15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Шөлкемниң дивиденд сиясаты


Download 0.79 Mb.
bet87/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   83   84   85   86   87   88   89   90   ...   198
Bog'liq
Miynet

Шөлкемниң дивиденд сиясаты. Дивиденд сиясатының әҳмийети ҳәм оның түрлериниң әҳмийетин аңлаў ушын дәслеп “дивиденд” түсинигин ол орынлаўшы ўазыйпалар арқалы билиў лазым. “Дивиденд” биз ушын жаңа түсиник деп болмайды, себеби алдыңғы ўақытларда хызметкерлерди финанслық есабат жылы тамамлағаннан соң “он үшинши айлық” пенен тәғдирлеў тәжирийбеси бар еди. Бирақ, бул тек ғана шәртли салыстырыў, себеби “он үшинши айлық” хошаметлеў усылы сыпатында тек ғана бул кәрхананың хызметкерлерине, дивидендлер болса – акциялардың барлық ийелерине төленерди. “Он үшинши айлық” – бул көбирек жеңилликли акцияларға уқсас нәрсе есапланады.
Өзбекстанда акционерлик жәмийетлер бар болыў дәўири онша үлкен емес, соның ушын жүзеге келген дивиденд сиясаты ҳаққында айтыўға ерте. Бирақ, кәрхана алдында “топлаў ямаса тутыныў” альтернативалары пайда болыўының өзи қарар қабыл етиўдиң барлық факторларын ҳәм ақыбетлерин билиў ҳәм есапқа алыўды талап етеди. Улыўма алғанда, дивиденд сиясаты астында инвестор-акционерлердиң де, фирма-эмитентлердиң де мәплерин есапқа алыўдың шәртлигин көзде тутады. Бул мәплер бир-биринен тек ғана ажыралыўы менен емес, бәлким бир-бирине тиккелей қарама-қарсы болыўы да мүмкинлиги түсиникли. Дивиденд сиясаты инструментлерин қәлиплестириў ўақтында акционерлик жәмийетиниң мақсети қымбат баҳалы қағазлардың (акциялар) айрықша шығыўын табыслы жайластырыў, эмиссия дәраматы ҳәм мүмкиншиликке қарай дивидендлер төлеми ушын мөлшерленген акционерлик жәмийети қаржыларын раўажландырыўға көбирек бағдар алыў болып табылады.
Мийнет ҳақы. Мийнет ҳақыны мийнеттен пайдаланыў ушын, хызметкерлердиң мийнеттеги хызметлери ушын төленетуғын баҳа сыпатында белгилеў мүмкин. Турмыста мийнет ҳақы хызметкер өз қәрежетлери ҳәм мийнет нәтийжелерине муўапық алатуғын ҳәм турмыстың белгили дәрежесин тәмийинлеў ушын пайдаланатуғын пул қаржыларының белгили муғдары сыпатында түсиниледи.
Мийнет ҳақы ҳуқықый категория сыпатында – дүзилген мийнет шәртнамасы шәртлерине муўапық өз ўазыйпаларын орынлаған хызметкер мийнетине ҳақы төлеў болып табылады.
Мийнет ҳақы мийнет баҳасының өзгертилген формасы болып, оның қуны төмендегилер менен белгиленеди:

  • жумысшы күшиниң қайта тиклениўин тәмийинлеўши турмыс байлықлары қуны менен;

  • мийнет базарында (оның тийисли сегменти көлеминде) талап ҳәм усыныстың өз-ара қатнасы менен;

  • жумысшы күшиниң экономикадағы ҳәрекети өнимдарлығы менен белгиленеди.

Мийнетке ҳақы төлеў ислеп шығарылған өним ямаса көрсетилген хызметлер ушын, соннан, демалыс, байрам күнлери ҳәм басқа исленбеген ўақыт ушын мийнет нызамлары ҳәм жәмәәт шәртнамаларына муўапық турақлы түрде алынатуғын ҳақы болып табылады. Пул дәраматларының бул түри жумыс тәртиби ҳәм мийнет шараятлары менен байланыслы хошаметлеўши төлемлер, үстеме ҳақылар, сыйлықлаўлар ҳәм бир мәрте берилетуғын, хошаметлеўши төлемлерди, сондай-ақ, азық-аўқат, үй-жайға турақлы өзгешеликке ийе төлемлерди өз ишине алады.
Жумыс бериўши көз-қарасынан хызметкерлердиң мийнет ҳақы жумысшы күшин сақлаўға қәрежет ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасы дәрежеси ҳәм пайданың бир бөлими болып табылады. Бирақ, мийнет ҳақыны инсан капиталына инвестициялар деп баҳалаў мүмкин, оннан пайдаланыў келешекте фирма дәраматын қатаң түрде асырыўы мүмкин.
Экономиканың мәмлекет секторында (бюджет ҳәм басқа тараўлар) төленетуғын мийнет ҳақы мәмлекет, муниципал басқарыў органлары менен тәртипке салынады, бизнес ҳәм исбилерменлик секторларында төлениўши мийнет ҳақы ҳәм оның дәрежеси белгили бир бизнес-структура исбилерменлик ҳәрекетиниң жетискенлигине байланыслы болады ҳәмде базар экономикасы нызамларына қарай қәлиплеседи. Экономиканың базар секторларында хызметкерлерди жумысқа жаллаў рекрутинг компаниялар ҳәм фирмалар жәрдеминде әмелге асырылады, онда ҳәр бир коммерциялық дүзилиси талап дәрежесиндеги шеберликке ийе қәниге тутыныў себетшесиниң дәраматтың берилиўши социаллық пакетлер менен қәлиплесиўинде актив қатнасады. Бул “жумысшы күши баҳасын” белгилейди, буған перзентти сырт елде оқытыў баҳасы, коттеж баҳасы, BMW ҳәм басқа коммерциялық трансфертлер кириўи мүмкин.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   83   84   85   86   87   88   89   90   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling