15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
XII-бап. ЖУМЫСШЫЛАРДЫҢ МИЙНЕТКЕ МАСЛАСЫЎЫ
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Мийнетке масласыў (көнигиў)
- Кәсиплик масласыў
- Социаллық-психологиялық масласыў
XII-бап. ЖУМЫСШЫЛАРДЫҢ МИЙНЕТКЕ МАСЛАСЫЎЫ
12.1. “Мийнетке масласыў” түсиниги, әҳмийети ҳәм дүзилиси Масласыў (адаптация) түсиниги латынша аdapto - масласыўшаң деген мәнисти билдиреди. Бул сөз биологиядан өзлестирилген болып, әтирап-орталыққа көнигиў, масласыў мәнислерин билдиреди. Мийнетке масласыў (көнигиў) – бул, шахс жаңа мийнет жағдайын өзлестириўдиң социаллық процесси болып, онда шахс ҳәм мийнет орталығы бир-бирине актив тәсир көрсетеди ҳәм масласыўшаң-масластырыўшы системалар есапланады. Инсанның белгили бир мийнет орталығына масласыўы оның реал қатнасығында, мийнет ҳәрекетиниң анық көрсеткишлеринде: мийнет нәтийжелилигинде, социаллық мағлыўмат ҳәм оның әмелде жүзеге шығарылыўында, активликти пайда етиўинде сәўлеленеди. Мийнетке масласыў бирлемши болыўы (хызметкердиң мийнет орталығына кирисиўинде) ҳәм екилемши (кәсипти алмастырған ҳәм алмастырылмаған ҳалда жумыс орнын алмастырыўында ямаса орталықтың қатаң түрде өзгериўинде) болыўы мүмкин. Олар қурамалы дүзилиске ийе болып, кәсиплик, социаллық-психологиялық, социаллық-шөлкемлестириўшилик, мәдений-хожалық ҳәм психологиялық масласыўдан ибарат (12.1- сүўрет). Кәсиплик масласыў - шахстың кәсиплик көнликпелери ҳәм маманлықларды белгили дәрежеде ийелеўинде, онда кәсиплик жағынан зәрүр айырым сезимлердиң қәлиплесиўинде, жумысшыниң өз кәсибине қарағанда турақлы унамлы қатнаста болыўыниң раўажланыўында сәўлеленеди; кәсип тараўындағы жумыс пенен танысыўында, кәсип шеберлиги көнликпелерин, шеберлигин ийелеўде, функционаллық ўазыйпаларды сапалы орынлаўында ҳәм мийнет тараўындағы дөретиўшиликте сәўлеленеди. Социаллық-психологиялық масласыў - мийнет шөлкеминиң (жәмәәти) социаллық-психологиялық өзгешеликлерин өзлестириўде, онда жүзеге келген өз-ара қатнасықлар системасына кириўде, оның ағзалары менен өз-ара унамлы бирге ислесиўде өз көринисин табады. Бунда жумысшы мийнет жәмәәтиниң өз-ара қатнасықлары системасына, оның дәстүрлери, турмыс нормалары, қәдриятлары, топардағы айырым ағзаларының социаллық-психологиялық көз-қараслары, өз-ара қатнасықлар дүзилиси, топардағы жетекшилар ҳаққында мағлыўматларға ийе болады. Жумысшы бул мағлыўматларды пассивлик пенен емес, бәлким жәмәәттиң алдыңғы социаллық тәжирийбеси, оның қәдриятлы бағдарлары менен биргеликте өзлестиреди ҳәм оларға баҳа береди. Егер мағлыўмат жумысшыниң алдыңгы тәжирийбесине, тутқан жолына сәйкес келсе, оның тәрепинен унамлы баҳаланады, жумысшы топардағы нормаларды қабыл ете баслайды ҳәм әсте-әсте шахстың мийнет жәмәәти менен уйғынласып барыў процесси жүзеге келеди. Жумысшы социаллық-психологиялық масласыў процесинде шөлкемниң реал турмысына кирип барады, онда қатнасады, хызметкерде кәсиплеслери, басшылары, администрация менен өз-ара унамлы қатнасықлар жүзеге келеди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling