры жайласыўын бақлап турыў.
4. Жүк түскенге шекем шоъгиўи, бетонның сазылыўға қарсылығы жүдә кемлигинен сыртқы жүклер тәсиринде жарықлар пайда қылыў қәупи бар.
Бетонда жарық пайда болыўдың алдын алыў ушын оны тарттырылған арматура жәрдеминде қысады. Бундай конструкциялар алдын ала кернеўленген конструкциялар деп аталады.
Темирбетон бир қанша артықмашылыққа ие. Бетон ишине жайғастырылған арматура исенимли сақланыўы себепли жүдә узаққа шыдайды. Бетонның беккемлиги болса ўақыт өтиўи менен кемеймейди, бәлким артады. Темирбетон конструкциялардың отқа шыдамлылығы жоқары. Әмелде усы нәрсе мәлим болды, бетонның 1, 5-2 см қалыңлықтағы қорғаў қатламы темирбетонның жалын шыққанда отқа шыдамлылығын тәмийинлеў ушын жетерли екен. Алардың отқа шыдамлылығын жәнеде асырыў, сандай-ақ ыссыға шыдамлылығын асырыў мақсетлеринде арнаўлы толтырғышлардан (базалт, диабаз, шамот, домна шлагы ҳәм т. б.) пайдаланылады, сандай-ақ қорғаўшы қатламы 3-4 см ге шекем асырылады.



Download 282 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling