15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнет ресурсларын бөлистириў дегенде ресурслардың экономика тармақларында ислейтуғын ҳәм ислемейтуғын бөлимлери түсиниледи
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
Мийнет ресурсларын бөлистириў дегенде ресурслардың экономика тармақларында ислейтуғын ҳәм ислемейтуғын бөлимлери түсиниледи. Өз гезегинде ислемейтуғын бөлим мийнет етиў қәбилетине ийе болған жастағы оқыўшыларға ҳәм жеке жәрдемши хожалық пенен шуғылланыўшыларға, әскерий күшлер қатарында хызмет етип атырғанларға, жумыссызларға, сондай-ақ, ҳеш жерде ислемейтуғынларға, оқымайтуғынларға ҳәм жумыс излемейтуғынларға бөлинеди31.
Мийнет пенен бәнтлик түрлери бойынша мийнет ресурсларының бөлиниўин тек ғана пуқара халық (яғный буған әскерий хызметшилер кирмейди) бойынша бақлаў мүмкин. Ислейтуғын халық (мийнет пенен бәнт халық) өз гезегинде айырым тармақлар, кәсип топарлары бойынша бөлиниўи, соннан, ақылый ҳәм физикалық мийнет бойынша, мийнет режими бойынша (толық жыллық бәнтлик, толық болмаған жумыс күни ҳәм ҳәптеси ҳәм т.б.) ҳәмде социаллық-экономикалық тараўлар бойынша қарап шығылады. Халық аралық тәреплерден бири мийнет пенен бәнтлерин «экономикалық хызмет түрлери бойынша» бөлистириў болып табылады. Бул тәрептиң мазмуны экономикалық хызмет түрлери классификаторы, өним ҳәм хызметлер классификаторы, деп белгиленген. Оған халық аралық стандарт тармақ классификациясы ҳәм халық аралық тийкарғы өнимлер классификаторы киреди, олар БМТның статистика комиссиясы тәрепинен ислеп шығылған. Мийнет ресурсларының дүзилисине жас көз-қарастан мүрәжет етиў, әсиресе базар шараятында көбирек әҳмийетке ийе. Әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар жетискенлиги жаслардың санына көп жақтан байланыслы. Жаслар жаңа экономикалық «рух»ты өзлери ҳәм мәмлекет пайдасы ушын нәтийжелирек өзлестирип алады. Мийнет ресурсларын бөлистириўге байланыслы түрде инсан ресурсларының мүмкиншиликлери раўажланыў факторлары сыпатында үлкен ямаса киши болыўы мүмкин. Мәселеге мине усы түрде жантасыў жәмийеттиң мийнет потенциалын, регионды, кәрханаларды үйрениў ҳәм анықлаў мүмкиншилигин береди. Мийнет потенциалын сапа өлшеминдеги мийнет ресурслары сыпатында тәрийплеў мүмкин. Жоқарыда айтылғанлардан сол анық, «мийнет потенциалы» түсиниги мийнет ресурслары ҳәм экономиканың өз-ара тәсирин үйрениўге жәрдем беретуғын айрықша фактор болып есапланады. Биз және «мийнет нәтийжелилиги» деген тәрийпти те анықлап алыўымыз керек. Ол мийнет ресурсларынан пайдаланыўдың көрсеткишлеринен бири болып есапланады. Ҳәр қандай ҳәрекет түриндеги нәтийжелилик ўақыт пенен өлшенеди, ўақыт өним бирлигин ямаса хызметлер бирлигин өндириске жумсалады. Бунда өним ҳәм хызметлер сапасына қойылатуғын талапларға үлкен итибар бериледи. Мине усы көз-қарастан мийнетти енгизиў нәтийжелилиги - жоқары сапалы нәтийжеге мийнеттиң жумсалыўын кемейтириў болып табылады. Мийнет ресурсларын бөлистириў түрлеринен бири мәмлекет регионы бойынша бөлистириў болып, ол да белгили пайдалы мағлыўматқа ийе. Республика регионы экономикалық раўажланыў дәрежеси адамлардың абаданшылығы ҳәм демографиялық раўажланыўы менен ажыралады. Мийнет ресурсларын қәлиплестириўдиң регионаллық өзгешеликлери дәслеп демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық факторлар тәсири менен байланыслы. Демографиялық факторларға халықтың қайта өндиристеги жеделлиги киреди. Ол шешиўши дәрежеде туўылыў дәрежеси менен байланыслы. Бул дәреже қанша жоқары болса, мийнетке қәбилетли жастағы халық, демек, мийнет ресурслары сонша тез өседи. Социаллық-экономикалық факторлардан мийнет ресурсларын қәлиплестириў ушын бир қанша әҳмийетлиси региондағы өндирис ҳәм экономикалық конъюнктура структурасының өзгешеликлерин (мийнет өнимдарлығының өсиўи) айтып өтиў мүмкин. Бул жағдай ислеўши өспиримлер ҳәм ислеўши пенсионерлер санына тәсир етеди. Жумыс орынларының, әсиресе өспиримлер ҳәм үлкен жастағы ислеўшилер мийнетинен пайдаланыўға сәйкес келетуғын жумыс орынларының бар болыўы өндирис структурасы менен байланыслы. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling