15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


жәнжелдиң кескин түс алыўы –


Download 0.79 Mb.
bet69/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   198
Bog'liq
Miynet

жәнжелдиң кескин түс алыўы – келиспеўши тәреплердиң өз даўалары әҳмийетин, оларды әмелге асырмаўы ақыбетлерин бөрттирип көрсетиўи;

  • жәнжелди қуры мақсет деп баҳалаў – келиспеўшиликти ойынға айландырыў, өз пикирин принцип дәрежесине көтериў, келисимниң қәдир-қымбатын жерге урыў деп билиў;

  • жәнжелден пайдаланыў, яғный қандайда бир мақсетке ерисиў шәрти сыпатында оннан мәпдарлық көбинесе субъектлерге сәйкес болған душпанлық қәўипи, оннан өз-өзин сәўлелендириў, қандайда бир жол тутыў усылы сыпатында пайдаланыў;

  • жәнжеллерге жеке түс бериў – объектив машқалаға жеке өзгешелик ҳәм әҳмийет бериў.

    Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң жоқарыда айтылған теориясы улыўма, болып, оны үш бағдарда ислеп шығыў мүмкин, яғный:
    - жумысшылер менен топарлар ортасындағы келиспеўшиликлер;
    - жумысшылер менен администрация ортасындағы келиспеўшиликлер; -
    - улыўма шөлкем менен сыртқы социаллық-экономикалық орталық ортасындағы келиспеўшиликлер.
    Қысқаша жуўмақ
    Мийнет тараўындағы жәнжеллер – булар шахслар ҳәм жумысшылер топары ортасындағы тиккелей социаллық соқлығысыўлар өзгешелигине ийе болған шөлкемлестириўшилик-мийнет қатнасықлары қарама-қарсылықлар.
    Мийнет тараўындағы жәнжел белгилериниң өзгешелиги ҳәм дәрежесине қарай ашық ҳәмде жабық түрдеги жәнжеллер болып бөлинеди.
    Мийнет тараўындағы жәнжеллердиң себеплерин дәслеп объектив ҳәм субъектив себеплерге бөлиў мүмкин.
    Мийнет жәнжеллерин шешиў - бул олардың себеплери ҳәм ақыбетлерин жоқ етиў процеси ямаса анық мақсетке қаратылған хызмет.
    Қадағалаў ҳәм додалаў ушын сораўлар
    1. Мийнет тараўындағы жәнжеллерге түсиник бериң.
    2. Қандай жағдайларда мийнет жәнжеллери келип шығады?
    3. Мийнет жәнжеллери түрлерине тийисли критерияларды көрсетип бериң.
    4. Мийнет жәнжеллериниң унамсыз ақыбетлери ҳаққында айтып бериң.
    5. Мийнет жәнжеллеринде қандай тәреплер қатнасады?
    6. Сиз мийнет жәнжеллериниң қандай себеплерин билесиз?
    7. Хызметкерлердиң жасы мийнет жәнжеллерине қандай тәсир етеди?
    8. Мийнет жәнжеллерин шешиў дегенде не түсиниледи?
    9. Мийнет жәнжеллерин шешиўдиң тийкарғы түрлерин айтып бериң.
    10. Мийнет жәнжеллерин шешиўдиң формаларын айтып бериң.
    Әдебиятлар

    1. Q.X.Abdurahmonov va N.T.Shoyusupova. Mehnat iqtisodiyoti: Ijtimoiy mehnat munosabatlari: Darslik. - T.: TDIU, 2011

    2. Экономика и социология труда. Учебник. Под ред. А.Я.Кибанова. –М.: ИНФРА-М, 2020. - 548 с.

    3. Қ.Х.Абдураҳмонов. Меҳнат иқтисодиёти. Дарслик. – Т. : Меҳнат, 2019. -763 бет.

    4. Ю.Г.Одегов, Г.Г.Руденко. Экономика труда. Учебник.-М.Волтерс Клувер,2020. - 800с.

    5. Экономика труда .Уч пос-е. Под ред. Абдурахманова К.Х.,Одегова Ю.Г.-Т. 2020, 459 с

    6. Q.X.Abdurahmonov, SH.R Хоlmo’minov, А.M.Аkbarov, А.B. Хаyitov. Mehnat iqtisodiyoti va sotsiologiyasi (o’quv qo’llanma) – Tошкент 2015. – 160 b

    7. www.stаt.uz (Өзбекстан Республикасы статистика комитети)

    8. www.Uzа.uz (Өзбекстан Миллий Мағлыўмат агентлиги)


    Download 0.79 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
  • 1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   198




    Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
    ma'muriyatiga murojaat qiling