15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet79/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   ...   198
Bog'liq
Miynet

нормативлик – бюджет айрықша товар ҳәм хызметлер (нормативлик тутыныў себети) ҳәм олардың реал қуны тийкарында белгиленеди. Ислеп шығарылып атырған бюджет түрине байланыслы түрде нормалар ең аз ҳәм орташа дәрежеде болады.

  • статистикалық – бюджет мәмлекет халқының белгили қатламларының өз ықтыярындағы дәраматлары дәрежесинде белгиленеди. Мәселен, тиришилик минимумы бюджети ушын мәмлекеттиң 20% ең кәмбағал пуқаралары дәраматлары қабыл етиледи. Элитар тутыныў бюджетлерин орнатыў ушын мәмлекеттиң бай адамлары дәраматлары тийкар болыўы мүмкин.

  • бирлестирилген (нормативлик-статистикалық) – азық-аўқатқа жумсалатуғын қәрежетлердиң тутыныў нормалары бойынша, қалған бөлимлер болса статистикалық жол менен белгиленеди.

  • субъектив – бар бюджеттиң зәрүрли дәрежеси жәмәәтшилик пикири ҳәм экспертлери сораўы тийкарында белгиленеди.

  • резервли – мәмлекеттиң бул дәўирде ең аз тутыныў бюджетиниң ямаса тиришилик минимумы бюджетиниң белгили дәрежесин тәмийинлеў мүмкиншиликлеринен келип шыққан ҳалда белгиленеди.

    Түрли стандартлардағы тутыныў бюджетлери төмендеги ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлейди:

    • халықтың ерисилген ҳәм болжаныўшы турмыс дәрежесиниң объектив баҳаланыўын тәмийинлейди;

    • мәмлекет дәраматлар сиясатын ҳәм бөлистириў қатнасықлары системасын тийкарлаўға жәрдем береди;

    • жәмийеттеги социаллық бөлистирилиўиниң ҳәм айрықша социаллық топарлар экономикалық аўҳалының анализин тәмийинлейди;

    • мәнзилли социаллық сиясат ушын тийкар, белгили бир шаңарақлар экономикалық аўхалының критериясы ҳәм аз тәмийинленген шаңарақ дәраматлары ҳәмде тутыныўды тәртипке салыў ушын бағдар болады.

    Тиришилик минимумы бюджети узақ ўақытқа шекем нормативлик-статистикалық жантасыў тийкарында ислеп шығылған. Бир қатар мәмлекетлерде “Тиришилик минимумы ҳаққында”ғы Нызамға тийкарынан оны қәлиплестириўдиң нормативлик усылларына өтиў көзде тутылады. Нызам талапларына муўапық, мәмлекет субъектлеринде халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын тутыныў себетин белгилеў бойынша методикалық усыныслар ислеп шығылады. Көрсетилген усыллар бойынша тутыныў бюджетиниң барлық бөлимлери туўры есаплар менен – тутыныў нормалары ҳәм олардың ҳақыйқый қуны тийкарында белгиленеди. Методикалық усыныслар төмендегилерден ибарат:

    • инсанның саламатлығы ҳәм турмыс ҳәрекетин сақлаў ушын зәрүр болған азық-аўқат өнимлери, азық-аўқатлық емес товар ҳәм хызметлериниң ең аз топламын қәлиплестириў принциплери ҳәм тәртиби;

    • субъектлер тәрепинен азық-аўқат өнимлерин, азық-аўқатлық емес товарлары ҳәм хызметлерин тутыныўдың тәбийий-ықлым шараятлары ҳәм жергиликли өзине сәйкесликлерин есапқа алыўға жантасыўлар;

    • субъектлер бойынша халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын азық-аўқат өнимлери, азық-аўқатлық емес товарлары ҳәм хызметлериниң ең аз топламлары (тутыныў нормалары).

    Азық-аўқат өнимлери, азық-аўқатлық емес товар ҳәм хызметлер тутыныўының ең аз нормалары төмендегилерди есапқа алған ҳалда белгиленеди:

    • тутыныў муғдарлары ҳәм инсанның саламатлығы ҳәмде турмыс ҳәрекетин сақлаў ушын зәрүр болған товарлар ҳәм хызметлер дизими бойынша илимий усыныслар;

    • мүтәж шаңарақларда азық-аўқат өнимлери, азық-аўқатлық емес товар ҳәм хызметлерди тутыныўдың реал муғдарлары;

    • халық дәраматлары дәрежеси, халық дүзилиси ҳәм жасы-жынысы дүзилисин, шаңарақлардың муғдары ҳәм дүзилисин характерлеўши социаллық-экономикалық ҳәм демографиялық факторлар;

    • мәмлекеттиң халық социаллық қорғаўын тәмийинлеў бойынша финанслық мүмкиншиликлер.

    Соны да айтып өтиў керек, бул бюджеттиң барлық нормалары халықтың социаллық-демографиялық топарлары (0-6 жастағы балалар, 7-15 жастағы балалар, мийнетке жарамлы еркеклер ҳәм ҳаяллар, пенсионерлер) бойынша, сондай-ақ, жасаў регионлары бойынша бөлинеди – азық-аўқат өнимлерин тутыныў нормалары ҳәр бир регионда айрықша ислеп шығылады, азық-аўқатлық емес өнимлериниң ең аз топламлары болса суўық ҳәм кескин континентал ықлымлы, орташа ықлымлы, ыссы ықлымлы үш жасаў зонасы өзине сәйкеслерин есапқа алған ҳалда ислеп шығылады.
    Тиришилик минимумы бюджетинде әҳмийетли орын азық-аўқат өнимлери себети тийисли.

    Download 0.79 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
  • 1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   ...   198




    Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
    ma'muriyatiga murojaat qiling