15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 11.6-сүўрет . Халық дәраматларының дүзилиси
- Жәми дәраматлар
- Номинал дәраматлар
- Өз ықтыярындағы дәраматлар
- Реал дәраматлар
Социаллық трансфертлер – бул эквивалент алынбай турып жәмийетке әмелге асырылатуғын пуллық ямаса натурал (хызметлер ямаса товарлар көринисиндеги) төлемлер болып табылады. Социаллық трансфертлер төлеминиң мақсети – социаллық қорғаў ҳәм халық турмыс сапасын асырыў, сондай-ақ, мәмлекеттеги инсан ресурслары мүмкиншиликлерин раўажландырыў. Социаллық трансфертлердиң типик үлгилери пенсия, напақа, социаллық жәрдем, стипендия, социаллық жамғармалар ямаса басқа дереклер қаржыларынан басқа төлемлер ҳәм хызметлер. Социаллық трансфертлер төлеми ушын қаржылар дереклери мәмлекет ҳәм жергиликли бюджетлер, социаллық қамсызландырыўдың бюджеттен тысқары жамғармалары, жәмәәт шөлкемлери қаржылары болып табылады.
Халық дәраматлары қәлиплесиўиниң тийкарғы принциплери төмендегилер есапланады: –мийнетке қарай (оның нәтийжелери ҳәм қәрежетлерине қарай) бөлистириў принципи; –мүлкке қарай бөлистириў принципи (әҳмийети соннан ибарат, мүлктиң ҳәр қандай түрине ийелик етиў дәрамат алыўды мөлшерлейди); –социаллық кепилленген нормалар бойынша бөлистириў принципи (барлық жәмийет ағзаларына, биринши гезекте, халықтың социаллық жағынан жақсы қорғалмаған қатламларына социаллық қорғаўдың белгили бир дәрежесин усыныў). 11.6-сүўрет. Халық дәраматларының дүзилиси Халықтың жеке дәраматларын анализлеўде “жәми”, “номинал” ҳәм “реал” дәраматлар сыяқлы түсиниклерди қоллаў мүмкин. Жәми дәраматлар – бул жеке тутыныўға жеке жәрдемши хожалықтан натурал түсимлер баҳасын ҳәм халыққа социаллық фондлар есабына бийпул ҳәм жеңилликли хызметлер баҳасын есапқа алған ҳалда кириминиң барлық дереклери бойынша пул дәраматларының улыўма жыйындысы. Халық жәми дәраматлары дүзилиси 11.6-сүўретте көрсетилген. Номинал дәраматлар халық пул дәраматларының салық ҳәм төлемлер төлеўге шекем ҳәм баҳалардың өзгериўине қарамай дәрежесин сәўлелендиреди. Бул дәрамат турмыс дәрежесин анықламайды. Өз ықтыярындағы дәраматлар салықларды төлеў ҳәм мәжбүрий төлемлеринен кейинги, халық ықтыярында ҳақыйқаттан да қалатуғын, ақырғы тутыныў ушын жумсаў мүмкин болған дәрамат есапланады. Халықтың өз ықтыярындағы дәраматын төмендегише классификациялаў мүмкин (11.8- сүўрет). Солай етип, халықтың жәми ҳәм пул дәраматлары улыўма – салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди төлеўге шекем болғанларға ҳәм ойлағанына – көрсетилген төлемлерди әмелге асырыўдан кейинги нетто дәраматқа бөлинеди. Реал дәраматлар – баҳа дәрежеси өзгериўин есапқа алып, халықтың ықтыярында болған дәраматқа сатып алыў мүмкин болған товар ҳәм хызметлер муғдарын көрсетеди. Реал дәраматлар тутыныў товарлары ҳәм хызметлери ушын баҳалар динамикасына байланыслы болады, яғный олар өз ықтыярындағы дәраматлар ҳәм баҳалардың өсиў ўақтында пәсейеди. Реал ҳәм номинал дәраматлар ортасындағы айырмашылық инфляция, салықлар, төлемлер есабына пайда болады. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling