15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
Үшинши топар нәгиранлық төмендеги жағдайларда белгиленеди:
– өзиниң алдыңғы кәсиби бойынша жумысты даўам етиў мүмкиншилигиниң жоқлығы ақыбетинде ден саўлықтың жағдайына қарай азырақ маманлық талап ететуғын басқа кәсиптеги жумысқа өткериў зәрүр болған жағдайларда (мәселен, жоқары маманлы слесардың қан айланысының I- ҳәм II-дәрежели турақлы бузылғанлығы себепли майда буйымларды жыйнаўшылық жумысына өткериў; оң қолдың II, III ҳәм IV бармақларының жоқлығы себепли жип ийириўши ҳаялды материал шетин туўрылаў жумысына өткериў); – зәрүрлик болғанда ден саўлығының жағдайына қарай өндирис ҳәрекети көлемин бир қанша қысқартыўға алып келетуғын өз кәсиби бойынша ислеў шараятларын өзгертиў (мәселен, трест бас есапшысының есте сақлаў қәбилетиниң пәсейиўи, дыққат-итибардың кемейиўи, астенизация ҳәм басқалар менен байланыслы серебрал артериосклерозға ушырағанлығы себепли киширек мекемеге есапшы етип жумысқа өткериў; көп станокта ислеўши тоқыўшы ҳаялды орташа аўырлықтағы қант диабети себепли 1-2 станокқа ислеўге өткериў ҳәм т.б.); – аз маманлы ямаса алдын ислемеген шахсларда белгилери көринип турған функционаллық бузылыўлар ақыбетинде олардың жумысқа жайласыў мүмкиншиликлери бир қанша шекленгенде (язва кеселлигине шалынған жәрдемши жумысшыни имарат ишиндеги вахтёрлық жумысына өткериў; мийнет маманлығына ийе болмаған, жүрек-өкпе кеселликлерине шалынған ҳаяллардың жумысқа жайласыўының қыйынлығы себепли олар нәгиранлар ушын мөлшерленген артел шараятларында қол мийнетиниң жеңил түрлеринде ғана ислеўи мүмкин ҳәм басқалар); – орынлайтуғын жумысқа қарамай, анатомик нуқсанлар ямаса функциялардың бузылыўына алып келиўши деформациялар бар болғанда (қоллардың нуқсанлары, қолдағы бас бармақтан тысқары қалған үш ямаса төрт бармақтың жоқлығы, аяқлардың нуқсанлары, жүрек нервиниң ямаса жүрек қалтасында басқа жыныстың бар болыўы, жақтағы ямаса таңлайдағы нуқсанлар, дем алыў жетиспеўшилиги). Соны да айтыў керек, үшинши топар нәгиранлық белгиленетуғын, бирақ узақ мүддет емлениўге мүтәж шахсларға екинши топар нәгиранлық белгилениўи мүмкин. Нәгиранлық пенсиялары мийнет қәбилетин толық ямаса ярымы жоғалғанда төмендеги жағдайларда белгиленеди: – мийнетте майып болғанда ямаса кәсип кеселлигине ушырағанда; – улыўма кеселлик (жумыс пенен байланыслы болмаған жарақатланыў, майыплық, балалықтан нәгиранлық) себепли. Мийнетте майып болғанда ямаса кәсип кеселлигине ушырағанда берилетуғын нәгиранлық пенсиялары жумыс стажына қарамай белгиленеди. Улыўма кеселлик себепли берилетуғын нәгиранлық пенсиялары нәгиранлық басланған ўақытқа шекем төмендегише жумыс стажына ийе болған жағдайда белгиленеди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling