15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Бала туўылғанда берилетуғын напақа


Download 0.79 Mb.
bet35/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   198
Bog'liq
Miynet

Бала туўылғанда берилетуғын напақа. Бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа ең аз айлық мийнет ҳақының еки есеси муғдарында бериледи. Мийнет ҳақыға коэффициент қолланылатуғын районларда напақа бул коэффициентлерди есапқа алған ҳалда белгиленеди. Ислеп атырған ҳаялларға ҳәмде өндиристен ажыралған ҳалда жоқары, орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлим мекемелеринде оқып атырған ҳаялларға бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа тийислише жумыс ямаса оқыў орнынан төленеди. Ислемейтуғын ҳәм оқымайтуғын ата-аналарға бала туўылғанда берилетуғын напақа социаллық тәмийнат бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм төленеди. Егер ҳаял ҳәмледарлық бойынша дем алыс дәўиринде жумыстан босап, усы дәўир даўамында ҳәмледарлық ҳәм босаныўы бойынша напақа алған болса, бир мәртелик напақа улыўма тийкарларда бериледи. Бала өлик туўылған жағдайларда напақа төленбейди.
Қосымша дем алыў күни ушын напақа. Бул напақа нәгиран баласын тәрбиялап атырған ислеўши ата-ананың бирине бала он алты жасқа толғанға шекем мәмлекет социаллық қамсызландырыўы қаржылары есабынан бир күнлик мийнет ҳақы муғдарында ҳақы төлеген ҳалда айына қосымша бир дем алыў күни бериледи.
Жерлеў мересими ушын берилетуғын напақа. Жерлеў мересими ушын напақа жумысшы ямаса оның қарамағында болған төмендеги шаңарақ ағзалары қайтыс болғанда бериледи:
– турмыс жолдасы;
– 18 жасқа толмаған ямаса ўақтынша мийнетке қәбилетсиз (жасына қарамай) балалары, аға-инилери ҳәм апа-қарындаслары;
ата-анасы;
– апасы ямаса атасы.
Жумысшы қайтыс болғанда жерлеў мересими ушын напақа шаңарақ ағзаларына ямаса жерлеўди өз мойнына алған шахсларға район (қала) социаллық тәмийнат бөлими тәрепинен ең аз айлық мийнет ҳақының үш есеси муғдарында бериледи. Ислемейтуғын пенсионер қайтыс болғанда жерлеў мересими ушын напақа оның шаңарағына ямаса пенсионердиң жерлеў мересимин өткерген шахсқа еки айлық пенсия муғдарында, бирақ ең аз айлық мийнет ҳақының еки үлесинен аз болмаған муғдарында төленеди. Ҳаялдың ҳәмилеси түскен жағдайларда жерлеў мересими ушын напақа берилмейди.
Мүддетли армия хызметине шақырылған жумысшы ямаса оның шаңарақ ағзасы қайтыс болғанда жерлеў мересими ушын напақа, егер оған соңғы мийнет ҳақы төленген күннен бир айдан көп ўақыт өтпеген болса бериледи. Жоқары, орта арнаўлы кәсип-өнер оқыў орынларында оқып атырған шахслар, мектеплер, маманлығын асырыў институтлары оқыўшылары ямаса олардың шаңарақ ағзалары қайтыс болғанда, егер олар курсларға, мектеплерге, институтларға кәрхана тәрепинен жиберилген болса ҳәм олардың оқыў дәўириндеги мийнет ҳақы толық ямаса ярымы сақланып қалған болса, жерлеў мересими ушын напақа ең аз айлық мийнет ҳақының үш есеси муғдарында бериледи.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling