15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнет ресурслары балансын дүзиў ҳәм оны анализлеў


Download 0.79 Mb.
bet143/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   139   140   141   142   143   144   145   146   ...   198
Bog'liq
Miynet

5.3. Мийнет ресурслары балансын дүзиў ҳәм оны анализлеў

2017 жыл 24-майда Министрлер Кеңесиниң “Жумысқа жайластырыўға мүтәж жумыс пенен бәнт болмаған халықты есапқа алыў методикасын жетилистириў ҳаққында”ғы 106-санлы Қарары менен қабыл етилди ҳәм оған муўапық ағымдағы жылдың 1-июлинен баслап “Жумысқа жайластырыўға мүтәж мийнет пенен бәнт болмаған халықты регионлар бойынша есаплап шығыў методикасы әмелиятқа енгизилди. Методика Халық аралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен белгиленген нормалардан келип шығылған болып, Өзбекстан Республикасының жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм мийнет базарының өзине сәйкес өзгешеликлерин есапқа алады. Онда “жумысқа жайластырыўға мүтәж мийнет пенен халық түсиниги халық аралық стандартларда көзде тутылған “жумыссызлар” түсинигине тең деп қаралады.


Жумысқа жайластырыўға мүтәж мийнет пенен бәнт болмаған халық (жумыссызлар) дегенде, нызам ҳүжжетлерине муўапық рәсмий жумыссыз сыпатында дизимнен өткизилген шахслар, сондай-ақ ҳақы төленетуғын жумысқа ямаса дәрамат келтириўши өнерге ийе болмаған, ғәрезсиз түрде жумыс излеўши ҳәм бундай жумыс усыныс етилсе, жумысқа жайласыўға таяр болған мийнетке жарамлы жастағы ўақтынша мийнет пенен бәнт болмаған шахслар түсиниледи.
Рәсмий түрде дизимге алынған жумыссызлар қатарына - 16 жастан пенсия менен тәмийинлениў ҳуқықын алыў жасында болған, жумысқа, мийнет ҳақы ҳәм дәраматқа ийе болмаған, мийнет органларында жумыс излеўши, ислеўге, кәсип бойынша таярлықтан ҳәм қайта таярлықтан өтиўге, маманлығын асырыўға таяр шахс сыпатында дизимге алынған шахслар киреди.
Жумыс пенен бәнт болғанлар қатарына төмендегилер киритиледи:
1. Жалланып ислеп атырғанлар, соннан жумысларды толық болмаған жумыс ўақты даўамында ямаса үйде мийнет ҳақы алып орынлап атырған, сондай-ақ ҳақы төленетуғын басқа жумысқа, соннан ўақтыншалық жумысқа ийе болған пуқаралар;
2. Кеселлик, демалыс, қайта таярлық, маманлығын асырыў, өндиристиң тоқтап турыўы себепли, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық ўақтыншалық жумыста болмаған хызметкер ушын жумыс орны сақланып қалатуғын басқа жағдайларда жумыс орнында ўақтыншалық болмаған пуқаралар;
3. Өзин ғәрезсиз түрде жумыс пенен тәмийинлеўши пуқаралар, исбилерменлер, соннан юридикалық шахс болмай исбилерменлик ҳәрекети менен шуғылланыўшы исбилерменлер, кооперативлер ағзалары, фермерлер, жеке жәрдемши ҳәм дийхан хожалықларында мийнет пенен бәнт болғанлар, тиккелей мал бағыўшылар, шарўашылық ҳәм басқа аўыл хожалығы өнимлери жетистириўшилер ҳәм сатыўшылар, сондай-ақ көрсетип өтилген пуқаралар топарының өндиристе қатнасатуғын шаңарақ ағзалары;
4. Қураллы күшлерде, Миллий қәўипсизлик ҳәмде ишки жумыслар органлары ҳәм армиясында хызметти, сондай-ақ альтернативлик хызметте болып атырған пуқаралар;
5. Жәмәәтлик бирлеспелеринде ҳәм диний шөлкемлерде ислеп атырған, өз ҳәрекетин нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылып атырған пуқаралар.
Мийнет ресурслары өз гезегинде еки бөлимге: экономикалық актив ҳәм экономикалық актив емес халыққа бөлинеди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   139   140   141   142   143   144   145   146   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling