15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Мийнет базары раўажланыўының тийкарғы басқышлары ҳәм ўазыйпалары


Download 0.79 Mb.
bet167/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   163   164   165   166   167   168   169   170   ...   198
Bog'liq
Miynet

6.6-сүўрет. Мийнет базары раўажланыўының тийкарғы басқышлары ҳәм ўазыйпалары


Мийнет базары раўажланыўының биринши басқышында (1991-1996 жж.) төмендеги ўазыйпалар орынланған: мийнет биржасы ҳәм бәнтлик хызметиниң басланғыш шөлкемлери дүзилип, олар жумыссызлық ҳәм бос орынлар мугдары ҳәм дүзилисиниң есап-санағы, анализи ҳәм келешеги, бәнт болмаған халықты жумысқа жайластырыў ҳәм қайта оқытыў, бәнтликке жәрдемлесиў жамғармасын шөлкемлестириў ҳәм жумсаў жумыслары орынланды, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик көлеминде жеңилликли кредитлер ажыратыў жолы менен жаңа жумыс орынларын жаратыўға, анық финанслық жәрдем көрсетилди, экономика тармақларында, әсиресе аўыл хожалығында структуралық реформалар әмелге асырылып, «пахта жеке ҳүкимранлығы»н тамамлаў ушын шәрт-шараятлар жаратылды; жалланба хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер санының ҳуқықый тийкарлары жаратылды ҳәм басқалар.
Бул дәўирде халықтың жумыс пенен бәнтлик дәрежесиниң пәсейиўи, жумыссызлықтың асыўы, жумысшы күшине талап ҳәм оның усынысы ортасындағы сәйкес келмеўиниң артыўы жүзеге келди.
Бул басқыштың жуўмақлаўшы нәтийжеси - мийнет базарын қәлиплестириў ушын социаллық-экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шәрт-шараятларын жаратыў болды.
Екинши басқышта өндирис (1997-2000 жж.) төмендеги ўазыйпалар орынланды: жергиликли инвестициялар ҳәм жүдә зәрүр болған ҳалда сырт ел кредитлерин тартыў тийкарында аўыл хожалығында болмаған жаңа жумыс орынларын жаратыў жолы менен жумысшы күшине талапты асырыў; мийнетке жарамлы өспиримлер, көп балалы ҳаяллар, пенсионерлер ҳәм нәгиранлар ушын квоталанған жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм оларды экономикалық хошаметлеўди тәмийинлеў; бәнт болмаған шахсларға жаңа жумыс орынларын жаратыў менен шуғылланыўшы – жумыс бериўшилерге турақлы жәрдем көрсетиў; жумысшы күши усынысын оның маманлығын, бәсекиге шыдамлылығын ҳәм экспортты асырыў жолы менен кемейтиў; мүлкшиликтиң түрли формаларын қәлиплестириў ҳәм миллий экономикада терең реформаларды өткериў тийкарында халықты жумыс пенен бәнтлиги тараўында структуралық өзгерислерди әмелге асырыў; мийнет ҳақы ҳәм басқа мийнет дәраматларының дереклери дәрежесинен салық ставкасынан кескин кемейтиў; бәнтлик хызметиниң базар инфраструктурасын шөлкемлестириў; мийнет шәртнамаларын дүзиўди жетилистириў ҳәм басқалар. Буларды барлығы бәнтликти сезилерли өсиўи ҳәм жумыссызлықтың кемейиўи ҳәмде жумысшы күшине талап ҳәм оның усынысы ортасындағы айырмашылықтың қысқарыўына жәрдемлеседи.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   163   164   165   166   167   168   169   170   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling