6.2. Мийнет базарының түрлери: олардың сегментлерге бөлиниўи ҳәм масласыўшаңлығы
Барлық түрдеги базарларда сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар бар болып, олар ҳәрекет еткениндей, бул процесс мийнет базарында да әмел етеди. Бул базар мийнетти сататуғынлар ҳәм сатып алатуғынлардан ибарат болады. Егер сатыўшы ҳәм қарыйдарлар бир-бирин пүткил мәмлекет бойлап излесе, бундай базар миллий мийнет базары делинеди. Сатыўшы ҳәм қарыйдарлар бир-бирин тек ғана бир регионда излесе, бундай базар жергиликли мийнет базары деп аталады.
Өзбекстанда заманагөй мийнет ресурслары базары енди қәлиплесе баслады. Ол бул критерия бойынша еле өз формасын ийелеген жоқ. Бул тийкарында оны аралас ҳәмде мийнет базарының биринши түрине сәйкес келеди деў мүмкин.
Ағымдағы мийнет базары төмендеги еки бөлимге бөлинеди (6.3- сүўрет) .
6.3- сүўрет. Мийнет базары түрлери
Өзбекстанда ҳәзир әмелде болған мийнет базары бирдей емес. Ол жумысшы күши резервлерин топлаў усылы ҳәм формалары, шөлкемлестириў ҳәм басқарыў, өндирис нәтийжелилиги ҳәмде мийнеткешлер жағдайына тәсир етиў характерине қарай ажыралатуғын, түрли функционаллық ўазыйпаны орынлайтуғын, еки өз-ара байланысқан тараўды пайда ететуғын көп қатламлы структура есапланады. Айтып өтилген белгилерге қарай оны «ашық» ҳәм «жасырын» жумысшы күши базарына ажыратыў мүмкин. Ашық жумысшы күши базары рәсмий ҳәм рәсмий емес (тийкарынан өз-өзинен) қәлиплескен бөлимлер менен берилген (6.4 -сүўрет.).
Жумысшы күшиниң жасырын базары
Жумысшы күши
ашық базарының
рәсмий емес бөлими
Жумысшы күши ашық
базарының рәсмий бөлими
6.4 - сүўрет. Жумысшы күши базарының структурасы
Престиж критериялары бойынша мийнет базарлары төмендегилерге ажыратылады:
жаслардың мийнет базары;
ҳаял-қызлардың мийнет базары;
кексе жастағы пуқаралардың мийнет базары;
нәгиранлардың мийнет базары.
Бул мийнет базарларында әмел етиўши жумысшы күшиниң көрсеткишлери турақлы болып, бул көрсеткишлер олардан пайдаланыў характерин ҳәм мийнет шараятларын белгилеп береди. Бул мийнет базарларындағы жумысшылер ушын улыўма жағдай, олардың ҳәммеси маргинал топарларға киреди ҳәм оларды жумысқа салыў белгили шеклеўлер менен байланыслы.
Do'stlaringiz bilan baham: |