15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнет ҳақының жумыспай ҳәмде ўақытпай системаларын қоллаў
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
14.3. Мийнет ҳақының жумыспай ҳәмде ўақытпай системаларын қоллаў
Мийнетке ҳақы төлеўдиң системаларын әмелде қоллаў көплеген жағдайларға байланыслы болады. Бирақ ол, дәслеп, жумысшы мийнетиниң нәтийжелерин есапқа алыў ушын тийкарғы көрсеткишти таңлаўға не тәсир көрсетиўине, яғный анық бир система жумыспай ямаса ўақытпай системалар қатарына киритилиўине байланыслы болып, оны таңлап алыў ҳуқықы жумыс бериўшиниң ықтыярында болады. Ол бул системаларды кәрхана кәсиплик бирлеспениң ўәкиллери менен келисип алыўы керек. Мийнет ҳақының жумыспай ҳәмде ўақытпай формаларын қоллаў шәртлери бир қанша жақсы ислеп шығылған, бирақ олар, тийкарынан, экономиканың базардан тысқары моделине ҳәмде кәрханаларда өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдиң усы моделге сәйкес системасына мөлшерленген. Ҳәзир аўҳал бир қанша өзгерди: егер алдын өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлердиң бир қанша бөлимин мәмлекет өз мойнына алған болса, ҳәзир бул қәрежетлер пүткиллей кәрханалар жуўапкершилигине түсти. Кәрхана ишинде жумысларды шөлкемлестириўге үлкен тәсир көрсететуғын ҳәрекеттиң сыртқы шараятлары да өзгерди. Олардың барлығы ҳәзирги күнде мийнет ҳақының формаларына қоллаўға тәсир көрспетпеўи мүмкин емес еди. Ҳақы төлеў формаларын таңлап алыўға тәсир көрсететуғын тийкарғы фактор бул мийнетти нормаластырыў ҳәм оны әмелге асырыў формаларын өндиристи шөлкемлестириў жол қоятуғын дәрежеде деталластырыў болып табылады. Жоқарыда көрсетип өтилгенлер мийнетке ҳақы төлеў формасын таңлаўдың екинши шәртин тәрийплеў мүмкиншилигин береди: жумысларды механизациялаў ҳәм автоматластырыў дәрежесиниң, өним сапасына қойылатуғын талаплардың өсиўи жумыспай ҳақы төлеўди ўақытпай ҳақы төлеў менен алмастырыўға алып келеди. Тәжирийбеден көринип турғанындай, өндиристе барлық ўақытта өним ислеп шығарыўды көбейтиў, демек, мийнет өнимдарлығын өсириў зәрүр бола бермейди. Бундай шараятлар айырым ислеп шығарыў участкаларында, тийкарынан, еки себепке қарай пайда болады. Бириншиден, өним ислеп шығарыўдың улыўма өсиўине қарамай, кәрханада орынланатуғын барлық жумыслар да артып барыўшы муғдарларда талап етиле бермейди. Бул жумыслардың көбиси технологиялық үскенениң ямаса тийкарғы ислеп шығарыўшы жумысшылердиң нормал ислеўин тәмийинлеў ушын хызмет етеди. Екиншиден, кәрханаларда айырым жағдайларда технологиялық үскенениң өндирис қуўатынан толық пайдаланыў мүмкиншилиги болмайды. Өнимге талап кемейгенде, өз-ара байланысқан өндирислик процесслер толық өзлестирилмегенде, шийки зат ҳәм материаллар менен тәмийинлеўде қыйыншылықлар туўылғанда сондай болады. Жумысшылар үскенеден өним ислеп шығыўды көбейтиўи мүмкин, бирақ буған талап болмаўы мүмкин. Бундай жағдайларда мийнетке жумыспай ҳақы төлеўди қоллаў ушын зәрүрлик болмайды. Солай етип, ҳақы төлеў формасын таңлаўдың үшинши шәрти жумыс бериўшиде өним ислеп шығарыўды көбейтиў (қысқартыў) ямаса орынланатуғын жумыслар көлемин көбейтиўге болған мүтәжлик дәрежеси болып табылады. Алдын көрсетип өтилгениндей, мийнетке ҳақы төлеўдиң әпиўайы системалары хызметкердиң мийнет ҳақыны мийнет нәтийжелерин есапқа алыўдың бир көрсеткиши: жумыс ўақты ямаса таярланған өним сапасына қарай қәлиплестиреди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling