15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Хошаметлеўши қосымшалар ҳәм үстемелер


Download 0.79 Mb.
bet62/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   198
Bog'liq
Miynet

Хошаметлеўши қосымшалар ҳәм үстемелер. Хошаметлеўши қосымшалар ҳәм үстемелер дизимине формал нәзер тасланғанында-ақ бул хошаметлеў түрлериниң үлкен бөлимин қоллаўдан мақсет жумысшылер мийнетин олардың жумыс күни көлеминде кәсиплик (ямаса лаўазым) тараўды кеңейтириў есабына интенсивлестириўден ибарат екенлиги ҳәм оның орнына пул төлеў формаларынан бири екенлиги белгили болады.


Таяныш сөзлер


Базар қатнасықлары; мийнетке ҳақы төлеў; мийнет ҳақы категориясы; жумысшы күшиниң баҳасы; мийнет ҳақы ставкасы; жумысшы ушын мийнет ҳақы; исбилермен ушын мийнет ҳақы; миллий дәраматлар; медициналық қамсызландырыў; турақлы социаллық ҳәдийсе; салық системасы; мийнетке қарай бөлистириў; базар механизми; реформалаў; халық дәраматлары; реал мийнет ҳақы; номинал мийнет ҳақы; мийнет ҳәрекети; сапа көрсеткишлери; мийнет нормалары; мийнет нәтийжелери; жумыспай мийнет ҳақы; ўақытпай мийнет ҳақы; тариф ставкасы; премиялаў системасы; материаллық мәпдарлық; тийкарғы ҳәм қосымша мийнет ҳақы; кәсиплик бирлеспелер; әпиўайы ўақытпай система; жәмәәтлик мийнет ҳақы; аккорд ҳақы төлеў системасы; жумыспай-прогрессив система; жумыспай расценкалар; кемейиў коэффициенти; жумыс нәтийжелери; жумыс өнимдарлығы; индивидуал сыйлықлаў; үстеме мийнет ҳақы.
Қысқаша жуўмақ
Мийнет ҳақы – бул жалланба хызметкер дәраматының элементи, оған тийисли жумысшы күшине болған мүлкшилик ҳуқықын экономикалық жақтан жүзеге шығарыў формасы.
Кәрханаларда мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкарғы элементлери - мийнетти нормалаў, тариф системасы, мийнет ҳақының формалары ҳәм системалары.
Мийнетке ҳақы төлеў формалары ҳәм системалары дегенде, жумысшыниң мийнет қәрежетлери ҳәм нәтийжелерин оған тийетуғын мийнет ҳақы муғдары менен салыстырыўдың шөлкемлестириўшилик-экономикалық механизмлери түсиниледи.
Әпиўайы ўақытпай система хызметкердиң мийнет ҳақыны оның тариф ставкасына ямаса ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарай белгилейди
Мийнетке әпиўайы жумыспай ҳақы төлеў - жумысшыниң мийнет ҳақы жумыспай баҳаға байланыслы болып, ол таярланған өним бирлиги (исленген жумыс), сондай-ақ белгили дәўир аралығында ислеп шығарылған өним (исленген жумыс) муғдарына байланыслы.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жеке тәртиптеги жумыспай системасында исленген жумыстың (буйым, деталь, операция) ҳәр бир бирлиги ушын турақлы жумыспай баҳа белгиленеди.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жәмәәтлик (бригада) жумыспай системасы жумысшылердиң мийнет ҳақысы өндирис бригадасы орынлаған жумыс көлемине (өним муғдары) муўапық есаплап шығылады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай (аккорд) системасында аккорд тапсырмасына кирген жумыслар комплексин орынлағаны ушын төленеди, айырым операциялар ҳәм жумыс түрлериниң орынланыўы есапқа алынбайды.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң туўрыдан-туўры жумыспай системасы соннан ибарат, хызметкердиң мийнет ҳақы оның жеке өндирис нормасына емес, бәлким басқа хызметкерлер мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-артып барыўшы системасының өзине сәйкес элементлери нормаларын орынлаўдың басланғыш дәрежеси есапланады.
Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-кемейип барыўшы системасы соның менен ажыралып турады, нормаларын асырып орынлаўдың айырым дәрежесинен баслап жумыспай ҳақы баҳасының кемейиўи жүз береди.
Ҳәзирги ўақытта әмел етип турған компенсация қосымшалары ҳәм үстемелердиң барлық түрлерин еки үлкен топарға: мийнет ҳәрекети тараўлары бойынша шекленбейтуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ҳәмде белгили бир мийнет тараўларында қолланатуғын қосымшалар ҳәм үстемелерге ажыратыў зәрүр.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   58   59   60   61   62   63   64   65   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling