15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-кесте Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақлары бойынша бөлиниўи, мың адам
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Көрсеткишлер Жыллар 2017 2018
6.2 -кесте
Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақлары бойынша бөлиниўи, мың адам
Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары Республиканың мийнет ресурслары артықша регионлары, дәслеп, Андижан, Ферғана, Наманган, Ташкент, Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Хорезм областлары ушын бул базарды тәртипке салыўдың бир қанша нәтийжели усыллары деп, жумысшы күшине болған талаптың өсиўи ҳәм оның усынысының кемейиўин есаплаў зәрүр. Бул усыллар нелерде сәўлелениўин көрип шығайық: а) жумысшы күшине талаптың асырыў усылы. Базар экономикасына өтиў шараятларында мүлкти меншиклестириў ҳәм мәмлекет ийелигинен шығарыў, экономикамызды структуралық өзгертиў, зыян келтирип ислеп атырған кәрханаларды тамамлаў, илим-техника раўажланыўының жетискенликлер ҳәм интенсив технологияларды енгизиў есабынан тийкарынан өндиристен босап атырған хызметкерлер салмағы көбеймекте. Жумысшы күшине болған талапты асырыўды хошаметлеў усылларын енгизиў – мийнет ресурсларының ақылға муўапық бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәмде бул регионлар ушын нәтийжели тармақларды раўажландырыўға қаратылған. Аўыл хожалық өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм сатып алыў ҳәмде агросервис хызметин көрсетиў ҳәм жеке мийнет ҳәрекети бойынша жумыс орынларын жаратыў, өндирис күшлери ҳәм бәнтликтиң дәстүрий емес формаларын раўажландырыў, аграр секторындағы жумыстан ўақтынша босатылып атырған шахслар ушын бар кәрханаларды кеңейтиў ҳәм қайта ремонтлаў ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде туўрыдан-туўры инвестициялар – капиталлар қолланыўдың тийкарғы бағдарлары болып табылады. Жумысшы күшлерине талапты асырыўды аgrосанаат комплексиниң мийнет ресурсларын қайта бөлистириўден мәпдар тармақларында жумыс орынларын жаратыў ҳәмде барларын қайта ремонтлаў ҳәм жаңа заманагөй кәсиплерди ийелеўге капиталларды туўрыдан-туўры тартыў арқалы тәртипке салыў мүмкин. Дотациялар, субсидиялар ҳәм кредитлерди агросанаат комплексиндеги кәрханаларды, әсиресе, қайта ислеў кәрханаларын қурыў, техникалық жақтан қайта қуралландырыў ҳәм реконструкциялаўға, жеке мийнет ҳәрекетин раўажландырыў жолы менен хызмет көрсетиў тараўын кеңейтиўге, сондай-ақ, көп балалы ҳаяллар, мийнетке жарамлы пенсионерлер, нәгиранлар, өспиримлер ҳәм басқаларға сәйкес жумыс орынларын жүзеге келтириўге бағдарлаў мақсетке муўапық. Солай етип артықша мийнет ресурсларын жоқарыда айтып өтилген тармақларға ҳәм айырым арнаўлы жумыс орынларына тартыў жумысшы күшлердиң кәсиплик ҳәм маманлық дүзилисине тиккелей тәсир өткериўи мүмкин. Ўақтынша жумыс орынларын жаратыў ҳәм мүлкшиликтиң түрли формаларын раўажландырыў, халықты жумыс пенен бәнтлигин асырыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, ол кәрханалардың экономикалық мәпдарлығын асырыў, бюджет төлемлери ҳәм хызметкерлердиң ўақтынша ҳәм ярым бәнтлиги ушын социаллық қамсызландырыў взносларын кемейтиў, оларды жумысқа қабыл етиў процессин жеңиллетиў, бәнтликтиң дәстүрий емес формаларын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди төлеў илажлары жәрдеминде әмелге асырылады; Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling