15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң мазмуны ҳәм мәниси
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 13.1- сүўрет. Ҳәр қандай шөлкемлестириўшилик мийнет қарама-қарсылықларында жәнжелли жағдайларды жүзеге келтирмейтуғын жағдайлар
13.1.Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң мазмуны ҳәм мәниси
Жәнжеллерге тийисли машқалаларды тексериў социология пәниниң дәстүрий ҳәм тийкарғы бағдарларынан бири саналады. Кейинги ўақытларда ол жәнжеллер ҳаққындағы илим (конфликтология) атын алған. Мийнет тараўындағы жәнжеллер – булар шахслар ҳәм жумысшылер топарлары ортасындағы тиккелей социаллық соғылысыў өзгешелигине ийе болған шөлкемлестириўшилик-мийнет қатнасықлары қарама-қарсылықлары болып табылады. Ҳәр қандай шөлкемлестириўшилик мийнет қарама-қарсылықлар ҳәм жәнжелли жағдайларды жүзеге келтире бермейди. Бундай жағдай төмендеги ўақытларда пайда болады (13.1- сүўрет). 13.1- сүўрет. Ҳәр қандай шөлкемлестириўшилик мийнет қарама-қарсылықларында жәнжелли жағдайларды жүзеге келтирмейтуғын жағдайлар Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң жүзеге шығыўы сондай субъектив инсаный факторлар есапланады, себеби олардың мүтәжлик ҳәм қәбилетлерине байланыслы болады. Шахслар ҳәм топарлар, бир тәрептен, бир-бирине қарағанда разы болыўға ямаса қарсылық көрсетиўге қарар етиў ушын өз-ара қурамалылықларды жеңиўге бир қанша күшли мүтәжлик сезиўи лазым, екиншиден, бундай жәнжелли жағдайға кириўге, өз машқалаларын шешиў ушын жетерли дәрежеде мүмкиншиликге ийе болыўы лазым. Жәнжел шығарыўға сәйкес структуралық тәреплери: жеке сапалар, пул, байланыслар, абырой-итибар тәрепдарларына ийе болыў сыяқлы жағдайлар киреди. Жәнжеллер шығарыўға қәбилеттиң жоқлығы сондай себеплерден бири есапланады, шәрт-шараятлар бар болса да мийнет тараўында жәнжеллер келип шықпайды ямаса қандайда бир әҳмийетли нәрсеге ерисиў менен тамамланбайды. Бул бир қанша әпиўайы ҳәм тез-тез ушырап туратуғын ҳәдийсе болып, ҳәзирги ўақытта дүньяда мийнет жәнжеллери статистикасы ҳәм оны шешиўдиң жынаят формалары да бар, бул жағдай мийнет жәнжеллери менен жынаятшылықтың өз-ара байланыслылығынан дерек береди. Мийнет тараўындағы жәнжеллер белгилериниң сәўлелениў өзгешелиги ҳәм дәрежесине қарай ашық ҳәмде жабық түрдеги жәнжеллер болады. Бул түрлерге ажыратыўдың тийкарғы критериялары болып төмендегилер есапланады: Жабық жәнжеллер көбинесе қолайсыз болады. Олар көбинесе шөлкемге ҳәм шөлкемлестириўшилик-мийнет қатнасықларына бузғыншылық тәсирин өткереди, оларды шешиў мүмкиншиликлери жүдә аз болады. Жабық жәнжеллерде тек ғана шахслар емес, бәлким топарлар да өз-ара жәнжел дереги болады, унамсыз процесслерге тәсир көрсетиў мүмкиншилигине ийе болмайды. Жәнжелке туўры ямаса жаңапай қатнасықта болыўшы шахслар ҳәм топарлар оның субъектлери есапланады. Олар төмендеги топарларға бөлиниўи мүмкин: бирлемши агентлер, қосылыўшы қатнасыўшылар, орталық. Бул субъектлер мийнет тараўындағы жәнжеллердиң социаллық дүзилисин қурайды. Субъектлер ортасындағы айырмашылықлар тек ғана шәртли болып қалмай, соның менен бирге қыялый болады. Мәселен, шахслар сырттан жәнжеллеседи, бирақ олардың артында өзиниң қарама-қарсы керисинше, сырттан топарлар жәнжеллеседи, ҳақыйқатта болса жәнжелтиң тийкарын қандайда бир шахслардың жеке қарама-қарсы мәплери қурайды. Экономикалық тараўда бул жағдай тез-тез жүзеге шығып турады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling