15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-кесте Өзбекстанда жумысшылерге ҳақы төлеў бойынша Бирден-бир тариф сеткасы ҳәм оның өзгерип барыўы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
14.1-кесте
Өзбекстанда жумысшылерге ҳақы төлеў бойынша Бирден-бир тариф сеткасы ҳәм оның өзгерип барыўы
Дерек: Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары тийкарында авторлар тәрепинен таярланған БТСтиң үстинлиги соннан ибарат, ол хызметкерлердиң барлық кәсип-маманлық топарлары бойынша тариф ставкалары ҳәм айлықлары қатнасын белгилеўде мийнет айырмашылығына баҳа бериўге бирден-бир жантасыўды тәмийинлейди. Улыўма тармақлар аралық БТС тармақ бирден-бир сеткаларын ҳәм кәрхананың бирден-бир тариф сеткаларын ислеп шығыў ушын стандарт есапланады, оларда хызметкерлердиң түрли топарлары мийнетине ҳақы төлеўдиң тармақлар аралық бирден-бир шәртлери тармақ шәрт-шараятларына ҳәм белгили кәрханалардың шәрт-шараятларына, хызметкерлердиң кәсип-маманлық дүзилисине сәйкес келтирилиўи лазым. Тариф системасының тийкарғы элементлерине, сондай-ақ, қолайсыз климат регионларында ислегенлиги ушын регионаллық коэффициентлер ҳәм жумыс стажы ушын мийнет ҳақыға үстеме ҳақы төлеўи киреди. Регионаллық коэффициент кәрхана, шөлкемниң қай жерде жайласқанлығына қарай мийнет ҳақыны көбейтиўдиң норматив көрсеткишинен ибарат. Ол қайсы мийнет ҳақыға енгизилетуғын болса, сол тиккелей мийнет ҳақыға белгиленеди. Мийнет ҳақыны регионаллық тәртипке салыўдың тийкарғы ўазыйпасы мәмлекеттиң барлық экономикалық регионларында теңдей мийнет ушын теңдей реал мийнет ҳақы төлениўин тәмийинлеўден ибарат. Оның ушын бирдей маманлықтағы хызметкерлердиң мийнет ҳақы экономикалық регионлар бойынша парықланыўы лазым ҳәм буннан айырмашылықлар өз-өзинен емес, бәлким мәмлекет тәрепинен аңлы түрде ҳәм жобалы түрде белгилениўи керек. Регионның экономикалық-географиялық орнын баҳалаўда оның ири экономикалық орайларға қарағанда орнын, шийки зат, рекрацион мүмкиншилик дереклерине қарай орнын, регионаллық базарларға қарай орнын есапқа алған ҳалда топарларға ажыратылады. Өзбекстанда улыўма Ташкент регионы (Ташкент областы ҳәм Ташкент қаласы), Жиззақ, Сырдәрья, Самарқанд регионлары қолайлырақ экономикалық-географиялық орнын ийелейди. Агроклимат факторлары регионындағы қайта ислеў процессиниң барлық басқышларына актив тәсир етеди. Әсиресе, аграр сектордың жер бойынша қәнигелесиўинде бул факторлар роли жүдә үлкен болып, бул жағдай өз гезегинде аўыллық жерлерде мийнет етиў ушын қолайлы ямаса қолайсыз шәрт-шараятлар менен байланыслы. Мине усы шәрт-шараятлардан келип шыққан ҳалда Ташкент областында азық-аўқат егинлерин жетистириўге, Наўайы областында шарўашылық өнимин таярлаў, Сурхандәрья областында жиңишке талалы пахта жетистириўге қәнигелескен. Экстремал климат шараятындағы регионларда (Сурхандәрья областы, Қарақалпақстан Республикасы) мийнет етиў ҳәрекетиниң техникалық-экономикалық көрсеткишлери орташа климатлы зоналардағыға (Ферғана областы) қарағанда қолайсыз есапланады. Мийнет ҳақыны шөлкемлестириўде тәбийий-ресурс мүмкиншилиги пайдалы қазылма байлықлардың барлығы, рельефи, жер силкиниўге шыдамлылығы, жер-суў ресурсы сыяқлылар да әҳмийетли орын тутады. Тәбийий фактор өндирис географиясы ҳәм аўыл хожалық ҳәмде кән қазып алыў санаат өнимин тутыныўдың шеңберин белгилеп береди. Тәбийий ресурслардың орынласыўы ҳәм олардан пайдаланыўшы өндирислик кәрханалардың жайласыўы тәбийий фактор регионаллық өзгешелиги ҳәмде базар конъюнктурасына ҳәм мийнет ҳақы коэффициентине тәсир етеди. Тәбийий шараят ҳәм ресурслар басқа регионлардан капиталын (соннан, сырт ел капиталы) мүлкти меншиклестириўде қатнасыў ушын қосымша түрде тартыўда жәрдем бериўи ямаса керисинше, регион кәрханалары ҳәм халқындағы нақ пуллардың хожалық ҳәрекетин жүритиў ушын қолайлырақ басқа регионларға көшип өтиўин хошаметлеўи мүмкин болады ҳәм бул усы регионда хызмет көрсететуғын жумысшылер дәраматына тәсир етеди. Ресурс мүмкиншилиги дәрежесине қарай регионлар арасында Бухара, Наўайы, Ташкент ҳәм Қашқадәрья областлары ажыралып турады. Наўайы ҳәм Жиззақ областларында болса егин майданлары ҳәм суў ресурслары бир қанша дефицит болып есапланады. Экономикалық потенциал аймағында бар болған барлық ресурслар комлпексин жумысқа салған ўақыттағы регион запаслары ҳәмде мүмкиншиликлери менен сәўлеленеди. Экономикалық реформалар процесси ҳәм нәтийжелерине экономикалық мүмкиншиликтиң тийкарғы структуралық бөлимлери: өндирис, инфраструктура, соннан, базар инфраструктурасы, илимий-техникалық хызметкерлер, экспорт, рекрацион мүмкиншиликлер, регионлар аралық ҳәм ишки регионаллық өз-ара бирге ислесиў мүмкиншилиги күшли тәсир көрсетеди. Экономикалық мүмкиншилик дәрежесин өлшеўде ҳәм комплекс анализ, ҳәм эксперт баҳалаў усыллары қолланыўы зәрүр. Регионлар типологиясы экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың әҳмийетли қуралы болып табылады. Өзбекстан регионлардың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў дәрежесине қарай регионларды топарларға ажыратыў усылы белгили бир қызығыўшылықларды оятады (14.5-сүўрет). Өзбекстан регионларының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў дәрежесине қарай регионларды топарларға ажыратыў усылы 14.5- сүўрет. Регионлардың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў дәрежесине қарай регионларды топарларға ажыратыў усылы Регионаллық коэффициентлер тутыныў буйымлары баҳаларындағы парықты, товарлардың бюджет топламындағы парықты (ол тәбийий ықлым шараятындағы айырмашылықларға байланыслы болып, азық-аўқат, кийим-бас, жанылғы ҳәм усы сыяқлылардың өзине сәйкес топламын нәзерде тутады); тиккелей мийнет процесинде хызметкерге тәсир көрсетиўши ҳәм оның басқа климат шараятларындағы салыстырмалы физикалық күш бериўин күшетириўди келтирип шығаратуғын климат шараятларындағы парықты есапқа алыўды көзде тутады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling