15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet168/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   164   165   166   167   168   169   170   171   ...   198
Bog'liq
Miynet

Үшинши басқышта (2011-2015 жж) төмендеги ўазыйпалар әмелге асырылды: жумысшы күшине талаптың асыўы ҳәм оның усынысының кемейиўине бағдарланған илажларды әмелге асырыўды күшейтиў; бәнтлик хызмети ҳәм оның инфраструктурасында қүдиретли ҳәм тез раўажланыўшы системасын жаратыў; жумыссызлықтың жол қойылатуғын дәрежесин қысқартыў; жумыс пенен бәнт болмаған хызметкерлердиң маманлығы, бәсекиге шыдамлылығы, социаллық қорғаў ҳәм экспортты асырыў, мийнет базары, бәнтлик ҳәм жумыссызлықты тәртипке салыўдың нәтийжели шөлкемлестириўшилик-экономикалық ҳәм ҳуқықый механизмлерин жаратыў ҳәм т.б.
Дизимге алынған ўазыйпаларды табыслы орынланыўы социаллық бағдарланған мийнет базарының қәлиплесиўине алып келеди.
Бул базардың раўажланыўының кейинги басқышында (2016-2020 жыллар ҳәм оннан кейинги дәўир) жумысшы күши талабы ҳәм усынысы ортасындағы базар теңсалмақлығына ерисиў мүмкин.
Олардың барлығы мийнет базарының нәтийжели раўажланыўына бағдарланған жумысшы күшине талаптың өсиўи ҳәм оның усынысының кемейиўи бойынша экономикалық, социаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар комплекси есапланады.
Қысқаша жуўмақ
Мийнет базары жумысшы күшиниң «мийнетке болған қәбилетин» сатыў ҳәм сатып алыў системасы.
Мийнет базарының структуралық бөлимлери жумысшы күши талап, жумысшы күшиниң усынысы, баҳасы ҳәмде оны жаллаўда бәсеки есапланады.
Мийнет базары өзиниң тийкарғы ўазыйпаларын орынлаў талап ҳәм усыныс ортасындағы айырмашылықтың кемейиўине ҳәм халықтың жумыс пенен бәнтлигиниң асыўына алып келеди.
Мийнет базарының қәлиплесиўине жумысшы күшиниң «мийнетке болған қәбилетин» товарға айланыўы, жумысшы күшиниң еркин усынысы, жумыс бериўшилердиң жумысшы күшине ғәрезсиз талабы экономиканың структуралық өзгериўи, көп мүлкшиликтиң раўажланыўы сыяқлы экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый шәрт-шараятлар тиккелей тәсир етеди.
Мийнет базарының қәлиплесиўинде тийкарғы машқала болған жумысшы күшине талаптың артыўы ҳәм усыныстың кемейиўи түрли факторлар, принциплер ҳәм шеклеўлер тәсиринде әмелге асырылады.
Мийнет базарындағы улыўма социал-экономикалық қатнасықлар жәмәәт ҳәм жеке шәртнамалар тийкарында тәртипке салынады.
Мийнет ресурслары менен көп тәмийинленген Өзбекстан Республикасы мийнет базарының раўажланыў концепциясының тийкарғы мақсети – мийнетке жарамлы халық бәнтлигиниң кемейиўи, мийнет өнимдарлығының пәсейиўи, инфляцияның бар болыўы, мүлкшиликтиң түрли формаларын әсте-секин жүзеге келиўи, экономикадағы структуралық өзгерислерди жүдә әсте әмелге асырылыўы, ҳақыйқый дәраматларының кемейиўи сыяқлы жумысшы күши талабын асырыў ҳәм оның усынысын кемейтиў бойынша комплекс илажлар ислеп шығыўдан ибарат.
Мийнет базарының раўажланыў басқышлары дизимге алынған илажлардың әмелге асырылыўы жақын келешекте жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасындағы базар теңсалмақлығына ерисиў нәтийжесинде, мийнет ресурсларының ақылға муўапық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссызлықты кемейтиўге алып келеди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   164   165   166   167   168   169   170   171   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling