15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Қун ҳәм натурал көрсеткишлер


Download 0.79 Mb.
bet77/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   198
Bog'liq
Miynet

Қун ҳәм натурал көрсеткишлер. Қун көрсеткишлерине дәраматлардың барлық көрсеткишлери ҳәм пул формасындағы басқа көрсеткишлер (товар айланысы, хызметлер, жүк тасыў көлеми, пул қойылмалары ҳәм жамғармалар) киреди. Натурал көрсеткишлер анық материаллық байлықлар ҳәм хызметлерди тутыныўдың натурал көрсеткишлердеги (кг, дана, кв.м, куб) муғдарын – азық-аўқат өнимлерин тутыныў, үй-жай, мәдений-хожалық товарлар менен тәмийинлениўин характерлейди.
Сан ҳәм сапа көрсеткишлер. Сан көрсеткишлери халық абаданшылығының сапа тәрепин тәрийплеп бериўге мүмкиншилик береди. Булар – байлықлар (товарлар), хызметлер, азық-аўқаттың тутыныў дүзилиси, тәлим, маманлық, узақ мүддетке пайдаланыў ушын мөлшерленген социаллық-хожалық предметлер менен тәмийинлениў дәрежеси.
Солай етип, халықтың турмыс дәрежеси улыўма, жеке, экономикалық, социаллық-демографиялық, объектив, субъектив, қун, натурал, сан ҳәм сапа көрсеткишлери менен анықланады.


11.3. Тутыныў бюджети ҳәм оның тийкарғы түрлери
Бар дәраматлар дәрежесиниң инсан ҳәм оның шаңарағы мүтәжликлери менен салыстырыў тийкарында тутыныў бюджети жатады.
Тутыныў бюджети – ең әҳмийетли материаллық байлықлар ҳәм хызметлер көлеми ҳәм дүзилисиниң қун көрсеткиши болып табылады. Фактли ҳәм нормативлик тутыныў бюджети болып ажыралады. Нормативлик тутыныў бюджети мәмлекет дәраматлар сиясатының социаллық нормалары болып, социаллық сиясатты өткериўде бағдар ролин ойнайды. Тутыныў бюджети ең аз, ақылға муўапық ҳәм элитар тутыныў бюджети сыяқлы стандартларда болып, мүтәжликлерди қанаатландырыўдың түрли дәрежелерин сәўлелендиреди (11.4-сүўрет).
Соны да айтып өтиў керек, мүтәжликлерди қанаатландырыўдың ең аз, орташа ҳәм турғын дәрежеси бар. Олардан бириншисине ең аз тутыныў бюджети муўапық келеди, ол мүтәжликлерди қанаатландырыўдың сондай дүзилиси ҳәм дәрежесин характерлейди, онда жәмийет оларға экономикалық раўажланыўдың бул басқышында ең аз дәрежеде жол қойса болады, деп есаплайды. Мүтәжликлерди қанаатландырыўдың екинши ҳәм үшинши дәрежесине (абаданшылық ҳәм турғынлық дәрежеси) ақылға муўапық (социаллық абаданшылық бюджети) ҳәм элитар тутыныў бюджетлери муўапық келеди. Бул бюджетлер орташа ҳәм жоқары (анағурлым жоқары) дәраматларға ийе адамлар тутыныўының дүзилиси ҳәм дәрежесине мөлшерленген.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling