15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet150/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   146   147   148   149   150   151   152   153   ...   198
Bog'liq
Miynet

UХS =UХ х 1% (3.12. ),
бунда:
UХS - ҳәр бир район (қала)да сорап шығылыўы керек болған үй хожалықлары саны;
UХ - район (қала)дағы үй хожалықлары саны;
b) екинши басқышта үй хожалықлары үйренилетуғын халық пунктлери анықланады, бунда:

  • таңлап алынған халық пунктлери қасындағы шегараларға ийе болмаўы керек;

  • район орайлары ҳәм олардан алыста жайласқан халық пунктлери мәжбүрий тәртипте үйренилиўи керек;

  • ҳәр бир районда кеминде 5 халық пункти (район орайы да усы қатарға киреди) үйренилиўи керек;

  • ҳәр бир қалада қасындағы шегараларға ийе болмаған кеминде 5 мәҳәлле үйренилиўи керек.

Халық пунктлерин таңлаў район (қала) статистика бөлими менен келискен ҳалда район (қала) Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайлары тәрепинен әмелге асырылады;
v) үшинши басқышта ҳәр бир халық пунктинде үйренилиўи керек болған үй хожалықлары саны анықланады;
g) төртинши басқышта халық пунктлеринде (мәҳәллелерде) бар болған үй хожалықлары дизимлери тийкарында үйренилиўи керек болған үй хожалықларының анық дизими анықланады.
Бунда таңлаўдың төмендеги тәртип-қағыйдасын көзде тутылатуғын "пропорционал басқышпа-басқыш таңлаў" усылынан пайдаланылады:
- бул халық пунктинде (мәҳәлледе) жайласқан үй хожалықларының есапланған санын үйренилиўи керек болған үй хожалықларының есапланған санына бөлиў жолы менен "таңлаў басқышы" анықланады (мәселен, таңлап алынған халық пунктинде 300 үй хожалығы бар болып, үйренилетуғын үй хожалықлары саны болса 30 ды қураўы керек болса, "таңлаў басқышы" "10" ды (300:10) қурайды);
- үй хожалықларының улыўма санынан "таңлаў басқышы"а бир есе ҳәр бир үй хожалығына тәртип саны бериледи ҳәм таңлап алынады.
Үй хожалықлары сораўы Мәмлекетлик статистика комитети менен келискен ҳалда Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын арнаўлы сораўнама бойынша әмелге асырылады.
Үй хожалықларының мийнетке жарамлы жастағы барлық ағзаларынан сорап шығыўы керек, олар ҳәзир болмаған жағдайда болса ҳәзир болмаған үй хожалықлары ағзаларына тийисли жуўапларды үй хожалығының басқа ўәкилликке ийе ағзасынан алыўға жол қойылады.
Сораўды әмелге асырған хызметкерлерден үй хожалықлары сораўының толтырылған сораўнамаларын қабыл етиў район (қала) Бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм халықты социаллық қорғаў орайының жумысқа жайластырыўға мүтәж болған халықты есапқа алыў ҳәм олар бойынша мағлыўматлар банкин қәлиплестириў бөлим баслығы тәрепинен әмелге асырылады.
Толтырылған сораўнамаларды қабыл етиўде:

  • сорап шыққан хызметкер тәрепинен үй хожалықлары сораўының анық тәризде таңланыўына әмел еткенлиги;

  • сораўнама сораўлары толық толтырылғанлығы;

  • сораўнама сораўларына жуўаплардың логикалығы ҳәм бир-бирине қарама-қарсы емеслигин тексериў тәмийинлениўи керек.

Үй хожалықлары сораўы өткерилиўиниң сапасы ушын жуўапкершилик үй хожалықлары сораўын өткерген хызметкерге ҳәм сораўнаманы қабыл етип алған шахсқа жүкленеди.
Сораўнама материалы қабыл етип алынғаннан кейин оны қайта ислеў арнаўлы компьютер дәстүри жәрдеминде әмелге асырылады. Мағлыўматлар базасын қәлиплестириў (мағлыўматларды компьютерге киритиў) Қарақалпақстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги, областлар ҳәм Ташкент қаласы мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў бас басқармалары тәрепинен әмелге асырылады.
Мағлыўматлар компьютерге толық киритилгеннен кейин мағлыўматлар базасы ҳәр бир район бойынша айрықша файллар формасында кейин пухта ислеў ҳәм анализлеў ушын Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигине жибериледи.
Мағлыўматларды пухта ислеў ҳәм анализлеў төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:

  • мағлыўматлар базасын қәлиплестириў (компьютерге киритиў) - есабат шереги ақырғы айынан кейинги айдың 1-күнине шекем;

  • ҳәр бир район бойынша жыйнаў кестелерди пухта ислеў ҳәм алыў - есабат шереги ақырғы айынан кейинги айдың 10-күнине шекем;

  • тексериў нәтийжелери бойынша анализли мағлыўматнама ҳәм анализли кестелер таярлаў – есабат шереги ақырғы айынан кейинги айдың 15-күнине шекем.


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   146   147   148   149   150   151   152   153   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling