15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-тема. МИЙНЕТ РЕСУРСЛАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Инсан ресурслары
5-тема. МИЙНЕТ РЕСУРСЛАРЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ ҲӘМ ОЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎ
5.1. Мийнет ресурслары социаллық-экономикалық категория сыпатында Материаллық байлықлар өндириси ҳәм хызметлер көрсетиў еки зәрүр структуралық бөлимнен: бир тәрептен, материаллық ресурслар (шийки зат, әсбап-үскенелер ҳәм басқалар)дан ҳәм екинши тәрептен, инсан ресурсларынан, яғный кәсип маманлықлары ҳәм билимлерине ийе болған жумысшылерден ибарат болады. Басқаша етип айтқанда, мәмлекет халқының бир бөлими болған инсан ресурслары материаллық ресурслар менен бир қатарда экономикалық раўажланыў факторы сыпатында да сәўлеленеди. Бирақ, бул факторлар өз қәсийетлерине қарай бир-биринен әҳмийетли белгилери менен ажыралады. Инсан ресурслары – булар адамлар, олар тек ғана материаллық байлықлар жаратып қалмай, соның менен бирге оларды тутынады. Адамлардың өзлериниң материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлери бирдей емес. Буған олардың жынысы, жасы, ден-саўлығы, шаңарақлық жағдайы, мағлыўмат дәрежеси ҳәм басқа социаллық, руўхый-физиологиялық сапалары себеп болады, соның ушын бир адам екиншисине уқсамайды. Мийнет тараўында адамлардың әҳмийетли мүтәжликлери әмелге асады, бирақ барлық мүтәжликлери де жүзеге шыға бермейди. Соның ушын да мийнеттен нәтийжели пайдаланыў ушын инсанның шахс сыпатындағы талапларын есте тутыў әҳмийетли есапланады. Басқаша айтқанда, экономиканың жетискенлик түрде раўажланыўы соны талап етеди, қурамалы хожалық механизминиң нәтийжели хызмет көрсетиўи ушын әмелге асырылатуғын барлық тараўда инсан ҳәм экономика мәплерине әмел етиўи керек. Соның ушын пүткил дүньяда экономиканы адамгершилик деген идея көбирек алдыға сүрилмекте. Бул идеяның әҳмийети ҳәм мазмунында тийкарғы итибар инсанға қаратылады. Бул тәбийий, себеби адамлардың мүтәжликлери барған сайын артып бармақта, материаллық байлықлар өндиристе ҳәм хызметлер көрсетиўде билимлердиң, жәмийет ақылый потенциалының роли арта баслады, өндирис ҳәм өндирислик емес ҳәрекетлери түрлеринен шахсқа тийисли сапалары, хызметкерлердиң қәбилетлери көбирек таңлана баслайды ҳәм олар жәнеде тереңлестирип барады. Мәселен, жақсы хирург болыў ушын бир медицина бойынша қәнигелик дипломының өзи жетерли болмайды. Бунда усы қәниге орынлайтуғын ўазыйпаларға сәйкес келетуғын инсаный сапалар ең көбирек зәрүр болады. Экономикада әмелге асырылып атырған реформалық өзгерислер дәўиринде барлық нәрселерди инсан мүтәжликлери ҳәм тәғдири менен муўапықластырыў әҳмийетли есапланады. Раўажланған мәмлекетлердеги сыяқлы Өзбекстан Республикасында да ғәрезсизлик жыллары Халық-аралық Мийнет шөлкеми усынған халықты классификациялаў системасына өтилди, оған қарай халықты системалы бөлистириўде мәмлекет мийнет ресурслары экономикалық актив ҳәм экономикалық актив емес бөлимлерге ажыратылатуғын болды. Мийнет ресурслары мәмлекет халқының өз руўхый-физиологиялық ҳәм ақылый сапалары менен материаллық байлықлар ислеп шығарыўға ямаса хызметлер көрсетиўге ылайық болған мийнетке жарамлы бөлими есапланады. Олар дүзилисине тек ғана экономикалық актив халық емес, соның менен бирге ҳәзирги ўақытта ислемей атырған ҳәм жумыс излемей атырған мийнетке қәбилетли шахслар, соннан өндиристен ажыралған ҳалда тәлим алып атырғанлар да киритиледи. Бул анықламадан усы нәрсе келип шығады, мийнет ресурслары экономикада мийнет пенен бәнт болған, бәнт болмаса да мийнет етиўи мүмкин болған адамларды да қамрап алады. Басқаша айтқанда, мийнет ресурслары ҳақыйқый (реал) ҳәм потенциал хызметкерлер есапланады. Өзбекстанда халық санының артып барыўы менен бир орында, мийнет ресурсларының саны да көбейип бармақта. Буны 5.1-кестеде келтирилген мағлыўматлардан көриў мүмкин. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling