15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Ағымдағы мийнет базарының тийкарғы көрсеткишлери


Download 0.79 Mb.
bet163/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   159   160   161   162   163   164   165   166   ...   198
Bog'liq
Miynet

6.1-кесте
Ағымдағы мийнет базарының тийкарғы көрсеткишлери

Жыллар


Жумыс
Излеп атырғанлар сыпатында дизимнен өткенлер,
мың адам

Жумысқа жайласқанлар, мың адам



Жумыс пенен тәмийинленген-лердиң дизимге алынғанлар санындағы салмағы, процентте

Есабат дәўири ақырында жумыссызлар саны,
мың адам

2011

421,4

280,6

66,6

35,4

2012

462,8

318,1

68,7

37,5

2013

448,2

322,2

71,9

34,8

2014

430,5

317,4

73,7

32,2

2015

425,0

323,7

76,2

34,9

2016

410,3

325,1

79,8

27,7

2017

391,5

320,7

81,9

25,5

2018

563,8

487,0

86,4

23,2

2019

567,7

548,9

96,7

25,8

2020

658,3

566,3

86,2

20,1

Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары.

6.1-кестеден көринип турғанындай, 2011-2020 жыллар даўамында жумыс излеп атырғанлар сыпатында дизимнен өткенлер саны 421,4 мың адамнан 658,3 мың адамға, соның менен бирге, жумысқа жайласқанлар муғдары 280,6 мың адамнан 566,3 мың адамға өскен. Буған байланыслы ҳалда жумыс пенен тәмийинленгенлердиң дизимге алынғанлар санындағы үлеси 66,6 проценттен 86,2 процентке шекем өскен ҳәмде бул, өз гезегинде жумыссызлар санының 35,4 мың адамннан 20,1 мың адамға кемейиўине алып келген.


Айтыў керек, Бәнтликке жәрдемлесиўши ҳәм халықты социаллық қорғаў орайларында жумыс излеп атырғанлар сыпатында дизимнен өткенлердиң ең көп муғдары Ташкент қаласы, Хорезм, Наўайы ҳәм Кашқадәрья областларына тийисли. Ағымдағы мийнет базарын тийкарынан аўыл халқы қурайды, бул аўыллық жерлерде жумыс пенен бәнтлик жағдайы жүдә қыйын (tаng) жағдайда екенлигинен дерек береди. 2019-жылда Бәнтликке жәрдемлесиўши ҳәм халықты социаллық қорғаў орайларында дизимге алынғанлардың улыўма санында аўыл халқын 72,1%ти қурайды. Бирақ, бул үлес анализленетуғын дәўирде өсиўин тоқтатқан ҳалда бир қанша турақласты. Аўыл халқының үстинлиги жумыс күши усынысын қураўшы халықтың барлық қатламына тийисли.
Соны да айтыў керек, Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақларында бәнтлигинде де өзгерислер жүз бермекте (6.2-кесте).
Төменде келтирилген 6.2-кесте мағлыўматлары анализинен көринип турғанындай, экономикада бәнт болған халықтың салмақлы бөлими аўыл ҳәм тоғай хожалығы тармағында бәнт. Бул тармақта 2017-жылда жәми экономикада бәнтлердиң 30,7% ямаса 3043 мың адам бәнт болған.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   159   160   161   162   163   164   165   166   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling