15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жаңа жумысшылерди хызмет ўазыйпасына масластырыўдың структуралық бөлимлери


Download 0.79 Mb.
bet49/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   198
Bog'liq
Miynet

12.4. Жаңа жумысшылерди хызмет ўазыйпасына масластырыўдың структуралық бөлимлери


Жаңа жумысшылерди кәсипке масластырыў кәсипке бағдарлаўдың жуўмақлаўшы басқышы, кәсип бойынша мағлыўмат ҳәм мәсләҳәт бериў, персоналды таңлаў бойынша ҳәрекет нәтийжелилигин белгилеўши жуўмақлаўшы нәтийжелерден бири. Кәсипке масластырыўдың мақсети - жаңа хызметкер тәрепинен хызмет ҳәм жумыс ўазыйпасына тийисли билим ҳәм көнликпелерин ийелеп, олардан әмелиятта нәтийжели пайдалана алыўына ерисиў. Бул мақсеттиң нәтийжеси жаңа хызметкерди илажы барынша қысқа мүддетте шөлкемге интеграциялаў, оны өз мийнет ҳәрекетинде жетискенликке ерисиўге қызықтырыў ҳәм соның менен нәтийжелиликти тәмийинлеў.
Жумысқа масластырыў – еки тәреплеме процесс. Бир тәрептен, хызметкер кәрханаға жумысқа кирер екен, бундай қарарға келиўге белгили бир себеплер ҳәм бул қарар ушын жуўапкершиликке тийкарланған ақылға муўапық таңлаўға киреди. Екинши тәрептен, кәрхана хызметкерди белгили бир ўазыйпа ямаса жумысты орынлаў ушын өзине тийисли мәжбүриятлар алады.
Хызметкердиң жумысқа масласыўы еки структуралық: өндирис ҳәм өндирислик емес орталықларды өз ишине алады (12.10 - сүўрет).
Өндирислик емес (оны шөлкемлестириўшилик-мәдений деп те атайды) орталығы жумысқа масласыўға тиккелей тәсир көрсетеди.
Улыўма социаллық, шөлкемлестириўшилик шәрт-шараятлар инсанның өндирис процессине масласыўына унамлы ямаса унамсыз тәсир көрсетеди.
Өндирис (оны өндирис-шөлкемлестириўшилик деп те атайды) орталығы қурамалы дүзилисине ийе. Ол кәсиплик, психофизиологиялық, социаллық-психологиялық, шөлкемлестириўшилик масласыў, социаллық активлик тараўында масласыў, экономикалық масласыў сыяқлы мәселелерди қамрап алады.
Мийнетке масласыўдың тийкарғы түрлери. Мийнет орталығына кирисиў дәрежесине қарай, мийнетке масласыўдың еки бағдары (бирлемши ҳәм екилемши) ажыралады. Мийнетке бирлемши масласыў кәсип ҳәрекети тәжирийбесине ийе болмаған хызметкердиң биринши жумыс орнына масласыў. Екилемши масласыў деп болса кәсип ҳәрекетине ийе инсанның жумыс орны, кәсиби, хызмет ўазыйпасы, яғный ҳәрекет объектин өзгертиўге масласыўы түсиниледи.




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling