15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнетке масласыў факторлары, кәсип таңлаў ҳәм оған масласыў


Download 0.79 Mb.
bet45/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   198
Bog'liq
Miynet

12.2. Мийнетке масласыў факторлары, кәсип таңлаў ҳәм оған масласыў
Хызметкердиң мийнеттен қанаатланыўды, жәмәәттеги мораллық-психологиялық жағдайдан қанаатланыў дәрежесин мийнетке жетискенликли түрде масласыўдың бирлескен субъектив көрсеткиши деп есаплаў мүмкин. Көринип турғанындай, өндиристеги масласыў процесинде хызметкердиң жеке мүмкиншиликлери де әҳмийетке ийе. Хызметкердиң жеке мүмкиншиликлерине оның өзгешеликлери ҳәм сапалары киреди, олар қатнасық типин: өзине исениў, кирисимлик, өзин-өзи көрсете алыў қәбилети, салмақлылық, халыслық ҳәм усы сыяқлыларды қәлиплестиреди. Санап өтилген өзгешеликлер менен бир қатарда факторлар, мағлыўмат дәрежеси, тәжирийбе де әҳмийетли орын тутады. Тийкарынан, барлық критерияларға қарай масласыў дәрежеси ҳаққында да жуўмақ шығарыў мүмкин.
Егер кәсип туўры таңланған болса, масласыў (көнигиў) бир қанша тез ҳәм жетискенли түрде кешеди. Жаслардың кәсип таңлаў машқаласы ҳәм теориялық, ҳәм әмелий қызығыўшылық оятады. Бир тәрептен, онда жаслардың умтылыўлары ҳәм мақсетлерин көрсетсе, екинши тәрептен, бул мақсетлерин анық әмелге асырыў, жеке жобаларды жүзеге шығарыў өз көринисин табады. Кәсип таңлаў жаслардың жеке нийетлерин ҳәм қызығыўшылықларын анық мақсетке қаратылған ҳалда қәлиплестириў, бунда жәмийеттиң социаллық-экономикалық мүтәжликлерин есапқа алыў, жаслардың умтылыўлары ҳәм жеке жобаларын, оларды әмелге асырыў мүмкиншиликлери менен масластырыў арқалы басқарылады.
Бундай жумыстың белгили бир формасы кәсиплик таңлаў болып табылады. Кәсиплик таңлаў - илимий тийкарланған усыллар жәрдеминде инсанның жумысты орынлаўға медициналық, социаллық ҳәм психофизиологиялық жақтан жарамлығын қәлиплестириў дәрежеси ҳәм мүмкиншиликлерин анықлаў. Өндирис жәмәәтине енгизгенде кәсиплик таңлаў машқаласы инсанның кәсипке жарамлылығын анықлаўдан ибарат. Ол инсанның өзгешеликлери, қәбилетлери ҳәм масласыўлары жыйындысынан ибарат болып, ҳәрекеттиң белгили бир түри нәтийжелилигин ҳәм таңлап алынған кәсиптен қанаатланыў дәрежесин анықлайды.
Барлық адамлар да бул кәсипти бирдей дәрежеде өзлестириўге қәбилетли бола бермейди. Базылары көнликпелерди тез ийелеп, кәсиплик кәмилге ериссе, басқалар буған көп ўақыт жумсайды. Көбинесе созылып кеткен тәлим алыў процесинде айырым адамлардың таңланған тараўға қызығыўшылығы жоғалады ҳәм ол басқа ҳәрекет түрин таңлаўға мәжбүр болады. Кәсиплик таңлаўдың ўазыйпасы – таңланған кәсиптен қанаатланбаў нәтийжесинде ҳәмде хызметкердиң зәрүр қәбилетлери ҳәм масласыўдың жоқлығы себепли жумсаған қәрежетлерди қысқартыў, кемейтиўден ибарат.
Кәсиплик таңлаў еки басқышта әмелге асырылады (12.3- сүўрет):




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling