15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- сүўрет. Мийнетке масласыў дүзилиси


Download 0.79 Mb.
bet50/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   198
Bog'liq
Miynet

12.10 - сүўрет. Мийнетке масласыў дүзилиси

Мийнетке масласыўда шахстың активлиги деп оның бул орталықты (соннан, ол өзгериўи керек болған нормалар, қәдриятлар, өз-ара қатнас формалары) өзгертиўге умтылыўы түсиниледи. Егер шахс бундай өзгерис киритиўге ҳәрекет етпесе, бул пассивлик болып табылады.


Масласыўдың өзине сәйкес факторлары объектив ҳәм субъектив болады.
Объектив факторларға төмендегилер киреди:
1. Социаллық-экономикалық факторлар (социаллық ҳәм кәсип топарларына тийислилик ҳәм соның менен байланыслы шәрт-шараятлар, мийнеттиң шөлкемлестирилиўи, мийнет ҳақы, маманлық ҳәм басқалар).
2. Мәдений-хожалық факторлар (турақ-жай шараятлары, ҳәрекетиниң өндирислик емес тараўы өзгешеликлери, соннан, ең тийкарғысы бос ўақытта өткериў формалары ҳәм басқалар).
3. Масласыўдың субъектив (шахсқа байланыслы) факторлары:

  • шахстың объектив, айрықша (социаллық-демографиялық) өзгешеликлери: жынысы, жасы, мағлыўматы ҳәм басқалар;

  • шахстың анық кәсиби, жумыс процессине муўапықлығын (муўапық емеслиги) белгилеўши жеке-психологиялық тәреплери. Оларға хызметкердиң умтылыўлары, жаңалықты қоллаўға таярлығы, өзин баҳалай алыўы сыяқлы өзгешеликлерин киритиў мүмкин.

4. Өндирис факторларына өндирис орталығына тийисли барлық өзгешеликлер киреди (12.11- сүўрет).
Ҳәзирги шараятларда олардан ең әҳмийетлилери төмендегилер:

  • кәсиплик оқытыў, асырыў ҳәм социаллық раўажландырыў шараятлары;

  • жәмәәттиң жаңа хызметкерди социаллық орталыққа тартыўдағы активлиги. Факторлардың бул топарына жәмәәтеги социаллық-психологиялық ықлымды киритиў мүмкин;

  • жаңа хызметкердиң кәрхана ҳәм хызмет нәтийжелеринен хабардарлығы. Бул мағлыўматлар жаңа хызметкерлерге брошюра ҳалындағы баспа материаллар ямаса көрсетпелер (өткериў ўақты белгиленеди) арқалы жеткериледи.

Бул ҳәм басқа мағлыўматлар ҳәм жаңа хызметкерлерге, ҳәм бул кәрханада ислеп турғанларға шөлкемлестириўшиликли түрде - жумысқа қабыл етилгенде, өндирислик тәлим даўамында, муғаллим ҳәм устазлар арқалы турақлы түрде жеткерип турылыўы жүдә әҳмийетли.
Жаңа хызметкерлерди кәрхана турмысына қосыў ислеп турған жәмәәт дөретиўшилик потенциалын сезилерли дәрежеде активлестириўге хызмет етиўи мүмкин.



12.11-сүўрет. Жаңа хызметкер ушын мағлыўматлар мазмуны

Баслық ушын болса оның кәрханасында жаңа жумысшылерди жумысқа масластырыў қандай шөлкемлестирилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар – жәмәәтти раўажландырыў дәрежеси, оның тығызлығы, ишки орталығы ҳаққында көп нәрсе айтыў мүмкин.


Жаңа жумысшы жумысқа қабыл етилген шөлкемдеги жумысқа масластырыў дәстүри болыўы жүдә әҳмийетли. Бул илаждың анық дүзилиси болмаса, ол тек ғана нәтийжесиз болып қалмай, бәлким артықша қәрежетлерди талап етеди. Себеби, ҳәр бир жаңа жумысшыни жумысқа масластырыў ўақытты, демек қаржыны талап етеди.
Жумысқа масластырыў дәстүриниң даўамлылығы ҳәм мазмуны шөлкем өзгешеликлери, жумыс қурамалылығы ҳәм хызметкердиң жеке сезимлерине байланыслы. Әдетте масласыўдың рәсмий дәстүрлери жумысшыниң сынаў мүддетин өтиў дәўири менен шегараланады.
Бирлемши жумысқа масластырыўдың өтиў графиги көплеген компания ҳәм фирмаларда қолланылып келинбекте.
Онда хызметкерге мийнет шәртнамасын дүзиў, ишки норматив ҳүжжетлерди үйрениў, хызмет ўазыйпалары ҳәм ҳуқықлары менен танысыў, фирманиң ҳәрекетин үйрениў, жумысшыни оқытыў ҳәм раўажландырыў ҳәмде мийнет ҳақы системасын үйрениў ҳәм усы сыяқлы ўазыйпалар белгиленеди.
Екилемши жумысқа масластырыўдың өтиў графиги басқа лаўазымға ямаса басқа бөлинбеге өтиў ушын жаңа хызмет ўазыйпаларын өзлестирип атырған хызметкерлер ушын ислеп шығылады. Ол бирлемши жумысқа масластырыўдан мүддети (2 ай) ҳәм ҳүжжетлер санының азлығы менен ажыралады. Себеби бундай хызметкер фирма тарийхы, оның шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм басқа мағлыўматлар менен таныс болады. Екилемши жумысқа масластырыўда тийкарғы итибар жаңа хызмет лаўазымы ўазыйпаларын орынлаў ушын зәрүр болған технологиялық ҳәм техникалық көрсетпелерге қаратылады.
Сынаў мүддети - шөлкем жаңа хызметкериниң жумысқа масластырыўдың тийкарғы дәўири. Бул мүддет тамамланғаннан кейин жумысшы таңланған хызмет ўазыйпасы ямаса жумыс орнына ылайықлығы ямаса ылайық емеслиги ҳаққында хабардар етилиўи керек.
Хызметкер сынаў мүддетинен жетискенликли өтиўи ушын бөлим баслығы:

  • жаңа жумысшы ушын жуўапкерди (устаз) бекитиўи ямаса бул ўазыйпаны өз мойнына алыўы;

  • жаңа жумысшыни ишки норматив ҳүжжетлер (нызамлар, көрсетпелер, қағыйдалар) менен толық таныстырыў;

  • айрықша жумыс орнын ажыратыў, бул жердеги жумыс қағыйдалары менен таныстырыў, тиккелей жумыс орнында инструктаж өткериў, анық тапсырмалар ҳәм көрсетпелер (жазба ҳалда болыўы мақул болады) бериў ҳәм орынланыўын турақлы түрде қадағалаў;

  • жеке өзи жаңа жумысшыни мийнет жәмәәтиниң барлық ағзалары менен таныстырыўы керек.

Сынаў мүддети пүткил дәўири ушын жаңа жумысшыге тапсырмалар белгиленип, олардың орынланыў нәтийжелилиги критериялары орнатылады.
Жаңа хызметкер сынаў мүддетин өтеўи ҳәм улыўма оны жумысқа масластырыў ушын зәрүр шәрт-шараятларды жаратыў мақсетинде:

  • ushbu процесслерди тәртипке салатуғын ҳүжжетлер топламы
    (хызмет ўазыйпасы ҳаққында көрсетпе, жумыс орны паспорты, машина-
    үскенелерди ислетиў бойынша көрсетпелер, бөлим дүзилиси ҳәм
    басқалар)ды таярлаў.

Өзбекстан Республикасы Мийнет нызамшылығы бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлеринде де жумысқа қабыл етиўде дәслепки сынаўға жол қояды. “Дәслепки сынаў мүддети үш айдан асып кетиўи мүмкин емес. Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик дәўири ҳәм жумысшы үзирли себеплерге қарай жумыста болмаған басқа дәўирлер дәслепки сынаў мүддетине киритилмейди. Дәслепки сынаўды өтеў ҳаққында мийнет шәртнамасында келисилген болыўы лазым. Бундай келисим болмаған жағдайда жумысшы дәслепки сынақсыз жумысқа қабыл етилген деп есапланады.
Ҳәмледар ҳаяллар, үш жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар, кәрхана ушын белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумысқа жиберилген шахслар жумысқа қабыл етилгенде, сондай-ақ алты айға шекем болған мүддетке жумысқа қабыл етиў ҳаққында жумысшылер менен мийнет шәртнамасы дүзилген жағдайларда дәслепки сынаў белгиленбейди”1.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling