15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Тариф системасы ҳәм оның тийкарғы элементлери
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 14.3 - сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкарғы элементлери
- .4-сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўдиң формалары
14.2. Тариф системасы ҳәм оның тийкарғы элементлери
Кәрханаларда мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкарғы элементлери - мийнетти нормалаў, тариф системасы, мийнет ҳақының формалары ҳәм системалары. Ҳәр бир элемент қатаң белгиленген ўазыйпасына ийе (14.3-сүўрет). Мийнетти нормалаў - бул илимий тийкарланған мийнет қәрежетлерин ҳәм оның нәтийжелерин: ўақыт нормалары, саны, хызмет көрсетиўдиң басқарылыўы, өним ислеп шығарыў нормаланған тапсырмалары нормаларын анықлаў. Булар болмаса, мийнет муғдарын, ҳәр бир хызметкердиң улыўма нәтийжелерге қосқан айрықша үлесин есапқа алып болмайды. Мийнет ҳақының формалары ҳәм системалары - бул мийнеттиң miqdоr нәтийжелери ҳәм сапасыgа (оның қурамалылығы, интенсивлиги, шәрт-шараятларыgа) байланыслы түрде мийнет ҳақыны белгилеў механизми. 14.3 - сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң тийкарғы элементлери Тариф системасы - бул түрли норматив материаллар комлпексинен ибарат болып, олар жәрдеминде кәрханадағы хызметкерлердиң мийнет ҳақы дәрежеси олардың маманлығына, мийнет шараятларына, кәрханалар орналасқан географиялық орны ҳәм басқа тармақ өзгешеликлерине қарай белгиленеди. Тариф системасының тийкарғы элементлерине тариф сеткалары, тариф ставкалары, тариф-маманлық мағлыўматнамалары, лаўазым айлықлары, хызметкерлер лаўазымларының тариф мағлыўматнамалары, тариф ставкаларына үстеме ҳәм қосымша ҳақылар, мийнет ҳақыға тийисли регионаллық коэффициентлер киреди. Тариф сеткасы - разрядлар шкаласынан ибарат болып, олардың ҳәр бирине өз тариф коэффициенти берилген ҳәм ҳәр қандай разрядтың тариф сеткасында жумыстың қурамалылығына қарай биринши разрядқа салыстырғанда жумыстың қанша дәрежеде қурамалылығын көрсетип турады. Биринши разрядтың тариф коэффициенти бирге тең. Разрядлар муғдары ҳәм оларға тийисли тариф коэффициентлериниң муғдары кәрханада дүзилетуғын жәмәәт шәртнамасында белгиленеди. Жәмәәт шәртнамасы тариф шәртнамасы тийкарында ислеп шығылады ҳәм хызметкерлер аўҳалының шәртнама шәртлерине қарай жаманласыўы көзде тутпаўы керек. Тариф ставкасы - жумыс ўақты бирлиги есабына мийнетке ҳақы төлеўдиң пул менен сәўлеленген абсолют муғдар. Биринши разряд тариф сеткасы ҳәм тариф ставкасы тийкарында кейинги ҳәр бир разрядтың тариф ставкасы есаплап шығылады. Биринши разрядтың тариф ставкасы кәрхананың жәмәәтлик шәртнамасы менен белгиленеди ҳәм бир тәрептен, оның финанслық мүмкиншиликлерине, екинши тәрептен, тармақ шәртнамасында көрсетилген мийнетке ҳақы төлеў шәртлерине байланыслы болады. Бунда ол белгиленген ең кем мийнет ҳақы дәрежесинен аз болмаўы лазым. Тариф ставкасы жумысшылар мийнетине ҳақы төлеў дәрежесин белгилеў ушын басланғыш муғдар есапланады. Бунда кәрханада мийнетке ҳақы төлеўдиң қандай формалары ҳәм системалары қолланылыўы итибарға алынбайды. Таңланған ўақыт бирлигине қарай тариф ставкалары саатпай, күнбай ҳәм бир айлық болып бөлинеди. Ең көп тарқалған саатпай тариф ставкалары болып, олар тийкарында түрли қосымша ҳақылар есаплап шығылады. Күнлик ҳәм айлық ставкалар саатпай ставкаларды жумыс сменасындағы саатлар санына ҳәм бир ай даўамындағы исленген орташа айлық саатлар санына көбейтиў жолы менен есаплап шығылады. Тариф-маманлық мағлыўматнамалары - норматив ҳүжжетлерден ибарат болып, олар жәрдеминде жумыс разряды ҳәм жумысшыниң разряды белгиленеди. Оларда ҳәр бир қәнигеликтеги ҳәр бир разряд жумысшыси теориялық ҳәм әмелий жақтан билиўи керек болған мағлыўматлар болады. Бул мағлыўматнамалар үш бөлимнен: “Жумыслардың тәрийплери”, “Билиўи керек” ҳәм “Жумысларға тийисли мысаллар”дан қуралады. Тариф-маманлық мағлыўматнамалары характеристикалық өзгешеликке ийе болып, олар тек пайдаланыўшы кәрхана ушын ғана норматив ҳүжжет есапланады. Маманлық разряды жумысшыге әдетте цех ямаса кәрхана маманлық комиссиясы тәрепинен бериледи. Мийнет ҳақыны есаплаў ушын қандай критерия тийкар етип алыныўына қарай (физикалық бирликлерде орынланған жумыс көлеми ямаса исленген ўақыт муғдары) кәрхана ҳәм шөлкемлерде мийнетке ҳақы төлеўдиң еки формасынан пайдаланылады: жумыспай (орынланған жумыс көлеминен) ҳәм ўақытпай (орынланған ўақыт муғдарынан) (14.4-сүўрет). Олардың ҳәр бири, бириншиден, өзиниң дүзилиси ушын айырым шәрт-шараятларға, екиншиден, өзиниң абзаллық ҳәм кемшиликлерине ийе.2 14.4-сүўрет. Мийнетке ҳақы төлеўдиң формалары Мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириў тараўындағы дәстүрий көз-қараслардан пайдаланыўшы кәрханалар жумысшылар мийнет ҳақының муғдары белгилеў ушын тариф сеткалары, тариф ставкалары ҳәм тариф-маманлық мағлыўматнамаларынан пайдаланады. Бундай кәрханаларда басқарыў мийнети хызметкерлери есапланыўшы хызметкерлер ушын штат-айлық системасы енгизиледи. Оның өзине сәйкес өзгешелиги штат кестесиниң дүзилисинен ибарат болып, онда белгили бир кәрханада бар болған лаўазымлар дизими, ҳәр бир лаўазым бойынша хызметкерлер саны ҳәм айлық муғдары көрсетиледи. Кәрхананың аттестация (сертификат бериў) комиссиясы лаўазымлардың маманлық мағлыўматнамаларынан пайдаланыў тийкарында аттестация процесинде хызметкерлерге маманлық топарларын береди. Хызметкерлер лаўазымларының маманлық мағлыўматнамасы айрықша усыныслардан қуралады. Ҳәр бир маманлық характеристикасы үш бөлимнен ибарат. “Лаўазым ўазыйпалары”, “Билиў керек”, “Маманлық талаплары”. Тариф-маманлық мағлыўматнамасы сыяқлы, хызметкерлер лаўазымларының маманлық мағлыўматнамасы характерли өзгешеликке ийе болып, кәрханалар олардан ықтыярлы түрде пайдаланыўы, оның бөлимлерине дүзетиўлер ҳәм өзгерислер киритиўи мүмкин. Хызметкерлерди аттестациядан өткерип турыўдың дәўирлигин кәрхана басшысының өзи белгилейди. Көплеген кәрханалар ҳәзирги ўақытта дәстүрий тариф системасы элементлери тийкарында мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириўдиң жаңа, жәнеде нәтийжелирек усылларын излеў жолынан бармақта. Бул унамлы ҳәдийсе болып, кәрханаларға өзлери қарап шығатуғын мәселелерди шешиўде ғәрезсизлик бериўдиң нәтийжеси. Кәрханада ислеўши барлық хызметкерлердиң мийнетке ҳақы төлеўди шөлкемлестириў ушын улыўма тариф сеткасынан пайдаланыў бир қанша кең ендирилмекте. Тариф сеткадағы разрядлардың ең көп муғдары ҳәм оларға сәйкес келиўши тариф коэффициенти белгили бир кәрханада ықтыярлы түрде белгилениўи мүмкин ҳәм әлбетте жәмәәтлик шәртнамасында беккемленип қойылыўы лазым. Мәмлекетимиз ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар нәтийжеси мийнет ҳақыны шөлкемлестириў, оның нәтийжелилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы ҳүкимети Бирден-бир тариф сеткасын (БТС) бир неше рет өзгертти. Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық Өзбекстанда биринши БТС 1993 жыл 1-январдан баслап мийнет ҳақыны шөлкемлестириўде пайдаланыла баслады. Бул киритилген БТС 28 разрядлы болып, онда БТС тан пайдаланыў бойынша барлық қағыйдалар ислеп шығылды. Мәмлекетте әмелге асырылып атырған экономикалық өзгерислер 1996-жылдан баслап 22 разрядлы БТС қа өтиўин талап етти. Жаңадан усыныс етилген БТС буннан алдын әмел еткен БТСтан айырмашылыққа ийе болмай, онда тариф коэффициентлериниң өсип барыў тенденциясы гүзетиледи (14.1-кесте). Бирден-бир тариф сеткасында төмен ҳақы төленетуғын жумысшылерди социаллық қорғаў мақсетинде жоқары разрядқа қарағанда төмен разрядларда бир қанша жоқары разрядлар аралық қатнасықлар көзде тутылған. Усы мақсетлерде, яғный тармақ бюджетиниң мийнет ҳақы бөлимин қорғаў ушын бирден-бир тариф сеткасы енгизилген еди, себеби басқа тармақларға қарағанда бул жерде қосымша қаржы ислеп табыў мүмкиншилиги аз. Мийнет ҳақы муғдарын анықлаў ушын ҳәр бир жумысшы өзиниң қайсы разрядқа тийислигин билиў ҳәм усы разряд коэффициентин минимал мийнет ҳақы муғдарына көбейтиў жолы менен табыўы мүмкин. Жумысшылер алатуғын жумыс ҳаққында тариф бойынша ҳақы төлеўдиң үлеси 90-95% дәрежесинде болып, тариф шәртлери жумыс ҳаққындағы әмелдеги парықларды да алдыннан белгилеп береди. Разрядлар бойынша ҳақы төлеў ставкаларын бөлиў БТС да хызметкерлер орынлайтуғын жумыслардың қурамалылығы ҳәм олардың маманлық белгиси бойынша әмелге асырылады. Жумыс ҳаққында басқа факторларды - нормал шараятлардан шетке шыққан мийнет шәрт-шараятларын (мийнеттиң улыўма тармақ шәрт-шараятлары буннан тысқары), мийнеттиң аўырлығы, әҳмийетлиги, норманы асырыўшы айрықша мийнет нәтийжелерин, хызметкерлердиң исшеңлик ҳәм жеке өзгешеликлерин ҳәм усы сыяқлыларды есапқа алыў мийнет ҳақыны шөлкемлестириўдиң басқа элементлери қуралында әмелге асырылады. Оларға қарай мийнет нормасы ушын ҳақы төлеў сыпатындағы тариф ставкасы (айлық) пүткил мийнет ҳақыны шөлкемлестириўдиң тийкары есапланады. БТСда қабыл етилген тариф коэффициентлериниң разрядқа қарай артып барыў өзгешелиги бар болып, бунда ең көп өсиў басланғыш разрядлар ушын, ең кем өсиў жоқары разрядлар ушын көзде тутылған. Бул кем квалификациялы жумысшылерди, яғный маманлы қәнигелер ҳәм басшыларға қарағанда кем мийнет ҳақы алатуғын хызметкерлерди социаллық қорғаў зәрүрлиги менен анықланады. Тармақлар БТСти ислеп шығыўда тарификациялаў ҳәм жумысшылар ҳәмде хызметкерлер мийнетине ҳақы төлеў бирден-бир шкаласының дүзилисине тийисли төмендеги принциплерге әмел етиледи: экономика тараўы хызметкерлериниң барлық топарларының бирден-бир тариф шкаласы менен қамрап алыў; жумысшы кәсиплери ҳәм хызметкерлер лаўазымлардың орынланып атырған ўазыйпалардың (функциялар) улыўмалық белгисине қарай топарға бөлиў; жумысшы кәсиплери ҳәм хызметкерлер лаўазымларын тарификациялаў, яғный оларды орынланатуғын жумыслар ямаса функциялардың қурамалылығы белгисине қарай мийнетке ҳақы төлеў разрядларына киритиў; разряд тариф ставкасының әпиўайы мийнет пенен шуғылланатуғын хызметкерлердиң ең кем мийнет ҳақы муғдары дәрежесине муўапық келетуғын етип ҳәм тариф коэффициентлериниң разрядтан разрядқа бирдей салыстырмалы артып барыўы тәртибинде белгилеў. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling