Илим арыўхан ӨТӘмбетова


Download 121.13 Kb.
bet1/3
Sana25.04.2023
Hajmi121.13 Kb.
#1396376
  1   2   3
Bog'liq
А Өтәмбетова Бердақ дөретиўшилиги Әмиўдәрья 2017, №1



1 9 01
Ж ІЫІ л
ӘДЕБИЯТ
ҲӘМ
ИЛИМ
Арыўхан
ӨТӘМБЕТОВА

Филология илимлериниц кандидаты
БЕРДАҚ ДӨРЕТИЎШИЛИГИ АЎЫЗЕКИ
ҲӘМ ЖАЗБА ӘДЕБИЙ
ДӘСТҮРЛЕРДИҢ
ҲАҚЫЙҚЫЙ СИНТЕЗИ

Фольклор бул өмир айнасы, себеби онда әййемги дәўирлерден баслап, тап бүгинги күнге шекемги әпиўайы халык ишинен шыккан сөз дизбеклеринин жыйынтығы жыйналған. Фольклор әдебияттың бөлинбейтуғын тараўы есапланады. Булардыңарасындағы байланыс мәселеси әдебияттаныў илиминиң әмелий жактан әҳмийетли мәселелериниңбири. Олар узақдәўирлерден берли бир-бирин байытып хәм бирге раўажланып келмекте. Бунын айкын мысалы ретинде орхон-енисей жазба естелигинин әхмийети жетерли дәрежеде. Естеликте Күлтегин образына байланыслы көп нәрсениң бети ашылады, яғный бул естелик түркий тиллес халыклардын аўызеки қахарманлык дәстанларынын пайда болыўына өзинин тәсирин көрсетти деп айта аламыз. Фольклор менен жазба әдебий естеликлер бир-бири менен тығыз байланыста болған. Фольклорлыкдөретпелер бир заманларда жазба естеликлерге айланса, бир дәўирлерде жазба естеликлердиң фольклорлык вариантлары пайда болып отырған. ХІХәсирдеги каракалпак әдебияты бираз өзгешеликлери менен белгиленеди. Әсиресе оның ен ири айырмашылыкларыныц биреўи аўызеки халык творчествосы менен тереңнен байланысында. Каракалпак халқынын көп жыллардан киятырған аўызеки дөретиўшилиги халық шайырларыныңтворчествосының раўажланыўында тийкарғы орынды ийелеў менен XIX әсирдеги каракалпак әдебиятының ең тийкарғы дәреклеринен есапланады. [1]
Каракалпакәдебиятында Бердакдөретиўшилиги, дәстанлары, жанр-стили бойынша бир қанша мийнетлерде сөз етилген хәм илимий көз-қараслар билдирилген.
Лекин, жазба әдебий дәстүр хәм аўызеки дәстүрлер синтезинин Бердақ шайыр дөретиўшилигиндеги көриниси хаккында айырым илимпазлар тәрепинен қысқаша түрде айтылғаны менен әдебият илиминде елеге шекем бул машқалалар жөнинде илимий жуўмаклар исленип хәм салыстырмалы түрде изертленбеди.
Бизинбул макаламызда Бердакдөретиўшилигиндеги аўызеки хәм жазба дәстүрлер синтези, әсиресе миллий фольклорлыкдетальлар менен жәхән классиклери есапланған Әбилқасым Фердаўсийдин «Шахнама» дәстаны менен салыстырмалы усылдағы пикиримиз көрсетиледи. Булар тек биз тәрепимизден (А.У.) илимий пикир билдирилип, Бердақтаныўшы илимпазлар тәрепинен бурын айтылмаған пикирлер болып есапланады.
Жазба әдебий дәстүрлердин де, аўызеки дәстүрлердин де уллы көркем сөз усталарынын шығармаларында белгилй орын тутатуғынлығы анық. Карақалпақ әдебиятында бул усыл аўызеки хәм жазба әдебий дәстүрлер синтези, Бердақ дөретиўшилиги мысалында айкын көзге тасланады. Өтеш шайырдын:
«Бердақ еди шайырлардың данасы,
Сөзине ийилди адам баласы» —

деп баҳалаўы да Бердактын усындай уллы сөз устасы екенлигинен болса керек. Әлбетте, бул сыпат (шайырдың журтшылыққа өз сөзии халық сөзиндей қылып жеткере алыўы, оны халықтын мойынлаўы, эстетикалыкзаўыкланыўы) халыктын өзи дөреткен, өзине жақын ырғаклары менен жүйи билинбестей биригип кеткенлиги мәлим.
Ҳақыйқатында да, Бердақ заманлас шайырларынан көп ғана дөретиўшилик сыпатлары менен айырылып көзге түседи. Әсиресе, шайырдың аўызеки дәстүрлерден шебер пайдаланғанлығы буньщ айкын дәлили. Себеби, Бердакдөретпелери онын аңыз-әңгимелер, даналықсөзлерди шебер үйренгенлигинен, накыл-макаллардан тартып үлкен эпосларды да ядта саклаўшылық қәбилетиниң күшли болғанлығынан дерек берип турады. Мысалы «Ахмақ патша» дәстанында шайырдың аўыз еки дәстүрлерди кең қолланғанлығының көринислерин андаўға болады. Дәстан сюжетиндеги патшанын қырыкхаял алыўы, Гүлим менен Зийўардын жас босаныўы, патшанын зулымлыклары, ақыр-акыбетинде патшанын әдалатсыз сиясатынан жапа шеккен халықтың, патшанын кырык хаялының, Гүлзар менен Әнардын еки батыр жигит тәрепинен кутқарылыў мотивлери халык дәстанлары менен ертеклериндеги қахарманлардын көп кыйыншылықларды женип, мурад-максетине жетиў эпизодларынын реалистлик пландағы жанаша көриниси болып табылады. Және де усы дәстандағы қаҳарман Гүлимнин түс көриўи, түсинде жыланның мойнына оратылыўы эпизоды бул дәстанлардан дәстанларға өтип киятыр деўге болады. Мысалы: «Қырық кыз» дәстанында бас қахарман Гүлайымнын түсинде Суртайшаны көриўи ямаса Суртайшанындатүс көриў деталлары:

Download 121.13 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling