15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Мийнетти қорғаў тараўында қорғаў менен тәмийинлеўдиң экономикалық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизми


Download 0.79 Mb.
bet30/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   198
Bog'liq
Miynet

15.3-кесте
Мийнетти қорғаў тараўында қорғаў менен тәмийинлеўдиң экономикалық-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизми

Мийнет шараятлары зыянлы ҳәм қәўипли болған жумыс орынларында өндирис пенен байланыслы жарақатланыў ҳәм кәсип кеселликлерин профилактика етиў илажлары

Өндирис пенен байланыслы себеплерге муўапық жумысшылердиң мийнетке жарамлылығын жоғалтыў жағдайындағы социаллық қорғаў

Жумысқа жайласып атырғанда

Жумыс процесинде

Мийнет шараятлары зыянлы ҳәм қәўипли болған жумысларда өндирис пенен байланыслы жарақатланыў ҳәм кәсип кеселлигине ушыраў қәтерениң жоқары дәрежелери ҳаққында ескертиў

Шөлкем администрациясы (жумысқа алыўшылар) тәрепинен жумыс орынларында мийнет ушын қәўипсиз қәўипсиз шараятлар жаратылыўы

Медициналық мекемелер тәрепинен кәсип кеселлигине ушыраўдың дәслепки басқышларында-ақ жумысшыларда мийнетке жарамлылықтың жоғалыўын анықлаў ҳәм басқа жумысқа өтиўин айтыў

Жумысшылар менен мийнет шәртнамасы дүзиўде кәсип кеселлиги қәтерин мүмкиншилиги барынша кемейтириўши мүддетти таңлаў ҳәм белгилеў

Жумысшыларni нәтийжели ҳәм ishоnchli jаmоа ҳәм индивидuаl қорғаўlаnish bilаn тәмийинлеў

Мийнетке жарамлылықты жоғалтқан жумысшылар ҳәм олардың шаңарақларының экономикалық қорғалыўын тәмийинлеўши шөлкемлерге социаллық қамсызландырыў қәрежетлерин қаплаў

Жумысқа жайласып атырғанларды медициналық көриктен өткериў

Администрация тәрепинен жумысшыларды турақлы түрде медициналық көриктен өткериўдиң тәмийинлениўи

Кәсиплик таярлық ҳәм усыныслар

Белгили бир дәўирлерде усыныслар бериў ҳәм кәсиплик таярлығын шөлкемлестириў

Өндиристе жарақатланғанларды медициналық, социаллық ҳәм кәсиплик реабилитациясын шөлкемлестириў


Жумысшылерди социаллық қорғаўдың еки, яғный социаллық-экономикалық ҳәм материаллық механизми бар.
Жумысшылерди социаллық қорғаўдың социаллық-экономикалық механизминиң дүзилиси төмендегилерден ибарат:

  1. Социаллық-мийнет кепилликлери:

– жумыс ўақты даўамлылығын тәртипке салыўды тәмийинлеўши: мийнет ҳәм дем алыў тәртиплери, мийнет жасы шегаралары, пенсия тәмийнаты ҳуқықына ийе болыў ушын мийнет стажыниң ең аз муғдары, жумысқа қабыл етиўдиң ең киши жас дәўири. Социаллық-мийнет системасы кепилликлериниң өндиристеги тийкарғы көз-қарас сыпатында Халық аралық Мийнет Шөлкеминиң конвенция ҳәм усыныслары алынады;
– материаллық жақтан тәмийинлеўши кепилленген ең кем мийнет ҳақы муғдары, мийнетке ҳақы төлеўдиң тәрийп сеткалары, шөлкем есабынан дем алыслар, мийнет жарамлылығын жоғалтыўы менен байланыслы ҳалда ең аз муғдардағы жәрдем пулы ҳәм напақалар;
– мийнет жүклемелери муғдары – физикалық жүклеме, мийнет интенсивлиги ҳәм бирдейлиги, жумыс тезлиги, мийнетти нормалаў;
– кәсиплик-тәлим ҳәм мағлыўмат тәмийнаты – жумысшылердиң кәсиплик таярланыў системасының болыўы, әсиресе кәсип қәтери жоқары болған өндиристе ҳәм кәсиплерде.

  1. Медициналық кепилликлер:

– дәслепки ҳәм дәўирли медициналық көриклер өткериў, биринши медициналық жәрдемди шөлкемлестириў;
– өндиристе жарақатланғанларды емлеў, мийнет жарамлылығын жоғалтқанын (соннан, өндиристе жарақатланыў ҳәм кәсип кеселлиги себепли) анықлаў системасы.

  1. Компенсация-реабилацион кепилликлер:

– өндиристе мийнет жарамлылығын жоғалтқаны ушын материаллық тәмийинлеў (компенсациялаў);
– өндиристе жарақатланғанлардың медициналық, социаллық ҳәм кәсиплик реабилитациясы;
– ден-саўлыққа кәсип қәтери жоқары болған өндиристе жеңиллик ҳәм компенсациялар төлеў (қосымша дем алыс, қысқартылған жумыс күни, мүддетинен алдын берилетуғын пенсия).

  1. Шөлкемлестириўшилик кепилликлер:

– жумыс орынларында мийнетти қорғаў жағдайларын экспертизадан өткериў;
– өндиристеги бахытсыз ҳәдийселер тексериўин шөлкемлестириў.
Социаллық қорғаўдың бул механизмлери топарын төмендегише классификациялаў мүмкин:
– социаллық қорғаўдың техникалық механизмлери – өндирис фондларының механизация ҳәм автоматластырылыў дәрежеси, мийнеттиң жамғарма ҳәм энергия менен тәмийинленгенлиги, тийкарғы өндирис бөлинбелериниң жағдайы (олардың физикалық ҳәм руўхый ескиргенлиги көз-қарасынан), мийнет гигиенасы ҳәм қәўипсизлик техникасы талапларына мийнет қураллары ҳәм жумыс орнының жуўап бериў дәрежеси; жумысшылерди индивидуал ҳәм жәмәәтлик түрде қорғаў қуралларының болыўы ҳәм қәўипсизлик техникасына жуўап бериўи;
– социаллық-хожалық инфраструктура: санитар-хожалық инфраструктураның (душ, кийиниў ханасы, аўқатланыў орны) болыўы ҳәм санитария талапларына жуўап бериўи.
Соны да айтып өтиў керек, элементлердиң еки үлкен топарға (социаллық-экономикалық ҳәм материаллық) бөлиниўи олардың дүзилиси ҳәм өз-ара байланысы ҳаққында түсиникти пайда етеди.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling