15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
- сүўрет. Мийнет базарында халықты жумыс пенен тәмийинлеўдиң мәмлекет кепиллери бойынша тийкарғы бағдарлары
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
7.3 - сүўрет. Мийнет базарында халықты жумыс пенен тәмийинлеўдиң мәмлекет кепиллери бойынша тийкарғы бағдарлары
Мәмлекет тәрепинен қолланылатуғын тәртипке салыўшылардың (экономикалық, социаллық, шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый) орны мийнет базарында қарама-қарсылықларды жумсатыў, жумысшы күшине талап ҳәм усыныс конъюнктурасындағы теңсалмақлық болмаған ҳәм оларды кризисли бузылыў ақыбетлерин (жалпы жумыссызлықтың пайда болыўы, социаллық хожалықта жумысқа жайласыўға мүмкиншиликтиң жоқлығы, дәраматлардың пәсейиўи ҳәм басқалардан) ескертиў жолы менен белгиленеди. Базыда базар қатнасықларының социаллық ақыбетлери нәтийжесинде сондай шараятлар қәлиплеседи, онда аўыл халқының бир бөлиминиң мийнет етиў ҳәм дәрамат алыў ҳуқықларына ийе болыўында қыйыншылықлар жүзеге келиўи нәтийжесинде турмыс дәрежеси пәсейеди. Экономикалық тәртипке салыўшылар (салықлар, мийнет ҳақы, финанс-кредит қураллары, инвестициялардың тартылыўы, жумыс пенен бәнтликке жәрдемлесиў жамғармасы ҳәм басқалар) социаллық-экономикалық орталықты жаратыўға қаратылған. Онда аўылдағы жумысшы күшиниң ҳәрекети талап ҳәм усынысқа муўапық ҳәр бир дәўирде қойылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда пайда болады. Тәртипке салыўшылардың ең әҳмийетли бағдары соннан ибарат, олардың комплекси арқалы мийнет базарында салыстырмалы теңсалмақлыққа ерисиў мүмкин. Мәмлекет мийнет потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жумыссызлықты сапластырыўға қаратылған мәмлекет сиясатының және бир бағдарларынан бири «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў» аймақлық дәстүрлериниң әмелге асырылыўы. Бул дәстүр Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм областлар көлеминде ислеп шығылып, онда экономика тармақларында жаңа жумыс орынлары жаратыў параметрлери белгиленеди. Халықты жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған аймақлық дәстүрлердиң әмелге асырылыўы нәтийжесинде республикада ҳәр жылы бир неше жүз мыңлап жаңа жумыс орынлары дүзилмекте. 2020 жылда мәмлекетимизде жәми 950 мыңнан артық жумыс орны дүзилгенлигин айтып өтиўимиз керек. Бул жаңа дүзилген улыўма жумыс орынларының 600 мыңнан зыяты ямаса 65 проценти киши бизнес тараўы ҳәм фермер хожалықларына, 210 мыңнан артығы үйге алып ислеўши тараўына туўры келеди. Мийнет базарында мәмлекеттиң әмелге асыратуғын сиясатларынан және бири социаллық қорғаў сиясаты. Оған қарай мәмлекет мийнет базарында бәсекиге шыдамлы емес ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахсларды жумысқа жайластырыў бойынша илажларды көзде тутады. Яғный, халықты жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесиў мақсетинде кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлерге социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналып атырған ҳәм мийнет базарында тең шараятларда бәсекилесиўге қәдир болмаған шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең аз муғдары белгиленеди. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998 жыл 1 декабрдеги 504-санлы қарары менен тастыйықланған «Социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналып атырған ҳәм мийнет базарында тең шараятларда бәсекилесиўге қәдир болмаған шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең аз муғдарын белгилеў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық пуқаралардың бул топарына төмендегилер киреди: • он төрт жасқа толмаған балалары ҳәм нәгиран балалары бар жалғыз ата, аналар ҳәмде көп балалы ата-аналар; • билимлендириў мекемелерин тамамлаған жаслар, олар билимлендириў мекемесин тамамланғаннан кейин бир жыл даўамында; • Өзбекстан Республикасы Кураллы Күшлеринен, Ишки жумыслар министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети ҳәм Қыстаўлы жағдайлар министрлигинен босатылғанлар; • нәгиранлар ҳәм пенсия жасына жақынласып қалған шахслар; • жазаны орынлаў мекемелеринен азат етилген ямаса суд қарары менен медициналық мәжбүрлеў шараларына тартылған шахслар. Нәгиранлар ушын жумыс орынларының ең аз муғдары хызметкерлердиң дизимдеги орташа саны кеминде 34 адамды қурайтуғын кәрханалар ушын, социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың басқа топарлары ушын болса, жумыс орынларының ең аз муғдары хызметкерлердиң дизимдеги орташа саны 100 ҳәм оннан артық адамды қурайтуғын кәрханалар ушын белгиленеди. Нәгиранлар ушын дүзилетуғын ямаса ажыратылатуғын жумыс орынларының ең аз муғдары хызметкерлердиң дизимдеги орташа санының кеминде 3,0%и муғдарында белгиленеди. Социаллық қорғаўға мүтәж шахслардың басқа топарлары ушын кәрханалар тәрепинен пайда етилетуғын ямаса ажыратылатуғын жумыс орынларының ең аз саны анық, кәрханалардың потенциалы ҳәм олардың финанслық аўҳалынан келип шығып белгиленеди. Бунда социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын, нәгиранлардан тысқары, пайда етилетуғын (ажыратылатуғын) жумыс орынлары саны хызметкерлердиң дизимдеги орташа санының 4,0%ке шекем белгиленеди. Жазаны орынлаў мекемелеринен азат етилген ямаса суд қарары менен медициналық мәжбүрлеў шараларына тартылған шахслар Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling