15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
VI-бап. МИЙНЕТ БАЗАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
VI-бап. МИЙНЕТ БАЗАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
6.1.Мийнет базары түсиниги ҳәм оның қәлиплесиўи Базар айырым товарлар ҳәм хызметлерге талап пенен мүрәжет етиўши қарыйдарлар ҳәм усыныс тийкарында жеткерип бериўши сатыўшыларды бир-бирине қосатуғын институт ямаса механизм. Шийки зат, материаллар, жанылғы, таяр өним, қымбатлы қағазлар, пул (кредит) базарлары бир-биринен парықланады. Мине усы базарларды шөлкемлестириўдиң өзине сай өзгешеликлери бар. Олардың пайда болыўына, тийкарынан, базар тийкары есапланған бул базарда алды-сатты объекти болатуғын товар тәсир етеди. Товар алмастырылыўының тәбийий негизи болатуғын мийнет бөлистирилиўиниң даўам етиў процесинде базарлар майдаланыўы (бөлиниўи) күшейеди, олардың қәнигелесиўи тереңлеседи. Соған қарай, базарлар түрли формаларда: булар киши чайхана ҳәм дүкәншадан баслап, ири фонд биржасы ҳәм халық-аралық кредитлер базарына шекем болыўы мүмкин. Базарлар арасында мийнет базары айрықша орын тутады. Базар экономикасының ажыралмас ҳәм әҳмийетли структуралық бөлими – мийнет базары есапланады. Мийнет базары арқалы ғана әҳмийетли миллий ресурс есапланған мийнет регионлар, тармақлар, фирмалар ҳәм кәсиплер бойынша бөлистириледи. Усы базарда оның баҳасы да белгиленеди. Мийнет базары жумыс пенен бәнтликти тәртипке салыўда актив роль ойнайды. Мийнет базарында тийкарғы миллий ресурс - жумысшы күши қәлиплеседи ҳәмде кәрханалар, тармақлар ҳәм регионлар бойынша бөлистириледи32. Мийнет базары экономикалық актив халықтың жумыс пенен бәнтлигин, өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўына тартылыўын тәмийинлейди. Ол жумысшыниң өзи ушын жәнеде сәйкес жумыс орнына өтиўин жеңиллестиреди. Мийнет базары арқалы кәрханалар зәрүр муғдарда ҳәм талап етилген сапаға ийе жумысшы күши менен тәмийинленеди. Мийнет базары қандай кадрлар, қәнигелер, кәсиплерге талап барлығын, олардан қайсылары артықшалығын көрсетеди. Мийнет базарында бәсекиниң болыўы, бир тәрептен, жалланба жумысшылер өз профессионал шеберлигин асырыўы ҳәм кеңейтириўин, маманлығын асырыўын хошаметлейди, екинши тәрептен, жумыс бериўшилерди қолайлы мийнет ҳәм оған ҳақы төлеў шараятларын жаратыў ҳәмде сақлап турыўға шақырады. Мийнет базары – бул мийнетке қәбилетли халықтың жумыс пенен бәнт болған ҳәм бәнт болмаған бөлимлери ҳәмде жумыс бериўшилер ортасындағы қатнасықларды ҳәмде олардың жеке мәплерин есапқа алыўшы шәртнамалар (мийнет келисимлери) тийкарында “мийнетке қәбилетлилерин” сатыў-сатып алыўды әмелге асырыўшы, сондай-ақ жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы қатнасларды тиккелей тәртипке салыўшы, базар экономикасының қурамалы, көп тәреплеме, өсиўши ҳәм ашық социаллық – экономикалық системасы. Мийнет базарының тийкарғы элементлери төмендегилер: жумысшы күшиниң усынысы; жумысшы күшине болған талап; жумысшы күшине болған талап ҳәм усыныстың қатнасы тийкарында оның баҳасы (мийнет ҳақы) қәлиплеседи; бәсеки. Мийнет базары онда жүзеге келип атырған жумысшы күши ағымларын тәртипке салады. Бул ағымлар төрт тийкарғы бағдар бойынша жүзеге келеди (6.1-сүўрет): Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling