15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Азық-аўқат өнимлери себети


Download 0.79 Mb.
bet80/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   198
Bog'liq
Miynet

Азық-аўқат өнимлери себети – бул бир айға бир адам ушын мөлшерленген (өнимлерди тутыныўдың ең аз нормалары тийкарында есаплап шығылған) азық-аўқат өнимлериниң топламы болып, ол физикалық мүтәжликлерге муўапық келеди, талап етилген тойымлылықты ҳәм тийкарғы азық-аўқат өнимлерине товарды ҳәм аўқатланыўды шөлкемлестириўдиң дәстүрий көнликпелерине әмел етиўди тәмийинлейди.
Азық-аўқат өнимлериниң ең аз топламын қәлиплестириўде халықтың түрли топарлары ушын азық-аўқат өнимлерине физикалық мүтәжликлер нормаларынан ҳәм Дүнья жүзи ден саўлықты сақлаў шөлкеми усынысларынан пайдаланылады. Соның менен бирге, аз тәмийинленген шаңарақлардағы ҳақыйқый өним тутыныўын есапқа алған ҳалда аўқатланыўдың жүзеге келген дүзилиси есапқа алынады, сондай-ақ, ең аз қәрежетлер ўақтында қанаатландырарлы аўқатланыўды шөлкемлестириўге мүмкиншилик бериўши өнимлер таңлап алынады (11.3-кесте).
11.3-кесте
Халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын азық-аўқат өнимлериниң ең аз топламы (1 жылда кг)

Өним түрлери

Мийнетке жарамлы жастағы халық

Пенсио-нерлер

Балалар

Еркек

Ҳаял

0-6 жас

7-15 жас

Нан өнимлери

177

124,9

119

64,4

112,3

Картошка

150

95,0

90,0

85,0

135

Овощлар

91,8

86,8

96,8

85,0

120,0

Мийўелер

18,6

14,6

13,6

34,4

44,4

Қантлы ҳәм кондитер өнимлер

20,8

19,8

18,8

19,7

26,1

Гөш өнимлери

34,8

28

22,7

18,7

33,5

Балық өнимлери

14,7

12,7

14,7

8,7

12,5

Сүт ҳәм сүт өнимлери

217,3

203,5

199,5

279

304,2

Мәйек, дана

180

150

90

150

180

Өсимлик майы, маргарин ҳәм басқа майлар

13

11

10,2

7

12

Басқа өнимлер (чай, дуз, приправалар)

4,88

4,88

4,15

2,925

4,015

Азық-аўқатлық емес өнимлериниң ең аз топламын қәлиплестириўде төмендеги принциплер есапқа алынады:


–жас өзгешеликлер ҳәм организмди әтирап-орталық тәсиринен қорғаўды есапқа алған ҳалда, турмысты шөлкемлестириў ушын халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарларының азық-аўқатлық емес товарларына мүтәжликлерин қанаатландырыў;
–аз тәмийинленген шаңарақлардың азық-аўқатлық емес товарлары менен тәмийинленгенлигиниң жүзеге келген дәрежеси;
–азық-аўқатлық емес товарларының ең аз жаңаланыўы, ең аз ҳәр қыйлылығы ҳәм төмен усақлап сатыў баҳасы, массалығы.
Азық-аўқатлық емес товарларының ең аз топламы жеке тәртипте пайдаланылатуғын товарлардан (кийим, аяқ-кийим ҳәм мектеп-жазыў товарлары) ҳәм улыўма шаңарақ товарларынан (простыня, көпшик, көрпе төсеклер, мәдений-хожалық ҳәм хожалық товарлары, биринши зәрүрли, санитария предметлери ҳәм дәрилер) tаshkil tоpаdi (11.4-кесте).
Кестеде көринип турғанындай, жеке тәртипте пайдаланылатуғын азық-аўқатлық емес товарларының ең аз топламы нормалары социаллық-демографиялық топарлар ҳәм үш жасаў регионы бойынша бөлинеди, улыўма шаңарақта пайдаланыў товарларының ең аз топламы болса улыўма мәмлекет бойынша бир орташа статистикалық шаңараққа көрсетилген. Мысал сыпатында орташа ықлым регионында жасаўшы мийнетке жарамлы жастағы ҳаяллар ушын жеке тәртипте пайдаланылатуғын азық-аўқатлық емес товарларының ең аз топламы ҳәм ескериў мүддетлерин келтиремиз: қысқы пальто (8 жыл), жеңил пальто (7 жыл), плащ (7 жыл), ярым жүн көйлек (5 жыл), еки жип гезлеме көйлек (5 жыл), халат (5 жыл), еки блузка (5 жыл), юбка (5 жыл), жемпир (5 жыл), спорт кийими (3 жыл), үш колготка (1 жыл), ишки кийим, қысқы етик (5 жыл), гүзги етик (3 жыл), гүзги туфли (1,5 жыл), жазғы туфли (1,5 жыл), тапочка (3 жыл), резина аяқ кийими (5 жыл), норка шапка (8 жыл), жүнли шапка (4 жыл), шарф (6 жыл), еки трикотаж қолғап (3,5 жыл).



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   76   77   78   79   80   81   82   83   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling