Томлар. Каракалпак фольклоры pdf


Download 18.34 Kb.
bet1/3
Sana16.06.2023
Hajmi18.34 Kb.
#1517377
  1   2   3

^шшш^
Солай етип, Әдил шопан патша болыпты.
Қоцсы елдиц патшасы «басы таз шопан бала патша болыпты» деген хабарды еситип, оны көрмекши болып, жолға түседи. Патша кәрўан түйе тартып киятырса, алдынан бир бала шығып:

  • Мени алып кетиц, бирақ, мениц ақшам жоқ, — дейди.

  • Ақшац болмаса, не бересец? — депти патша. Бала ойланып турып:

  • Санымнан бир кеспе гөш беремен, — дейди.

Патша ыразы болып, оны түйесине миндиреди. Күни-түни жол жүрип, олар Әдил патшаньщ қаласына жақынлайды. Қараса, қаланыц сыртынан үлкен дийўал салынып атырған екен. Бала түйениц үстинде ойланып:
— Егер мына дийўалдыц аржағына секирип түссем, кәрўанбасыдан қутыламан ғой, — деп түйениц
үстинен дийўалдыц арғы жағына ырғып түседи. Ол бағда дем алып жатырған бағман ғаррыныц дәл
үстине түседи. Бағман сол жерде-ақ жан тапсырады. Бағманныц балалары оны услап алады. Өзин
«кәрўанбасыман» деп жүрген патша да сол ўақытта жетип келип, биргеликте баланы таза хан, яғный,
Әдил патшаныц алдына алып келеди. Ханға арыз етеди.
Бағманныц балалары:

  • Мына бала бизлердиц әкемизди өлтирди, — дейди.

  • Қалай өлтирди? — деп сорайды патша.

  • Дийўалдыц аржағынан секирип түсемен деп әкемиздиц үстине түсти, — дейди балалары.

  • Онда бул баланы әкецниц жатырған жерине апарып жатқарыцыз. Сени түйеге мингизип, бир секиргеннен усы баланыц үстине түссец, өлсе өлгени, өлмесе, өзинди дарға астыраман. Соған қайылсац ба? — депти патша.

Сонда бағманныц балалары арызынан бирден ўаз кешипти. Екинши арзагөй кәрўанбасы патшаға арызын айтады.
— Биз Жәнибек ханныц елинен кәрўан тартып киятырсақ, бул бала «түйеге миниўге ақшам жоқ,
санымнан гөш кесип беремен» деп, мәнзилге жеткеннен кейин қашып кетпекши болды, — дейди.
Сонда патша:
— Сениц қолыца өткир пышақ беремен. Баланыц санынан бир кеспе гөш кесип аласац. Егер
гөш артық ямаса кем болса, өлесец! — дейди.
Өлим саўдасыныц аўыр екенлигин билип, кәрўанбасы да арызынан бас тартады ҳәм патшаға:
— Сизди сынаў ушын алдыцызға арыз етип келип едим. Мен де сиздей патша боламан. Сиз
бизден де ақыллы патша екенсиз. Тапқырлығыцызға қайыл қалдым, — депти.
Әне, соннан баслап еки патша жақсы танысып, еки ел арасында қатнасықты беккемлейди.
Жәнибек хан қызын Әдил патшаға мүнәсип деп оған береди.
Солай етип, дағыстанда қой бағып жүрген шопан бала бахытлы дәўран сүреди. Елине әдил патша болып, халқы қутлы қоныста, абаданшылықта жасапты. Соннан баслап бул ел «Әдил Қутлық» деп аталып кеткен екен.

Download 18.34 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling