Томлар. Каракалпак фольклоры pdf


Download 18.34 Kb.
bet2/3
Sana16.06.2023
Hajmi18.34 Kb.
#1517377
1   2   3
ЕЦ УЛЛЫ КӘСИП
(Р-1085, № 182787)
Бурынғы өткен заманларда бир патшаныц бойжеткен қызы бар екен. Патша қызын ақыллы, дана, мийнеткеш жигитке бермекши болыпты. Ол бас ўәзирин шақырып, сораўын айта баслапты:
— Егер де ким дүньядағы ец уллы кәсипти ийелесе ҳәм таўып келсе, сол жигитке қызымды
беремен, — депти.
Ўәзир буны халыкқа оқып еситтирипти. Бул гәпти сол ўәзирдиц баласы еситип патшаға барыпты. Патшаныц алдында үш жигит турған екен. Биринши жигит:
— Дүньядағы кәсиплердиц ец уллысы — бул устазлық кәсиби. Себеби, устаз жас әўладты тәрбиялап
билим-илим сырларын үйретеди. Мен соныц ушын да устазлық кәсибин тацладым, — депти.
Екинши жигит:
— Дүньядағы ец уллы кәсип — бағманшылық. Өйткени, бағман әтирапты көклемзарластырады,
түрли гүллер егип, әлемди гөззаллық келбетине бөлейди. Ал, мийўелери болса, халқымыздыц
дастурханын толтырып турады, — депти мақтанып.

Ал, үшинши жигит:
— Дүньядағы ец уллы кәсип бул — тәўипшилик кәсиби есапланады. Тәўип адамларды емлейди.
Тәўир болған наўқас адам оған рахметин айтады.
Бул үшеўи де айтып болғаннан соц ўәзирдиц баласы:
— Дүньяда жаман кәсиптиц өзи болмайды. Мысалы, қайсы кәсип үлкен болсын, киши болсын,
барлығыныц да адамлар ушын пайдасы, үлеси бар. Соныц ушын да, кәсиплердиц үлкен-кишиси
болмайды, — деп жуўап берипти.
Патша бул баланыц жуўабына кеўли толып, оған қызын береди. Солай етип, олар мурат-мақсетине жетип, узақ өмир жасапты.
СЫЙҚЫРЛЫ МАЛАҚАЙ
(Р-1085. № 182787)
Бурынғы өткен заманда бир бала анасы менен тоғайға жақын жерде жасапты. Олардыц үйлерине басқа үйлер дым алыс екен.
Бир күни баланыц анасы аўырып қалыпты. Бала не қыларын билмепти. Сөйтип ойланып-ойланып, тоғайда жасайтуғын, өзи қақаман қыс күнлери гешир ҳәм тағы да басқа азық берип бағатуғын Ақ қоянды излепти. Басқа барып ойласатуғын, жәрдем сорайтуғын сүйениши жоқ еди.
Бала тоғайды аралап излеп жүрсе Ақ қоян гезлесипти. Бала анасыныц наўқас екенлигин айтқан екен, Ақ қоян «азмаз тура тур» деп қалыц бүк арасына зып етип кирип кетип, ҳәп заматта бир қоянныц терисинен исленген малақайды аўзына тислеп алып шығыпты. Балаға берипти.
— Анац басына усыны кийсе тәўир болып кетеди! — депти Ақ қоян.
Бала қуўанып үйине келипти. Анасына сыйқырлы қоян терисинен тигилген малақайды кийгизген екен, ол бирден жүзине қан жуўырып, дицкеси енип, тәўир болып турып кетипти. Анасы баласын қайта-қайта сүйип, перзентине ырза болыпты.
Солай етип, бала анасы менен узақ ўақыт аўырмай жақсы күн кеширипти. Жыллар өткен соц қартайған Ақ қоянды болса олар үйине алып келип бағыпты.

Download 18.34 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling