15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнет базарын тәртипке салыў
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
6.3. Мийнет базарын тәртипке салыў
Мийнет базарында жүзеге келетуғын социаллық-экономикалық қатнасықлар системасында халықтың жумыс пенен бәнтлиги ҳәм мийнет шараятларын белгилеў, социаллық машқалаларды шешиў, социаллық-мийнет жәнжеллерин сапластырыў бойынша жумыс бериўшилер менен жалланба жумысшылер ортасындағы қатнасықлар орайлық орын ийелейди. Мийнет базарында бул қатнасықлар жәмәәтлик, жеке ҳәм ҳуқықый усыллар тийкарында тәртипке салынады. Жәмәәтлик шәртнамалары дүзилип атырғанда Өзбекстан Республикасының «Мийнет Кодеси», Халық-аралық Мийнет Шөлкеминиң Конвенциясы ҳәм усынысларына тийкарланады. Халық-аралық Мийнет Шөлкеминиң Конвенциясында (54-пункти) көрсетилгениндей, “Жәмәәтлик сөйлесиўлер, бир тәрептен, илажлар, исбилерменлер топары менен, басқа тәрептен болса, мийнеткешлердиң бир ямаса бир неше шөлкеми ортасында: а) мийнет шараяты ҳәм бәнтликти белгилеў; b) исбилерменлер ҳәм мийнеткешлер ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыў; v) исбилерменлер ямаса олардың шөлкемлери ҳәм мийнеткешлердиң шөлкеми ямаса шөлкемлери ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетлеринде алып барылатуғын барлық сөйлесиўлерди билдиреди”. Мийнет базарында бундай тәртипке салыўды қоллаўдың ең әҳмийетли абзаллығы сонда, онда қабыл етилетуғын қарарлар ийилиўшең (эластик, масласыўшаң) болады, оларды я нызамшылық, я суд ҳәмде я административлик усылларға салыстырып болмайды. Жумысшы менен дүзилген жеке шәртнама жумыс бериўши ушын бир қанша пайдалы болып табылады. Жеке шәртнама системасы жумысшыниң мийнет шараяты ҳәм оған төленетуғын мийнет ҳақыны усы адамға қарай белгилеў мүмкиншилигин береди. Жәмәәтлик шәртнамаларда болса бундай етип болмайды. Соның менен бирге, дүзилетуғын жеке шәртнама көп жағдайларда мийнеткешлерди социаллық кепилликлериниң үлкен бөлиминен айырылады. Мийнет базары моделлерин күшейтиў ҳәмде турақлы ислеўши шахслар ушын алдын бар болған социаллық кепилликлерден бас кешиўинен тысқары және бир қатар унамлы ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Соннан, раўажланған мәмлекетлердеги мийнет базарларында турақлы жумысшы күшлерин ўақтынша ямаса толық емес жумыс ўақтында ислеўши шахслар (жаслар, ҳаял-қызлар, нәгиранлар ҳәм т.б.) менен алмастырыў нормаға айланып қалмақта. Бул социаллық топарлардың ўәкиллери социаллық жақтан аз қорғалған ҳәм жәмәәтлик шәртнамалар менен қамрап алынбағанлығы тәбийий. Сол себепли мәмлекет әсиресе, хожалық жүритиўдиң базар қатнасықларына өтиў шараятларында жаллаўдың жеке шәртнама формаларының раўажланыўын қадағалап барыўы керек. Кери жағдайда, наразылық күшейиўи нәтийжесинде мәмлекет жумыссызлық бойынша социаллық төлемлерди бир қанша көбейтиўге мәжбүр болып қалады. Бул жағдайды айрықша есапқа алыўымыз керек. Себеби, республикамызда, бир тәрептен, жумысшыларды жаллап ислетиў бойынша жеке исбилерменлик ҳәм бизнес жақсы раўажланбаған болса, екинши тәрептен болса, кем тәмийинленген ҳәмде социаллық жақтан жетерли дәрежеде қорғалмаған мийнеткешлер ортасында жумыссызлар саны асып бармақта. Булардың ҳәммеси мийнет базарындағы социаллық-экономикалық қатнасықларды тәртипке салыўдың жаңа, нәтийжели аймақлық усылларын, оларды мийнет ресурслары артықша ҳәм жетиспейтуғын регионларға болған ҳалда изертлеўди талап етпекте. Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлигиниң мийнет базарының ағымдағы жағдайы бойынша мағлыўматларына қарай, 2019-жылда республиканың мийнет базарында 658,3 мың адам дизимнен өткен, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда экономикалық актив халықтың 4,9% қураған (6.1-кесте). Жумыс излеп атырғанлар сыпатында дизимнен өткен пуқаралар улыўма санының 72,1% – аўыл халқы, 1,3% - жасы 16 дан 18 ге шекем, 53,5% – жасы 18 ден 30 ға шекем, 43,9% – жасы 30 дан 50 ге шекем болған шахслар. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling