15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жаслардың жумыс пенен бәнтлиги


Download 0.79 Mb.
bet160/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   156   157   158   159   160   161   162   163   ...   198
Bog'liq
Miynet

Жаслардың жумыс пенен бәнтлиги ҳәм оларды профессионал хызметке таярлаў социаллық ҳәм экономикалық жақтан айрықша әҳмийетке ийе. Дүньяның барлық жеринде жаслар арасында жумыссызлықтың жоқары дәрежеде екенлиги гүзетилмекте. Бул жағдай белгили дәрежеде жаслардың өз минез-қулқы өзгешеликлери менен байланыслы: биринши жумыс орнында мийнет ҳақы жоқары болмаўы себепли олар турақлы ислеп қалыўдан материаллық мәпдар болмайды; турақлы дәрамат алыўға себеп жоқ болып, бул жағдай жасларды ата-аналары көпшилик жағдайларда материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўы менен байланыслы ҳәм т.б. Оның үстине олар көбинесе өзлериниң дәслепки мийнет тәжирийбелерин анық жумыста емес, бәлким жумыс орынларын өзгертиў жолы менен профессионал ҳәрекеттин ҳәр түринде артытырыўға ҳәрекет етеди. Соның менен бирге, жаслардың жумыс пенен бәнтлиги тийкарынан жумыс бериўшилердиң қатнасығы менен белгиленеди – конъюнктурасы төмен болған жағдайда олар, дәслеп, маманлығы ҳәммеден аз ҳәм тәжирийбесиз болған жас жумысшылерди қысқартырады.
Ҳаял-қызлардың мийнет базарындағы аўҳалын материаллық ҳақы орнына социаллық мийнетте қатнасыўын аналық ҳәм шаңарақтағы ўазыйпаларды орынлаў менен байланыстырыў зәрүрлигин белгилейди. Бул мәжбүриятлар ҳаял-қызлардың үзликсиз тәлим алыў, профессионал таярлықтан өтиў, алған тәлимине муўапық ислеў, карьера етиў мүмкиншиликлерин шегаралайды. Мине усы жағдайлар кәрханалардан (мекемелерден) биринши гезекте ҳаял-қызлардың босатылыўына алып келеди. Ҳаял-қызлар арасында жумыссызлық дәрежеси еркеклер арасындағы жумыссызлықтан бир қанша жоқары, жумыс излеў болса созылып кетеди. Ҳаял-қызлардың жумыс ҳақы, демек пенсиясы да, қағыйда ретинде, бирдей жумыс орынларында ислейтуғын еркеклерге қарағанда аз болады. Олар жумысқа қабыл етилиўинде еркеклер менен тең мүмкиншиликке ийе емес.
Ҳаял-қызлардың жумысшы күши барысындағы бундай жағдай барлық мәмлекетлер ушын бирдей. Сол себепли, Өзбекстанда да ҳаял-қызлардың жумыс пенен бәнтлик ҳәм мийнет шараятлары халық-аралық дәрежеде нормативлик ҳүжжетлер менен тәртипке салынған.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   156   157   158   159   160   161   162   163   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling