15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Халықты жумыс пенен бәнтлигиниң тийкарғы түрлери


Download 0.79 Mb.
bet134/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   198
Bog'liq
Miynet

4.3-сүўрет. Халықты жумыс пенен бәнтлигиниң тийкарғы түрлери


Еркин таңланған жумыс пенен тәмийинлеў соны көзде тутады, бунда өзиниң мийнет етиўге болған қәбилетине (жумыс күшине) ийелик етиў ҳуқықы тек ғана оның ийесине, яғный хызметкердиң өзине тийисли. Бул принцип ҳәр бир хызметкердиң жумыс таңлаўында туўры жол тутыўын, ҳәр қандай административлик түрде жумысқа тартыўды қадаған етиўди кепиллейди.
Жумыс пенен тәмийинлеўдиң жоқарыда келтирип өтилген түрлери халықтың жумысқа болған мүтәжлиги менен жумыс орынлары ортасындағы теңсалмақлықты сан ҳәм сапа тәрепинен тәмийинлеў жағдайын сәўлелендиреди, бунда жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын қолай шәрт-шараятлар жаратылады. Базар қатнасықларына өтиў дәўири шараятында мийнет нәтийжелилиги артып барыўына қарай, кәсиплик мийнет пенен тәмийинлениў дәрежеси улыўма мәмлекет бойынша қысқарып барады. Буған себеп сол, жоқары нәтийжели экономика салыстырмалы кемирек муғдардағы хызметкерлерге мүтәж болады, сондай-ақ, халықта социаллық пайдалы мийнеттиң басқа түрлерине қызығыўшылық артыўы менен оның жумыс орынларына болған мүтәжлиги де кемейип барады.
Жумыс пенен тәмийинлеў қатнасықларын экономикалық, демографиялық ҳәм социаллық процесслер талап етеди. Оның экономикалық мазмунының хызметкер ушын өз мийнети менен өзине мүнәсип тәризде жасаўды тәмийинлеў, социаллық өндирис нәтийжелилигиниң өсиўине жәрдем бериў мүмкиншилигинде өз көринисин табады. Социаллық мазмун шахстың дүзилиўи ҳәм раўажланыўында сәўлеленеди. Демографиялық мазмун жумыс пенен тәмийинлеў халықтың жас ҳәм жынысый өзгешеликлери, оның дүзилиси ҳәм басқалар менен байланыслылығын сәўлелендиреди.
Халықты жумыс пенен тәмийинлеўдиң барлық демографиялық, социаллық, экономикалық ҳәм басқа мазмунлары төмендеги критерияларда өз көринисин табады: жумысшы күшине талап ҳәм усыныс ортасында базар теңсалмақлылығына ерисиў; аўыл хожалығы есапланбаған жумыс орынларын көбейтиў; экономикалық актив халықтың мийнетте қатнасын асырыў; мийнет өнимдарлығының өсиўин тәмийинлеў; аўыл халқының мийнет дәраматларын көбейтиў; жумыссызлықты азайтыў ҳәм басқалар.Бундай теориялық түсиниклер орайына оны раўажландырыўдың социаллық базар типиндеги мәмлекет ушын сай болған объектив процесслерди есапқа алыўшы жумыс пенен тәмийинлеўдиң қәлиплесиўи қойылады. Бул өз гезегинде усы дәўир даўамындағы қойылған мақсетлерге ерисиўдиң реал мүмкиншиликлери менен шекленбейди.
Мийнет - инсанның өзине сай өзгешеликлерине ийе ҳәрекети болып, ҳәрекетлердиң аңлатқанлығы, күш-қуўаттың жумсалыўы, нәтийжелилик, социаллық пайдалылық ҳәм басқалар усылар қатарына киреди. Мийнет ўақыт өзгешелигине ийе, ол бөлинеди ҳәм дем алыс пенен алмасып турылады.
Мийнет жумысшы күшин өндиристе ислетиў процесси есапланады. Жумыс пенен бәнтлик инсанның мийнет етиў қатнасы ҳәм мийнет тараўындағы мүтәжликлерди қанаатландырыў менен байланыслы ҳалда кешетуғын социаллық раўажланыўдың әҳмийетли тәреплеринен бири. Мийнеттен айырмашылығы, жумыс пенен бәнтликти адамлардың анық; жумыс орнындағы әмелий ҳәрекетине теңлестирип болмайды. Жумыс пенен бәнтлик мийнетке жарамлы адамлардың жумыс пенен қандай тәмийинленгенлигин көрсетеди. Басқаша айтқанда, адамның жумыс пенен бәнт деп есапланыўы ушын ол қандайда бир жәмәәттиң ағзасы болыўы ямаса өз жумысын жаратыўы керек.
Өз орнында соны да айтып өтиў керек, көплеген дереклерде жумыс күши классикалық экономика теориясы көз-қарасынан тәрийпленип, әдетте инсанның қәбилети арқалы анықланады: “Жумыс күши – инсанның мийнет етиўге қаратылған физикалық ҳәм ақылый қәбилети”28. Соның менен бир қатарда жумыс күшин тиккелей инсанның өзи менен заманагөй қараслар да әҳмийетли орын тутады. Соннан, П.А.Самуэлсон айтыўынша, жумысшы күши дегенде, барлық жумыс пенен бәнтлер, ислемекши болғанлар ҳәм актив жумыс излеп атырғанларды түсинемиз29 . Демек, бул түсиник арқалы жумыс пенен бәнт болғанлар да, жумыссызлар да түсиниледи.
Экономистлер жумыс пенен бәнтликтиң түрли формаларын ажыратады, олардың айырым белгилерине қарап топарларға бөлиниўи 4.4-сүўретте келтирилген. Бул сүўретте келтирилген жумыс пенен бәнтлик формалары бизде ҳәзирги ўақытта бар болған жумыс пенен бәнтлик қатнасықлары моделин қурайды. Бул моделде жумыс пенен бәнтликтиң жаңа формалары, жумыс пенен бәнтлик шегараларының кеңейиўи де, жумыс пенен бәнтлик ол ямаса бул формаларының ҳәзирги реаллықларға туўры келетуғын мазмун менен толтырылыўы да сәўлеленген.
Социаллық мийнетте қатнасыў усылы бойынша халықтың жумыс пенен бәнтлигин жалланыў бойынша жумыс пенен бәнтлик ҳәм өз-өзин жаллаў себепли ғәрезсиз түрде жумыс пенен бәнтликке ажыратыў мүмкин. Жалланыў бойынша жумыс пенен бәнтлик өндирис қураллары ийелери менен өндирис қуралларына ийе болмаған ҳәм өзиниң болажақ мийнетин (өз жумысшы күшин) жумыс ҳақы формасындағы қунға алмастырыў тәризинде сататуғын хызметкерлер ортасында жүзеге келетуғын қатнасықлар.







Жеке секторда жумыс пенен бәнтлик

Мәмлекет секторында жумыс пенен бәнтлик

Мүлкдарлық формасы бойынша


Экономика ҳәм инсанның мүтәжликлерине туўры келиўи бойынша




Мийнетке қәбилетли халықты қамраўы бойынша




Толық емес жумыс ҳақының санлы өзгешеликлери бойынша


Толық емес жумыс пенен бәнтлик себеплерине қарай
Жумысқа жайласыў легитимлиги бойынша




Шөлкемлестириў формасы бойынша



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling