1. Сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың қәлиплесиүи. Шығыста сиясий пикирлер ҳәм идеялар. Жаңа дәүирдеги сиясий көз-қараслар


Download 48.54 Kb.
bet1/4
Sana05.04.2023
Hajmi48.54 Kb.
#1273566
  1   2   3   4
Bog'liq
Сиясий көз


Сиясий көз-қараслар, тәлийматлардың пайда болыүы ҳәм раүажланыүы.
Режеси
1. Сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың қәлиплесиүи.
2.Шығыста сиясий пикирлер ҳәм идеялар.
3.Жаңа дәүирдеги сиясий көз-қараслар.
4.Х1Х әсир ақыры-ХХ әсир басларындағы Батыс ҳәм Шығыстағы сиясий көз- қараслар.Жадидшилик идеялары.


1.Диний қарас
Сиясый көз-қараслар дўньяда мәмлекетлер пайда болғаннан баслап қәлиплесе баслады. Мәмлекетлик ҳәкимиятқа деген көз-қараслар оны басқарыүдағы анаү яки мынаү мәселелерди талықлаү жағдайында сиясий илимлерге тийкар жаратыла баслады. Әийемги халықлар деп есапланған мысырлылар, қытайлылар, ҳиндлер, парсы, греклер ҳәм римлиликлердиң қарасларында жер жўзиндеги жәмийетлик тәртип қағыйдаларды илаҳий кўш пенен байланыстырып тўсиниү. Қуданы оның себеби, тийкары деп есаплаү дәстўри дәслепки сиясий көз қараслардың қәлиплесиүинде тийкарғы орында ийелеген.
Мәселен Қәдимги Қытайда император жер жўзиндеги тәртиплерди илаҳий тәртиплер менен байланыстырып турыүшы жалғыз инсан деп қаралған. Мәмлекетлик ҳәкимияттың тўрли буүынларында ислеп атырған басқа инсанлар император ҳәкимиятының буйрықларының әмелге асырыүшылар деп есапланған. Қытай императоры тек аспанның баласы емес, өз халқының атасы деп те есапланған. Оның ҳәкимияты, ата-ананың шаңарақта балаларын болған тәрбиясына уқсас характерде тўсиндирилген.
Әийемги Мысырда болса Қудайҳўкимдар ҳәкимияттың дәслепки тийкары сыпатында қаралған. Жерден қуда менен байланысыү ушын ўлкен пирамидалар салдырылған. Пирамиданың бийик ушын қудай, ал төменги тәрепин халық деп тусиндирилип ортасында руүҳанийлер ҳәм ҳәмелдарлар қуда менен байланыстырыүшы әҳмийетке ийе болған. Жәмийет ҳәм мәмлекеттиң тәртип-қағыйдасы инсанның көбирек қайсы тайпаға тийислилиги менен белгиленген.
Қәдимги ҳиндистанда да жәмийет ҳәм мәмлекеттиң келип шығыүы иләҳий, болған тәртип ҳәм қағыйдалар тийкарында орнатылған, деген тўсиниклер де бар.
Сиясый пикир тарийхында диний дәстўрлердиң ең классик көриниси Августин (арқа Африка,354-430 жыллар)дың сиясый теориясында өз көринисин тапқан. Оның теориясының тийкарында Ширкеүге бойсынбағанлар мәмлекет душпанынан парық қылмайды деген идеяны қуүатлайды. Инсанларды болса «илаҳий адам», «жердеги адамлар» ға бөледи. Августинниң көз-қарасларында Платонның еки дўнья, Стоиклардың еки полис ҳаққындағы, зардуштлардың бир-бирине қарама-қарсы еки тийкар (жақсылық ҳәм жаманлық) ҳаққындағы көз-қарасларының тәсири барлығы көринип турады. Мәлим болғанындай, исламда «халиф», «әмир», «имам» сыяқлы тўсиниклер ҳәкимият субьектлери, мәмлекетлик ҳәкимиятты жўргизиүши инсанларға ислетилген.
Мухаммедтен кейинги төрт халифа-Абу Бакр,Омар, Осман, Алий ҳәкимияттың диний ҳәм дўньялық тийкарларын өз-ара жарқын ҳалда бирлестирген. Алийден соң тахтқа отырған халиф дўньялық мәмлекет принциплерине айрықша итибар бере баслайды. {Әмир} динниң қорғаүшысы атағына ийе болған, дўньялық ҳәм мәмлекетке тән ислерди де өз-ара байланыслы тәризде әмелге асырған.
Ф. Аквинский (1225-1274)диң сиясый көз-қараслары орта әсирде диний дәстўрлердеги диний көз-қараслардың ең шыңы деп баҳаланған. Ол Рим католик ширкеүиниң {докторы} деген атаққа ийе болды. Оның қараслары X8X әсирде Рим папасы Лев-X888 тәрепинен {католицизмниң жалғыз ҳақыйқый философиясы} деп жәрияланған. Ф.Аквинский ҳәкимиятты талқылаүдың иләҳий теориясын тўсиндирип, ўш элементтиң бир-биринен парқын көрсетеди` мазмун, фромаға (ийе болыү ҳәм дўзилис) ҳәм оннан пайдаланыү. ҳәкимият өз мазмунына байланыслы иләҳийлықтың орнатылыүы. Соның ушында ол инсанларға жақсылық алып келеди деп саналған. Сиясый көз-қараслардағы диний дәстўрлер әмелий турмыста да өз көринисин табады. Мәселен тўрли мәмлекетлерде, дўньялық динлер көринислери менен сәйкес тўрде дин ҳәм мәмлекет ортасында өзине тән қатнас болған. Бул қатнаслар ширкеү менен патша ортасында, руүханийлар менен патшалар әмирлер, халифалар ортасында ҳәкимият ушын талас ҳәм өз-ара келиспеүшиликлерге де алып келген. Бул процесслер орта әсирлерде тийкарынан теократик мәмлекет ҳәкимиятында көринисин тапқан.

Download 48.54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling