15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнетке ҳақы төлеўдиң туўрыдан-туўры жумыспай системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- (8.6), бунда: R туўры
- Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-артып барыўшы системасының
Мийнетке ҳақы төлеўдиң туўрыдан-туўры жумыспай системасы соннан ибарат, хызметкердиң мийнет ҳақы оның жеке өндирис нормасына емес, бәлким басқа хызметкерлер мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болады. Ҳақы төлеўдиң бундай системасы жумыс нормаларының орынланыўын есапқа алыў қыйынырақ болған жәрдемши жумысларды орынлаўшы хызметкерлер ушын енгизиледи, бирақ тийкарғы жумыспай ислеўши хызметкерлер өндирис нормаларының орынланыўы олардың мийнети нәтийжелерине байланыслы болады. Туўрыдан-туўры жумыспай система бойынша, мәселен, әсбап-үскенелерди сазлаўшылар, транспорт жумысшылери (шофёрлар, таксистлер, жүк тасыўшылар) мийнетине ҳақы төленеди, олар деталларды цехлар ортасында ҳәм цехлар ишинде тасыў жумысларында бәнт болады, сондай-ақ көпирли кран айдаўшылары ҳәм стропольшылар мийнетине де усы система бойынша ҳақы төленеди. Мийнетке туўрыдан-туўры жумыспай ҳақы төлеўдеги баҳалар төмендеги формула менен анықланады:
(8.6), бунда: Rтуўры – туўрыдан-туўры жумыспай баҳа (сўм, тийин); Sкүнд.т. – жумыспай система бойынша ҳақы төленетуғын хызметкердиң күнделикли тариф ставкасы (сўм, тийин); Nтийк.жумысшы – тийкарғы жумысшыниң сменадағы өндирис нормасы. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-артып барыўшы системасы нормаларды орынлаўдың алдыннан белгиленген дәрежесинен баслап исленген операциялар, деталлар ямаса буйымлар ушын жумыспай баҳа анық дәрежеде көбейтирилиўи менен ажыралып турады. Солай етип, жумыспай баҳалар нормаларын орынлаўдың ерисилген дәрежесине қарай бөлинеди. Ҳәр бир хызмет, операция, деталь ҳәм басқаларға түрлише ҳақы төленеди ҳәм нормалардың орынланыўы қанша жоқары болса, исленген жумыстың ҳәр бир бирлиги ушын төленетуғын баҳа да сонша жоқары болады. Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай-артып барыўшы системасының өзине сәйкес элементлери нормаларын орынлаўдың басланғыш дәрежеси есапланады. Жумыспай баҳаны көбейтиў ҳәм артып барыўшы қосымша ҳақылар шкаласы усыдан басланады, бул shkаlа жумыспай баҳаның көбейиў муғдарын көрсетеди. Бунда нормалардың орынланыўы басланғыш базадан жоқарырақ дәрежеде болады. Жумыспай-артып барыўшы ҳақы төлеў системасында мийнет ҳақының улыўма муғдары төмендеги формула бойынша есаплап шығылады: IарR(n1Ku1n2Ku2…nlKul) ( 8.7), бунда: Iаr – мийнетке жумыспай-артып барыўшы ҳақы төлеўде мийнет ҳақының муғдары; R – белгиленген басланғыш база көлеминде ҳәр бир өним бирлиги ушын баҳа; 1,2,…l – артып барыўшы шкала бағаналары муғдары; Ku - басланғыш базаны асырып орынлаў ҳақыйқый үлесине муўапық артып барыўшы қосымша ҳақылар шкаласы бойынша қабыл етилген баҳалардың көбейиў коэффициенти. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling