15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Турмыс дәрежеси көрсеткишлери системасы
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 11.2-кесте Халық турмыс дәрежесиниң тийкарғы көрсеткишлери
Турмыс дәрежеси көрсеткишлери системасы. Турмыс дәрежеси инсан (халық) турмысы ҳәм ҳәрекети ҳаққында түсиник бериўши көрсеткишлер системасы менен белгиленеди.
Турмыс дәрежесин характерлеўши көрсеткишлер ҳәр қыйлы ҳәм турмыс дәрежеси концепциясы менен тығыз байланыслы. Базы ең әҳмийетли көрсеткишлер 11.2-кестеде көрсетилген. Турмыс дәрежесин адамлардың экономикалық ҳәм материаллық шараятлар ҳәмде мүмкиншиликлер есабына ерисилетуғын, тутыныў арқалы әмелге асырылатуғын, ең дәслеп, дәраматлар дәрежеси ҳәм турмыс мазмунының (қунының) өз-ара қатнасы менен белгилениўши материаллық ҳәмде руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў дәрежеси сыпатында қабыл етиў керек. 11.2-кесте Халық турмыс дәрежесиниң тийкарғы көрсеткишлери
Дерек: Қ.Х.Абдурахмонов, X.X.Абдураманов. Халық турмыс тәризи ҳәм дәраматлары: Оқыў қолланба - T.: ТДИУ, 2011 Турмыс дәрежеси дәраматлар дәрежесиниң тутыныў ҳәм турмыс байлықлары менен тәмийинлениў өзгешеликлери менен биргеликте турмыс мазмунына қатнасы болып, бул өзгешеликлер бул қатнас пенен белгиленеди. Әмелий есап-санақлар ушын ҳәтте төмендеги улыўма тәризде берилген тәрийп те жетерли болыўы мүмкин: халық турмыс дәрежеси – бул дәраматлар дәрежесиниң турмыс мазмунына қатнасы. Дәраматлар дәрежеси бул орында ийелигиндеги байлықлар көрсеткиши менен сәўлеленеди, себеби оған күнделикли дәраматлардан тысқары топланған жамғармалар да қосылады. Бирақ, есапларының аңсат болыўы ушын орташа жан басына туўры келетуғын пул дәраматының көбирек тарқалған көрсеткишлеринен де пайдаланыў мүмкин. Турмыс мазмуны ақылға муўапық тутыныў бюджети, (турмыс мазмуны индекслери жәрдеминде есапланыўшы) тутыныў себетиниң тиришилик минимумы жәрдеминде есапқа алыныўы мүмкин. Ҳәзирги күнде ең аз тиришилик муғдары турақлы, соның менен бирге, халықтың түрли топарлары ҳәм мәмлекет регионлары ушын есап-санақ болыўы итибарға алып, оны ҳақыйқый есап-санақларда қоллаў бир қанша қолайлы болды. Солай етип, ол турмыс дәрежесиниң бул тәрийпине муўапық болған ең қолайлы көрсеткиши орташа жан басына туўры келетуғын пул дәраматы Dpcа ҳәмде орта есапта көрсетилген тиришилик минимум minа қатнасы: (11.1), Халықтың түрли топарларын (мәселен, мийнетке жарамлы жастағы халық, пенсионерлер, балалар) есапқа алған ҳалда, дәраматлардың жәми мәниси ҳәм тиришилик минимумлары жыйындысы арқалы турмыс дәрежеси төмендеги формула жәрдеминде анықланады: (11.2), Әлбетте, жоқарыда тек ғана тийкарғы, ядро конструкция көрсетилген, оған турмыс шараятлары ҳәм халықтың социаллық тәмийинлениў өзгешеликлери, соннан, үй-жай шараятлары, социаллық тараў ҳәм социаллық инфраструктура элементлерин раўажландырыў ҳәмде турмыс дәрежесиниң тийкарғы көрсеткишлери көлеминен тысқарыға шығыўшы ҳәм турмыс сапасы көрсеткишлери менен кесилисип өтиўши базы бир басқа өзгешеликлерин де қосыў зәрүр. Булардан тысқары, соны да айтып өтиў керек, гәп бул жерде тек ғана экономикалық ҳәм есаплаў-статистикалық категория сыпатындағы турмыс дәрежеси ҳаққында кетип атыр. Турмыс дәрежесин кеңирек түсиниў, оны халық турмыс тәризи ҳәм сапасы, мүлк пеен тәмийинлениў өзгешелиги, социаллық жағдайы, сиясий-идеологиялық бағдар ҳәм абзаллықлар менен байланыслықта көрип шығыўды талап етеди. Турмыс дәрежеси инсан (халық) турмысы ҳәм ҳәрекетиниң қандайда бир тәрепи ҳаққында түсиник бериўши көрсеткишлер системасы менен белгиленеди. Турмыс дәрежеси ҳаққында толық түсиникке ийе болыў ушын халық дәраматларын ҳәм оның мүтәжликлерин, тутыныў дәрежеси ҳәм дүзилисин, үй-жай, мүлк, мәдений-хожалық буйымлары менен тәмийинленгенлигин ҳәм басқа көплеген тәреплерди бир бирликте үйрениў зәрүр. Турмыс дәрежесин характерлеўши көрсеткишлер ҳәр қыйлы. Дәслеп, халықтың турмыс дәрежеси көрсеткишлери улыўма ҳәм жеке көрсеткишлерге бөлинеди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling