15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet161/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   157   158   159   160   161   162   163   164   ...   198
Bog'liq
Miynet

Кексе жастағы адамлардың жумыс пенен бәнтлиги машқаласы базар экономикасы шараятында жасап атырған барлық мәмлекетлерде гүзетиледи. Кексе жаслы жумысшылердиң жумыс пенен бәнтлигине жәрдем бериў – әҳмийетли социаллық-экономикалық ўазыйпа болып табылады. Бул ўазыйпаны шешиўде пуқаралардың бул топары көбинесе жоқары маманлы болыўын, үлкен жумыс тәжирийбесине ийелигин, мийнет көрсеткишлериниң турақлылығы, қолайсыз жумыс шараятларына шыдамлық пенен қатнасықта болыўы, жоқары маманлық талап етпейтуғын ҳәм тек ғана белгили дәрежеде материаллық тәмийнат беретуғын жумысларда ислеўге разылығы менен ажыралып турыўын есапқа алыў зәрүр.
Нәгиранлар – халықтың социаллық жақтан жеңил қорғалған және бир топары болып, бул топар мәмлекет ҳәм жәмийет тәрепинен актив қоллап-қуўатланыўға мүтәж. Нәгиранларды жумысқа жайластырыў менен байланыслы қыйыншылықлар мәмлекет тәрепинен арнаўлы илажлар көрилиўин, соннан нәгиранларды профессионал оқытыў ҳәм кейиншелик олар жумысқа жайласыўын шөлкемлестириў, жумыс орынларын ҳәм жумыстың шөлкемлестирилиўин нәгиранлардың мүмкиншиликлерине сәйкеслестириў барысында жумыс бериўшилерди финанслық хошаметлеўди; улыўма тийкарларда жумыс алыў мүмкиншилигине ийе болмаған нәгиранлар ушын түрли қәнигелестирилген кәрханалар шөлкемлестириўде тийисли жәрдем көрсетиўди; нәгиранларға мөлшерленген транспорт қуралларын раўажландырыўға жәрдем бериўди; нәгиранлар мийнетке табыслы алынғанлығы ҳаққында жәмәәтшиликти хабардар етип турыў илажларын көриўди талап етеди.
Масласыўшаң мийнет базары жумыс пенен бәнтликтиң түрли формаларын өз ишине алады (6.5- сүўрет):





6.5 - сүўрет. Масласыўшаң мийнет базарында жумыс пенен бәнтлик түрлери
Мийнет базарының сыйымлылығы ҳәм оның контингентин үйрениў ушын сегментлерге бөлип қолланылады. Мийнет базарын сегментлерге бөлиў – оны өз шегаралары менен хызметкерлер ҳәрекетин шеклейтуғын турақлы айрықшаланған сегментлерге (топарларға) ажыратыў болып табылады. Әдетте, сатыўшылар ҳәм қарыйдарларды сегментлерге бөлиў оларды бирлестириўши белгилер, мәселен, географиялық жайласыўы, социал-демографиялық өзгешеликлери (жынысы, жасы), мағлыўмат дәрежеси, маманлығы, жумыс стажы ҳәм басқаларға қарай жүз береди.
Мийнет базарында жумыс бериўшилер де, жалланба жумысшылер де сегментлер объекти сыпатында сәўлеленеди. Базарды жумыс бериўшилер көз-қарасынан сегментациялаў олардың мүтәжликлерин баҳалаў ҳәм оларға жақсырақ масласыў мүмкиншилигин береди. Сегментациялаў объекти жалланба жумысшылер болған жағдайда олардың сан ҳәм сапа характеристикалары, ҳәрекетлери бойынша анықланатуғын топарлар ҳаққындағы түсиник қәлиплеседи. Жумыс орынларының сапасы көз қарасынан мийнет базарын еки тийкарғы сегмент – маманлы ҳәм маманлық керек емес жумыс орынлары сыпатында көриў мүмкин.
Биринши сегментте белгили дәреже – жоқары ямаса орта арнаўлы тәлим дәрежесинен кем болмаған маманлы таярлықты талап ететуғын жумыс орынлары топланады. Бул жумыс орынларын административлик, басқарыў ҳәм инженер-техниклер, жоқары маманлы жумысшылер ийелейди. Бул сападағы жумысшылер жоқары дәрежедеги мийнет ҳақы ҳәм жумыс пенен бәнтлик кепиллигине ийе болады.
Екинши сегментте жумыс пенен бәнт етилиўи арнаўлы кәсиплик таярлықты талап етпейтуғын ҳәмде басланғыш дәрежедеги маманлық жетерли болатуғын жумыс орынлары жәмленеди. Мийнет базарының бул сегментинде жумыс пенен бәнт болған жумысшылердиң мийнет ҳақысы жоқары дәрежеде болмайды, турақлы жумыс пенен бәнтлик те болмайды. Мийнет базарын айтып өтилген еки сегментке ажыратыў бир қанша абстракт ҳәрекет болып табылады.
Бул айрықша мийнет базарларының ҳәр бир шөлкемлестирилиўи ҳәм ҳәрекет етиўи жағынан өз өзгешеликлерине, раўажланыў факторларына ийе. Бул факторларды есапқа алыў ҳәр топардағы жумысшылер ҳаққында кадрлар сиясатын белгилеў мүмкиншилигин береди.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   157   158   159   160   161   162   163   164   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling