15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-сүўрет. Жумыссызлықтың келип шығыў себеплерине қарай дүзилиси
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
5.2-сүўрет. Жумыссызлықтың келип шығыў себеплерине қарай дүзилиси
Бул топарлардың өз-ара қатнасы экономикалық дәўир басқышларына байланыслы. Бул топар халық ортасында ең көп үлести жумыстан босатылыў нәтийжесинде өз жумыс орнын жоғалтқанлар көпшиликти қурап, олардың пайда болыўы республикада әмелге асырылған меншиклестириў процессине сезилерли тәсир көрсетти. Мәмлекетте экономикалық раўажланыўдың базар системасына өтилгеннен кейин мүлкти мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў жедел темпте әмелге асырыла басланды. Себеби жобалы экономика жүритиў дәўиринде барлық кәрханалар мәмлекетке қараған болып, мәмлекет бирден-бир мүлкдар ҳәм монопол есапланған. Бул болса экономиканың кризиси ҳәмде бул системаның жоқ болыўына алып келди. Өзбекстанdа әмелге асырылып атырған меншиклестириў экономикалық реформалардың дәслепки басқышында саўда дүкәнлары ҳәм халыққа хызмет көрсетиў шақапшалары мәмлекет ийелигинен шығарылған болса, кейинги басқышта өндирислик кәрханалары ҳәм ири объектлер исбилерменлер қолына тапсырылды. Бул реформаларды бүгинги басқышында болса стратегиялық әҳмийетке ийе болған ири өндирислик кәрханалар да мәмлекет ийелигинен шығарылып, мәмлекетке тийисли болған үлеслер сатылмақта. Кәрханалардың меншиклестирилиўи нәтийжесинде өним ислеп шығарыў көлеми, мийнет өнимдарлығы ҳәм материаллық ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў дәрежеси өсип, экономикалық нәтийжелиликтиң өсиўи тәмийинленди. Бирақ кәрханаларда жумысшы-хызметкерлердиң босатылыўының жоқары көрсеткиши гүзетилди. Себеби жумыс бериўши исбилерменлер ушын маманлығысыз ҳәм төмен өнимдарлыққа ийе болған жумысшыларды услап турыў тек ғана зыян келтиреди. Нәтийжеде жасырын жумыссызлық белгили дәрежеде қысқарды, бирақ олар структуралық жумыссызларға айланды. Жумыссызлықтың көбейиўине аўыл хожалығында алып барылып атырған реформалар да тиккелей тәсир өткизди. Аўыл хожалығында экономикалық нәтийжелиликти асырыў ҳәм өндирис рентабеллигиниң өсиўин тәмийинлеў мақсетинде бул тармақта да структуралық өзгерислер жүз берди. Себеби бурынғы структурадан мийрас болып қалған жәмийетлик хожалықларында рентабеллик ҳәм өнимдарлық көрсеткишлери төмен дәрежеде болып бул жағдай жер ҳәмде материаллық ресурслардан көре-тура пайдаланыўдың унамсыз ақыбети еди. Соның менен бирге, жәмийетлик хожалықлары жасырын жумыссызлықтың “уясы” есапланып, жумыс орнына ийе болмаған мийнетке мүтәж маманлыққа ийе емес халықты бригадаларға тартыў арқалы жумыссызлыққа жол қойылмаған. Мине усы себепли бурынғы Аўқамда “жумыссызлық” түсиниги ислетилмеген. Бул унамсыз жағдайларды жоқ етиў ҳәм аўыл хожалығында мүлкшилик формаларын түптен өзгертиў мақсетинде мәмлекет Президенти инициативасы менен “жерди өз ийесине бериў” принципи тийкарында жумыс көриле басланды. Бул реформалардың дәслепки басқышында жәмийетлик хожалықлары жабылып, жер арендашыларға бөлистирилип берилди. Реформалардың кейинги басқышында болса ширкет хожалықлары негизинде аўыл хожалығы кәрханаларының заманагөй формасы, яғный дүньяда тән алынған көриниси есапланған фермер хожалықлары шөлкемлестириле басланды. Республикамызда аўыл хожалығын реформалаў барысында әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде зыян көрип ислеп атырған, төмен рентабелли ҳәм келешексиз ширкет хожалықлары толық түрде фермер хожалықларына айлантырылды. Буннан тысқары ширкет хожалықларын жабыў нәтийжесинде жасырын жумыссызлық салыстырмалы азайды, яғный аўыл хожалығы тармақларынан қәнигеликсиз артықша жумысшы күши босатылды. Бирақ, мәселениң басқа бир тәрепи бар, бул илажлар нәтийжесинде структуралық жумыссызлық көбейди. Басқаша айтқанда, жасырын жумыссызлық структуралық жумыссызлыққа айланды. Нәтийжеде аўыл хожалығында жумыс пенен бәнт болған жумысшы күшиниң үлкен бөлими өз жумыс орынларын жоғалтты. Кәрханалар банкротлығы нәтийжесинде оларға хызмет жүритип атырған хызметкерлердиң жумыссыз қалыўы ҳәм мийнет дәраматына ийе болмаўы гүзетилди. Бул болса мәмлекетте жасырын ҳәм структуралық жумыссызлықты көбейтти. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling