15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақлары бойынша бөлиниўи, мың адам


Download 0.79 Mb.
bet164/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   160   161   162   163   164   165   166   167   ...   198
Bog'liq
Miynet

6.2 -кесте
Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың экономика тармақлары бойынша бөлиниўи, мың адам

Көрсеткишлер

Жыллар

2017

2018

2019

2020

Санаат

1347

1402

1446

1513,1

Аўыл ҳәм тоғай хожалықлары

2969

2963

2998

3029,7

Қурылыс

849

877

910

1008,6

Транспорт ҳәм байланыс системалары

488

506

528

579,5

Саўда, улыўма аўқатланыў, MTT, таярлаў тараўлары

903

977

1055

1185,5

Үй-жай ҳәм коммунал хожалығында ҳәмде халыққа пуллы хызмет көрсетиў тараўы

316

331

346

381,9

Ден-саўлықты сақлаў, физикалық тәрбия ҳәм социаллық тәмийнат системалары

735

768

801

865,9

Тәлим, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм илимий тәмийнат системалары

1381

1434

1482

1572,8

Финанс ҳәм кредит системасы

54

54

58

59,2

Басқа тараўлар

1146

1152

1111

1190,8

Дерек: Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары


Республиканың мийнет ресурслары артықша регионлары, дәслеп, Андижан, Ферғана, Наманган, Ташкент, Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Хорезм областлары ушын бул базарды тәртипке салыўдың бир қанша нәтийжели усыллары деп, жумысшы күшине болған талаптың өсиўи ҳәм оның усынысының кемейиўин есаплаў зәрүр.
Бул усыллар нелерде сәўлелениўин көрип шығайық:
а) жумысшы күшине талаптың асырыў усылы.
Базар экономикасына өтиў шараятларында мүлкти меншиклестириў ҳәм мәмлекет ийелигинен шығарыў, экономикамызды структуралық өзгертиў, зыян келтирип ислеп атырған кәрханаларды тамамлаў, илим-техника раўажланыўының жетискенликлер ҳәм интенсив технологияларды енгизиў есабынан тийкарынан өндиристен босап атырған хызметкерлер салмағы көбеймекте.
Жумысшы күшине болған талапты асырыўды хошаметлеў усылларын енгизиў – мийнет ресурсларының ақылға муўапық бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәмде бул регионлар ушын нәтийжели тармақларды раўажландырыўға қаратылған.
Аўыл хожалық өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм сатып алыў ҳәмде агросервис хызметин көрсетиў ҳәм жеке мийнет ҳәрекети бойынша жумыс орынларын жаратыў, өндирис күшлери ҳәм бәнтликтиң дәстүрий емес формаларын раўажландырыў, аграр секторындағы жумыстан ўақтынша босатылып атырған шахслар ушын бар кәрханаларды кеңейтиў ҳәм қайта ремонтлаў ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде туўрыдан-туўры инвестициялар – капиталлар қолланыўдың тийкарғы бағдарлары болып табылады.
Жумысшы күшлерине талапты асырыўды аgrосанаат комплексиниң мийнет ресурсларын қайта бөлистириўден мәпдар тармақларында жумыс орынларын жаратыў ҳәмде барларын қайта ремонтлаў ҳәм жаңа заманагөй кәсиплерди ийелеўге капиталларды туўрыдан-туўры тартыў арқалы тәртипке салыў мүмкин. Дотациялар, субсидиялар ҳәм кредитлерди агросанаат комплексиндеги кәрханаларды, әсиресе, қайта ислеў кәрханаларын қурыў, техникалық жақтан қайта қуралландырыў ҳәм реконструкциялаўға, жеке мийнет ҳәрекетин раўажландырыў жолы менен хызмет көрсетиў тараўын кеңейтиўге, сондай-ақ, көп балалы ҳаяллар, мийнетке жарамлы пенсионерлер, нәгиранлар, өспиримлер ҳәм басқаларға сәйкес жумыс орынларын жүзеге келтириўге бағдарлаў мақсетке муўапық. Солай етип артықша мийнет ресурсларын жоқарыда айтып өтилген тармақларға ҳәм айырым арнаўлы жумыс орынларына тартыў жумысшы күшлердиң кәсиплик ҳәм маманлық дүзилисине тиккелей тәсир өткериўи мүмкин.
Ўақтынша жумыс орынларын жаратыў ҳәм мүлкшиликтиң түрли формаларын раўажландырыў, халықты жумыс пенен бәнтлигин асырыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып, ол кәрханалардың экономикалық мәпдарлығын асырыў, бюджет төлемлери ҳәм хызметкерлердиң ўақтынша ҳәм ярым бәнтлиги ушын социаллық қамсызландырыў взносларын кемейтиў, оларды жумысқа қабыл етиў процессин жеңиллетиў, бәнтликтиң дәстүрий емес формаларын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди төлеў илажлары жәрдеминде әмелге асырылады;

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   160   161   162   163   164   165   166   167   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling