15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Халық дәраматларының түрлери ҳәм оның дүзилиси
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Факторлар теориясына муўапық дәрамат түрлери.
11.5. Халық дәраматларының түрлери ҳәм оның дүзилиси
Халық дәраматлары, олардың дүзилиси, алыў дереклери ҳәм қатламласыў дәрежеси жәмийет социаллық ҳәм экономикалық абаданшылығының ең әҳмийетли көрсеткиши. Дәраматлар инсанның жеке мүтәжликлерин қанаатландырыўдың тийкарғы дереги болып хызмет етер екен, дәрамат кеңирек түсиникке ийе болып, халық турмыс дәрежесиниң орайлық буўыны, ядросы болып табылады. Дәрамат дегенде нени түсиниў, олардың түрлери ҳәм тийкарғы алыў дереклериниң қандай екенлигин билиў әҳмийетке ийе. “Дәрамат” түсиниги жүдә қурамалы экономикалық категорияны көрсетеди. Бул орында гәп халықтың жеке дәраматлары ҳаққында кетеди. Дәслепкиси сыпатында халық жеке дәраматларының төмендеги тәрийплерин келтириў мүмкин. Жеке дәраматлар – бул инсан тәрепинен пул ҳәм натурал формада алынатуғын, олар тәрепинен турмыстың белгили бир дәрежесин тәмийинлеў ушын пайдаланылатуғын қаржылар комплекси болып табылады. Егер “жеке дәраматлар” тәрийпинде биз олардың қәлиплесиў дереклерин айтатуғын болсақ, онда ол төмендеги тәризде сәўлеленеди. Жеке дәраматлар – пуқаралардың мийнет ҳәрекетинде қатнасы, өндирис ҳәм басқа байлықлардың қәлеген түрине ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў, сондай-ақ, бул мәмлекеттиң нызамлы ҳүжжетлерине муўапық социаллық трансфертлер төлеми қойылған социаллық топарларға тийислилиги менен байланыслы барлық пул ҳәм тәбийий түсимлер жыйындысы. Экономистлер жеке дәрамат дереклерин түрли көрсетеди, бирақ улыўма жуўмақ сонда, ҳәр бир өндирис факторы жеке дәраматлардың белгили бир түри менен байланыслы. Факторлар теориясына муўапық дәрамат түрлери. Факторлар теориясына муўапық тийкарғы өндирис факторлары төмендегилер: –тәбийий байлықлар (жер ҳәм тәбийий байлықлар); –инвестиция байлықлары; –мийнет; –исбилерменлик ҳәрекети. Ҳәр бир санап өтилген факторларға дәрамат – рента, пайда, мийнет ҳақы, исбилерменлик дәраматының басланғыш формасын алады (11.5 -сүўрет). Соның менен бирге, ҳәр бир факторына дәрамат, теорияға муўапық, кәрхана тәрепинен өним сатылғаннан кейин алынған дәраматқа бул фактордың қосқан ақырғы үлесине тең. Тек ғана ақырғы өндирис теориясынан келип шыққан ҳалда, әмелде дәраматлардың бундай бөлиниўи ҳақыйқаттан болыўы мүмкин емес, себеби:
Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling