1. Сиясий көз-қараслар ҳәм тәлийматлардың қәлиплесиүи. Шығыста сиясий пикирлер ҳәм идеялар. Жаңа дәүирдеги сиясий көз-қараслар
Х1Х-әсирдиң ақыры ХХ-әсирдиң басларында Тўркстан ўлкесинде {Жадидшилик} ҳәрекети
Download 48.54 Kb.
|
Сиясий көз
- Bu sahifa navigatsiya:
- Таяныш тўсиниклер
4.Х1Х-әсирдиң ақыры ХХ-әсирдиң басларында Тўркстан ўлкесинде {Жадидшилик} ҳәрекети пайда болды. Бул ҳәрекеттиң халқымыздың миллий,социал ҳәм мәдений таманнан өтмишинде өзине тийис орны бар. Жадидшилик тийкарында руүхыйлық ҳәрекетиниң көриниси болып, оның тийкаршылары мәмлекетти феодал ҳәрекеттен шығарыү ҳәм миллий раүажланыүға ерисиүдиң руүхыйлық жолыны көсетеди.
Жадидшилик социал сиясый ағартыүшылық ҳәрекет сыпатында сахнаға енди ғана шығып киятырған шарятта Тўркстанда жадидшилик ҳәрекетиниң қәлиплесиүи ҳәм раүажланыүында матбуат өзине тийисли орынға ийе болды. Олардың газета-журналлары ўлкеде кең тарқалып мусылман жасаүшыларының сиясый санасы өсиүинде белгили бир рол ойнады. 1906-жылдан баслап Тўркстан жадидлери өзлериниң {Тараққий}, {Хуршид} атлы газеталарын баспадан шығарды. Жадидлер ҳәрекетиниң Тўркстандағы тийкаршысы оның теориялық тийкаршылардан бири Махмудхожа Беҳбудий (1879-1919) Беҳбудий Самарқанд қаласында руүханий семьясында дўньяға келеди. Ол балалық үақытларында илим-пәнге қызығады, есап, хуқық, дин, араб, ҳәм парсы тилеринен терең сабақ алады. Ол ҳажы болып Мәкке ҳәм Мадинаға барады, Мысыр ҳәм Тўркия қалаларына саяхат қылады. Биринши рус революциясы қарсаңында Беҳбудий Петербург, Москва, Қазан, Уфа, ҳәм Оренбург сыяқлы Россия қалаларында болады. Бул сапар онда терең тәсир қалдырады. Беҳбудий усы дәүир жаңа мәденияты менен жақыннан танысады ҳәм оның ўлкен тийкаршылары менен сәүбетте болады. Беҳбудий миллий мәплерди қорғай алатуғын, экономика ҳәм сиясый қарама-қарсылықлардан қутылыү машқалаларын билетуғын заманға сай билимге ийе кадрлар болыүы лазымлығын айрықша дәлийлейди. Егер биз мәденият ҳәм экономика тараүларында басқа миллетлерге байланыслы болыүды қәлемесек,биз миллий судьялар, адвокатлар, оқытыүшылар, мәмлекет арбаблары, инженер, саүатлы исбилерменлерди таярлаүымыз кереклигин айтып өтеди. Россия мусылманларының миллий азатлық ҳәрекети нәтийжесинде 1905-жылда шөлкемлескен мусылманлар партиясы Беҳбудийдиң хызметин жоқары баҳалайды, ҳәм Тўркстан мәселелери бойынша оның менен мәсләҳәтлесип турады. Беҳбудий өзиниң тўрли партияларға болған мўнәсебетин сәүлелендирип кадетларды қоллап-қуүатлаүға шақырады. Х1Х-әсирдиң ақыры ҳәм ХХ-әсирдиң басларында шығыс ойшылларының сиясый көз-қарасларының миллий азатлық идеялары менен байланыслы ҳалда пайда болғанлығын көремиз. Бул батыстың шығысқа салыстырмалы алып барылған сиясатына беккемлениүшиликке тийкарланғанлығы менен байланыслы. Оның негизинде бир таманнан жаңа территорияларға ийе болыүы байлық арттырыүы болса екинши таманнан дўньяны бөлип алыү тутқынлықта услап турыү сиясаты беккемлениүшилик сиясатына тийис қәсийет тәризде пайда болады. Дәслеп бул шығысты ўйрениү мақсети менен басланған болсада ақыр-ақыбетинде оның сиясый мақсетлери кейиншелик анық мәлим болды. Беккемлениүшиликке қарсы идеялары ҳәм ҳәрекетлери басланды. Европада бул {социализм ушын гўрес} даңқы менен басланған болса шығыста Европаның тәсир көлеминен шығыү ғәрезсизлик идеялары байланыслы ҳалда пайда болды. Бизге белгили бурынғы идеология тийкаршылары {Миллий азатлық ҳәрекетлерин} қоллаған болсада әмелде халықлардың халықлардың азатлығын буүыүға қаратылған еди. Жадидлер ҳәрекетиниң Тўркистанда сиясый проесслер раүажланыүына ўлес қосқан мийнетлери ҳаққында пикир жўриткенде төмендегилерди айрықша атап өткен лазым болады. 1-ден` Бул ағартыүшылық ҳәрекети сыпатында басланған еди. Бирақ оның тийкарғы мақсети тек ағартыүшылық көлеми менен шекленбеген, халықтың улыүма саүаты ҳәм маьрифатын көтериү идеясы илгери сўрилген. 2-ден Олар динге қарсы гўрескен емес бәлким шараятқа қатты көнлигиү арқалы мектеп ҳәм медреселерде тәлим бериү дизимин дўньялық илимлерди бериү тийкарында реформалаүға ҳәрекет қылған. 3-ден. Жадидшилик ҳәрекети Россияда пайда болған большевиклер партиясы динге қарсы ҳўкиметти зорлық жолы менен қолға киритиү, ҳўкиметти орнатыү ушын гўрес алып барған болса, жадидшилер маьрифатты көтериү, халықтың сиясый санасын өсириү ҳәм жәмийет турмысына актив қатнасыүын тәмийинлеүге имканият жаратыү ушын ҳәрекет қылды. Таяныш тўсиниклер Бул темада оның таяныш тўсиниклери политологияда ўйренилетуғын тўсиниклерге сәйкес келеди. {Сиясый қараслар ҳәм тәлийматлар туүралы қараслар} темасының арнаүлы тўсиниги болып есапланады. Download 48.54 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling