1. Сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың қәлиплесиүи. Шығыста сиясий пикирлер ҳәм идеялар. Жаңа дәүирдеги сиясий көз-қараслар
Download 48.54 Kb.
|
Сиясий көз
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2. Орайлық Азиядағы жәмийетлик сиясий пикирлер ҳәм идеялар
Мәмлекетти басқарыүда конституциялық тийкарға өтилгеннен соң дин ҳәм мәмлекет арасындағы өз ара қатнаслардың ҳуқықый тийкары анық белгилеп алынды. Дин мәмлекеттен, мектеп ширкеүден ажыратылды. Көпшилик дўнья мәмлекетлериндегидей Өзбекстан республикасында да конституция тийкарындаөз раүажлавныү жолын белгилеү, дўньялық мәмлекет қурыү үазыйпаларын әмелге асырмақта. Конституцияның 61 статьясында ` Диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелер мәмлекеттен ажыратылған ҳәмде нызам алдында тең. Мәмлекет диний бирлеспелердиң ҳәрекетине араласпайды деп көрсетилген. Бул мәмлекет ҳәм динниң өз-ара мўнәсебетлерин белгилеп бериүши тийкар болып есапланады.2. Орайлық Азиядағы жәмийетлик сиясий пикирлер ҳәм идеялар ` олардың ҳәр бири өзлериниң жасаған дәүирдиң сиясый қатнасларында жўз берген өзгерислер ҳаққында зәрўр идеяларды тәийплеген ҳәм сиясаттаныү мәселелерин раүажландырыүға мўнәсип дәрежеде ўлес қосқан. Орта Азияда Сиясаттаныү пәниниң мәселелерин ислеп шығылыүына Фарабий, ИбнСина, Беруний, АмирТимур, Улығбек, Наүайы, Бабур, Муқимий, Фурқат, Бердақ, Әжинияз, Кўнхожа, Өтеш сыяқлы жетик ойшыллардың қосқан ўлеслери көп. Шығыс Аристотели {екинши устаз} сыпатында тилге алынатуғын уллы илимпаз Абу Наср Мухаммед Ибн Узлуғ ибн Тархан ал-Фарабий (873-950) илимий мийрасында сиясый идеялар ҳәм көз-қараслар салмақлы орын ийелейди. Аль-Фарабийдиң социаллық сиясый көзқараслары, мәмлекет ҳәкимияты, тәлим-тәрбия, әдеп-икрамлылық, руүхыйлық, мийнет, диний тәлим, урыс ҳәм жарасыү, проблемалары сыяқлы жўдә кең ҳәм жўдә көп темаларды өзинде жәмлестиреди. Оның пикиринше инсанның ҳақыйқый бахыт-дәүлетке ерисиүинде социаллық-сиясый билимлерди терең өзлестириү әмелий жәрдем береди. Аль-Фарабийдиң сиясый көз-қараслары әсирлер асып бизиң ҳәзирги қарама-қарсы гўреслерге бай турмысымызда да ўлкен әҳмийетке ийе. Мәселен оның пазыл қала ҳәкиминиң қандай саналық билимлерге ийе болыү керек екенлиги ҳаққындағы пикирлери кадрлар таярлаү миллий дәстўриндеги үазыйпаларды шешиүде де әҳмийетли. Пазыллар қаласының биринши баслығы ҳаққында былай дейди` {Усы қала халқына ийманлық етиүши ақыллы адам болып ол тәбийятынан бир-еки қәсийетке ийе болыүы керек}. Орайлық Азиядағы сиясий тәлийматлардың қәлиплесиүиде әийемги Хорезм журтында қәлиплескен зарастризм муқаддес китабы {Авестоның әҳмийети уллы}. {Авесто}да дўньяға ҳәм жәмийетке қөз-қарас мәселесине ўлкен итибар қаратылған. Онда аспан менен жерди байланыслылықты тўсинген ҳәм аспанның зайыбы жер деп қабыллап, жер қудайы адамзат деп аталған. Ең жоқарғы қудай аспан-Ахура-Мазда. Орта Азияда, соның ишинде мәмлекетимизде сиясий көз-қараслардың қәлиплесиүи әийемги дәүирлерден басланады. Ал-Фарабийдиң сиясый идеялары тап усы ҳәзирги көплеген сиясый басшыларға қарата жазылған сиясый әмелий үәсиятнама сыпатында қабыл етсек те болады. Уллы шығыс ойшылларының және бири Абу Райхан Беруний болып есапланады. Оны дўньяға танытқан шығармаларының бири, {Аль Осор ул Бахия анилкурун ил-холич} яғный {Әйемги халықлардан қалған естеликлер} шығармасында басқыншылық ҳәм талаүшылық жолын тутқан мәмлекет ҳәкимиятын ҳәм сиясый ҳўкимдарларды қатты қаралайды. Мәселен, орта Азияға көп әскерлер менен бастырып кирген араб басқыншысы Кутейба Ибн Муслимниң халықларды өлтириү ҳәм талан-тараж етиү сиясатын кескин қарайды. {Қытайда Хорезм жазыүын халық тарийхы рәүиятларын ўйренген, ҳәм басқаларға ўйрететуғын адамларды өлтирип жоқ қылып жиберетуғын еди}, деп атап өтеди усы мийнетинде. Абу Райхон Беруний өзиниң барлық илимий шығармаларында, олар қайсы пән тараүына байланыслы болыүына қарамастан ҳәр қандай қатнас пенен өзиниң идеяларын, сиясый көз-қарасларын дөретеди. Сол әйемги заманларда жасап өткен халықлардың социаллық сиясий турмысына бул уллы инсанпәрүар ойшыл бийпарық қарамаған. Мәселен оның {Китоб фи ахборот илмубайизат вал-қаромита} (Ақ кийимлилер ҳәм караматийлер) хабарлары ҳаққында китаплы мийнетинде Орта Азияның сол дәүирдеги ең алдынғы жәмийетлик сиясый ҳәрекетлеринен бири болған караматийлер ҳаққында жўдә жақсы тәрип берди ҳәм олардың сол үақытлардағы сиясий дўзимди хатым еттириү ушын алып барған гўресине тилеклеслик билдирген. Беруний Хорезмшах Мамун 88-сарайында ҳўкимдардың мәслахатшысы болып хызмет еткен үақыяларында мәмлекеттиң сиясий жумысларына актив қатнасқан. Патшаға жәмийеттеги ол яки бул мәселелер бойынша пайдалы мәсләҳәтлер берген. Ол сиясий ҳәкимияттың нәсилден-нәсилге өтиүин бийкарламаған ҳалда мәмлекет басшының ҳәкимиятты басқарыүға уқыбы барлығына яни жоқлығына байланыслы сиясий жўргизиүин дәлиллеп көрсеткен. Абу Али Хасан Ибн Али Гуси-Нызамул Мулк (1018-1092) Шығыс тарийхы ҳәм мәдениятында өзиниң {Сиясатнама} (яки Сияр ул Мўлк) мийнети өз темаларының кеңлиги менен ажыралып турады. Бул мийнет 50 бөлимнен ибарат болып, онда мәмлекет басқарыүына тийисли нызамлар ҳәм қағыйдалар усыл ҳәм қураллар, қазы ҳәм қазыхана ислери, әскер ҳәм әскербасылары, хызметши ҳәм сақшылар,почта ҳәм разведка ислери, елшилерге қатнас т.б. мәселелер бойынша мәсләҳәтлер берилген. Мәмлекетте Орайлық ҳўкимет (атқарыүшы ҳәкимият) кўшли болса, сонда мәмлекетте тынышлық ҳәм адалат ҳўкимлик сўреди. {Сиясатнама} Орайлық ҳўкиметтиң бөлиниүине қарсы қаратылған миллет, оның тийкарғы идеялары орайласқан ҳўкимет дўзиүге кўшли мәмлекет мекемесине, армия ҳәм басға да қадағалаүды кўшейтиүши қураллардыв жаратыүға шақырыды. Алишер Наүайы (1441-1501 жыллар) өз сиясий идеяларын {Садди Искандарий} дәстанында тийкарлап берген ҳәм онда әдалатлы шах тымсалында әдалатлы жәмийетлик идеясын тийкарлап берген. Шайыр ойшыл тўрли халықлар социаллық топарлар ҳәм қатламлар ортасында билимлендириүге тийкарланған қатнасықлар социаллық турақлылыққа асып келетуғынлығын гөззал мысаллар арқалы тәрийплеген. Наүайы турмыстың өлшеми инсан ҳәм оның хызмети қурайтуғынлығын, сонлықтан өзи ушында, пўткил жәмийет ушын да, билимли болыүы кереклигин атап өтеди. Наүайы сиясий көз қарасларында көбирек адалатлы нызамларға тийкарланған билимден шах ҳәкимиятын орман етип, оны азба, көппе Хусайын Байқара дәүириндеги үәзирлик хызметинде әмелге асырыүға урынған. Кўнхожа Ибрайым улы (1799-1880 жыллар) өмир сўрген дәүирде қарақалпақ халқының мәдений экономикалық турмысы оғада аүырласқан дәүирге туүра келди. Оның қосықларынында қарақалпақ халқының жәмийетлик-сиясий өмирин ҳәр тәреплеме тәрийплеген. Оның дөретиүшилигиниң мазмунында өз халқының уллы келешегине исеним, халық хызметине шақырыүшы идеялар менен толы. Кўнхожа қазақ, өзбек, тўркмен халықларының арасында көп болған, олардың турмыс тәризи менен терең таныс болған. Ол өз қосықларында биринши орында инсан әпиүайы адам орын алған ҳәм өзин олардың қорғаүшысысезген оның {Заман}, {Әрманда}, {Жетимниң ҳақын жеп қойма}, {Шопанлар}, {Айдос бий кешти әлемнен}, {Хожақ саған не болды}, т.б. қосықларында жәмийетлик сиясий процесслерге таллаү (анализ) жасайды. Шайыр қоршап турған тиришилик заманда айып жоқ екенлигин, дўньяның жақсылап заманды дўзетиү адамлардың өзине байланыслы екенлигин, инсанлар замандағы әдилсизликтеги өмир сўриүи себеплерин гейпаралардың қыйын турмыста жасаүының неликтен екенлигин анықлап буннан қутылыү жолларын излестириү кереклигин, жәмийетти жақсылаү ушын жәмийетлик қурылыстың тийкарын таллап билиү лазымлығын айтып өткен. Әжинияз Қосыбай улы (1824-1883) #арақалпақ халқының кллассик шайыр-ойшылы. Оның мийнетлеринде өз заманының сиясий идеяларды терең орын алады оның шығармалары инсанды улығлаүға аның бахытлы өмир сўриүи ушын шараят жаратылыүын талап етеди. Адам ушын ең баҳалы нәрсе өмир. Өмирге келген соң дўньяның қызығын көриү, еркин жасаүға ҳәр бир инсанның қуда берген нызамлы ҳуқықы деп атап өтеди. Әжинияздың жәмийетлик ой-пикирлери Шығыс данышпанлығының алдынғы идеялары менен танысып барыүы нәтийжесинде оғада терең мазмунға ийе. Оның қатар қосықларында билимлендириү арқалы жәмийетлик тәртип қағыйдаларды жақсылаү мўмкинлигин патша ҳәм ханларды да әдалатлылыққа шақырыүға болатуғынлығын тәриплеген. Бердақ Ғарғабай улы (1827-1900) Орта Азия жәмийетлик сиясий, философиялық ойларына терең ўлес қосқан Қарақалпақ ойшылы. Орайлық Азия илиминде, мәдениятында, әдебиятында Беруний, Фарабий, Ибн-Сино, Наүайы, Мақтымқулы сыяқлы уллы шахслар менен бир-қатарда турады. Мархум академик М.Нурмухаммедов Рус халқына Пушкин, украйн халқына Шевченко, Грузия халқына Густавели, Өзбек халқына Наүайы, Қазақ халқына Абай, Туркмен халқына Мақтымқулықандай уллы шайыр саналса, Бердақта Қарақалпақ халқының усындай уллы шайыры деп атап өткен еди. Бердақ өз творчествосына көп ғана илимлер менен тараүларына айтарлықтай мағлыүматлар береди. Шығармаларында өз дәүириниң жәмийетлик сана формаларының бир-қанша тўрлеринен~ философия, сиясат, экономика, психология, педагогикаэтика, тил әдебият, тарийх, этнография, ҳуқық мәселелериниң баян еткен универсал ойшыл. Оның сиясий көз-қарасларының орайында өз-халқының бирлесиүи ҳәм азатлық жолында ўлккен бир сиясий кўшке айланыүын арман етеди. Ол байлар зорлығы астында езилген мийнеткешлердиң аүыр мўшкил аүҳалын баян еткен қосық қатарлары арқалы олардың қәлбине еркинлик отын жағыүда өз ўлесин қосқан. Халықтың тыныш, тоқшылық кўнге ерисиүи ушын жәмийетти ақыллы, билимли адамлар басқарыүы, ел басқарыүшыларының өз мәнсапларына ылайық болмаүы олардың билимсизлигинен деп тўсинген {Ақыллы бий пуқараға болар жай, ақмақлар халыққа болады бийжай} деп атап өтип өз творчествасында. X8X әcирде ол пўткил Азияда биринши болып ел патшасының гўналы ислерин ашып беретуғын {Ақмақ патша} поэмасын дөретти. Ол өз дәүириниң сиясий идеологиялық көз-қарасларының тийкарғы элементлерини ашып берди ҳәм халықты әдалатсызлыққа қарсы гўреске шақырды. Қарақалпақ ҳалқының өзлигин аңлаүы ушын азатлыққа умтылыүы кереклигин, ҳәр-бир инсанға ылайық турмыс жаратыүшы инсаный ҳуқықларды тиклеү ушын ҳәрекет еткен демократ шайыр болды. Амир Темур дўзген мәмлекет мангол езиүшилигинен кейнинен қайта тикленди. Download 48.54 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling