15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
MMS - мигрант мийнеткешлердиң соралғанлардың улыўма санындағы салмағы; KMMS
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- MM = MMS х MLА : 100 ( 3.9.), бунда: MM
MMS - мигрант мийнеткешлердиң соралғанлардың улыўма санындағы салмағы;
KMMS - мийнет ҳәрекетин әмелге асырыў ушын сырт елге кеткен шахслардың (мигрант мийнеткешлердиң) мийнет пенен бәнтлик мәселеси бойынша үй хожалықларын үйрениў даўамында анықланған саны; SS - мийнетке жарамлы жастағы соралғанлар саны, барлығы. Еслетпе. Сырт елдеги мигрант мийнеткешлердиң үй хожалықларын үйрениўде тиккелей қатнаспағанлығын (сораў ўақтында болмаўын) есапқа алып, бул шахслар саны ҳаққындағы мағлыўматлар соралып атырған үй хожалықлары ўәкилликли ағзаларынан соралған ҳалда алынады. b) мигрант мийнеткешлердиң соралғанлардың улыўма санындағы салмағы бойынша мигрант мийнеткешлердиң мийнетке жарамлы жастағы мийнетке жарамлы халық дүзилисиндеги улыўма саны төмендеги формула бойынша есаплап шығылады: MM = MMS х MLА : 100 ( 3.9.), бунда: MM - мигрант мийнеткешлер саны, барлығы; MJX - мийнетке жарамлы жастағы мийнетке жарамлы халық саны. v) зәрүрлик болғанда, мийнет ҳәрекетин сырт елде әмелге асырып атырғанлардың саны кеткен бағдары (мәмлекети) бойынша анықланады. Оның ушын: - изертлеўлер мағлыўматлары бойынша ҳәр қайсы мәмлекеттеги мийнет ҳәрекетин әмелге асырып атырған мигрант мийнеткешлердиң соралғанлар улыўма санындағы салмағы анықланады; - мийнетке жарамлы жастағы мийнетке жарамлы халық улыўма санына қарай салмақты пропорционал түрде есаплап шығыў ҳәм жәмлеў (жыйнаў) жолы менен белгили мәмлекетлерде мийнет ҳәрекетин әмелге асырып атырған мигрант мийнеткешлер саны анықланады. 2) Екиншиден, улыўма республика бойынша мийнет ресурсларын есаплап шығыўда мийнет ҳәрекетин әмелге асырыў ушын сырт елге кеткен шахслар саны есапқа алынады. Олардың саны Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Мийнет ҳәрекетин әмелге асырыў ушын сырт еллерге кетип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларын есапқа алыўды жетилистириў ҳаққында" 2017 жыл 15 майдағы 97-сан қарары менен тастыйықланған Схема бойынша, төмендегилерди өз ишине алыўшы интеграцияласқан мағлыўматлар модули тийкарында анықланады: а) сырт елге кеткенлердиң саны ҳәм мақсети ҳаққында бажыхана декларациясының жетилистирилген формасы тийкарындағы ҳәр шереклик статистика есабаты мағлыўматлары; b) мийнет эмиграциясы мәселелери бойынша ҳәр жылғы социологиялық изертлеўлер мағлыўматлары; v) мийнет ҳәрекетин сырт елде әмелге асырыў ушын пуқараларға Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги тәрепинен берилген рухсатнамалар мағлыўматлары; g) Сыртқы ислер министрлигиниң сырт елдеги консуллық мекемелеринен алынған мағлыўматлар; d) үй хожалықларын мийнет пенен бәнтлик мәселелери бойынша ҳәр шереклик изертлеўлер мағлыўматлары. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling